Ҳәзирги ўақытта космослық технологиялар арқалы алынатуғын мағлыўматлар жасалма интеллект жәрдеминде талланбақта ҳәм бул ҳәр қыйлы тараўлардағы машқалаларды жедел ҳәм анық түрде анықлаў имканиятын бермекте. Атап айтқанда, жасалма жолдаслар тәрепинен узатылып атырған мағлыўматлар тийкарында қоршаған орталықта жүз берип атырған өзгерислер - тоғайлардың нызамсыз кесилиўи, атмосфераға метан газиниң шығып кетиўи сыяқлы экологиялық қәўип-қәтерлер өз ўақтында анықланып, оларды сапластырыў бойынша зәрүр илажлар ислеп шығылмақта.
Соның менен бирге, қуяш панеллериниң ислеў нәтийжелилигин бақлаў, жол қапламаларының техникалық жағдайын баҳалаў, темир жол ҳәм электр тармақларында жүз бериўи мүмкин болған насазлықлар және артықша жүклемелерди алдыннан анықлаў ҳәм таллаў жумыслары да жедел түрде әмелге асырылмақта. Бундай имканиятлар тек ғана энергетика ҳәм транспорт тараўларында нәтийжелиликти арттырыўға емес, ал инсан қәўипсизлигин тәмийинлеў, экономикалық жоғалтыўларды азайтыў ҳәм машқалаларға оператив мүнәсибет билдириўге хызмет етпекте.
Инфраструктураны дурыс басқарыў ҳәм стратегиялық режелестириў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда да космослық мағлыўматларға сүйенген ҳалда кең көлемли жумыслар исленбекте.
Космослық мониторинг бүгинги күнде елимизде де жаңа экономикалық имканиятларды ашыў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Космослық изертлеўлер ҳәм аэрокосмослық мағлыўматлардан пайдаланыў тараўындағы реформалар мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.
Мәмлекетимиз басшысының усы жылдағы "Экономика тармақларында аэрокосмослық мағлыўматлардан пайдаланыўды кеңейтиў ҳәм аўыл хожалығының төменги буўынында басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы бул бағдарда әҳмийетли қәдем болды. Усы ҳүжжет тийкарында Санлы технологиялар министрлиги жанындағы Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлигине бир қатар тийкарғы ўазыйпалар жүкленди. Соның ишинде, геология, жер қатнасықлары ҳәм экология тараўларында жылына кеминде үш мәрте мәмлекетлик космослық мониторинг өткерилиўи белгиленди. Сондай-ақ, агентликтиң аймақлық ўәкиллери лаўазымы енгизилип, орынлардағы мониторинг жумысларын және де нәтийжели ҳәм жедел әмелге асырыў ушын институционаллық тийкар жаратылды.
Бүгинги күнде аэрокосмослық мағлыўматлардан пайдаланыў арқалы экономикаға күшли түртки беретуғын жаңа имканиятлар жаратылмақта. Космослық бақлаўлар тийкарында ресурслар ҳәрекети, жер асты байлықларының жағдайы, экологиялық машқалалар, суў бөлистирилиўи ҳәм басқа да әҳмийетли процесслер реал ўақыт режиминде мониторинг исленип атырғаны тараўдағы нәтийжелиликти және де арттырмақта. Мысал ушын, республика көлеминде ҳәр жылы жүзлеген пайдалы қазылма кәнлери аукцион арқалы исбилерменлерге берилип атырғаны космослық мониторингтиң әмелде қандай унамлы нәтийжелер бергенин айқын көрсетеди. Мәселен, 2024-жыл даўамында 170, 2025-жылдың басынан болса 172 кән аукционға шығарылған.
Космослық технологиялардың әҳмийети тек экономикалық емес, ал социаллық ҳәм эекологиялық жақтан да шексиз. Жасалма жолдаслар арқалы жер бетиндеги шорланыў процесслери, нызамсыз терек кесиў жағдайлары, шығындыларды нызамсыз түрде таслаў сыяқлы экологиялық машқалалар анықланбақта. Мәселен, өткен жыллар даўамында 1,7 миллион гектардан аслам жер майданында түрли дәрежедеги шорланыў атап өтилген болып, соннан 65 мың гектар майдан "жүдә жоқары шорланған" категориясына киргизилген.
Бундай анық ҳәм исенимли мағлыўматлар машқалалардың көлемин қалыс көрсетиў менен бирге, оларды сапластырыўда оператив, мақсетли ҳәм илимий тийкарланған қарарлар қабыл етиў имканиятын береди.
Сол себепли аўыл ҳәм суў хожалығы, экология тараўларында космослық мониторингтен пайдаланыў көлеми барған сайын кеңейип бармақта. Жасалма жолдаслар жәрдеминде атыз өнимдарлығы, топырақ ығаллығы, өсимликлер саламатлығы сыяқлы көрсеткишлерди бақлаў имканияты жерден ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлемекте және суў ресурсларын үнемли басқарыў, техноген ҳәм тәбийғый апачтшылықлардың алдын алыўда қол келмекте.
Бул мағлыўматлар тек ғана әмелият емес, ал сиясий қарарлар, инвестициялық жойбарлар ҳәм халықаралық бирге ислесиў бағдарламаларын белгилеўде әҳмийетли дәрек болып хызмет етпекте.
Космослық технологиялар билимлендириў ҳәм илимий изертлеў тараўлары ушын да кең имканиятлар есигин ашпақта. Жаслар арасында геоинформатика, жасалма интеллект, мағлыўматларды таллаў ҳәм космослық илимлерге қызығыўшылық артып бармақта. Бул болса келешекте жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў, инновациялық стартаплар ҳәм технопарклердиң жумысын кеңейтиў ушын беккем тийкар болып хызмет етеди.
Космослық мониторинг арқалы ашық ҳәм исенимли мағлыўматлардың бар екенлиги коррупцияның алдын алыў, тәбийғый ресурслардан әдил пайдаланыў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў имканиятын береди.
Бул процессте шешилиўи керек болған бир қатар машқалалар да бар. Атап айтқанда, жоқары анықлықтағы жасалма жолдас сүўретлерине талап, оларды қайта ислеў ушын заманагөй инфраструктураның жетерли емеслиги, тараўда маман қәнигелердиң жетиспеўшилиги сыяқлы мәселелер әҳмийетлилигинше қалмақта. Сол себепли жақын келешекте инсан капиталына инвестиция киргизиў, халықаралық тәжирийбени үйрениў, нызамшылық базасын жетилистириў ҳәм ашық мағлыўматлар платформасын раўажландырыўға айрықша итибар қаратыў зәрүр.
Космослық технологияларды экономика тармақларына енгизиў арқалы Өзбекстан илим, техника ҳәм санаат тараўларында жәҳән стандартларына сәйкес түрде инновациялық раўажланыў жолынан бармақта. Бул бағдардағы ҳәр бир баслама, ҳәр бир мониторинг ҳәм таллаў биз ушын жаңа ойлап табыўлар есигин ашады. Себеби космосты үйрениў инсанның өзи ҳәм оның келешеги ҳаққындағы излениў болып табылады.
Космослық технологиялар тек ғана экономикалық имканиятларды анықлаў емес, ал нызамсыз жумысларды әшкаралаўда да үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Аэрокосмослық мағлыўматлар жәрдеминде аймақлардағы өзгерислерди реал ўақытта бақлаў имканияты жаратылып, бул мәмлекетлик басқарыў ушын күшли қадағалаў қуралына айланбақта.
Атап айтқанда, соңғы ўақытлары пайдалы қазылма кәнлеринен руқсатсыз пайдаланыў жағдайлары аўыр машқалаға айланған. Тек ғана усы жылдың өзинде космослық мониторинг арқалы 2000 нан аслам бундай жағдай анықланғаны тараўда шешилмеген машқалалар еле көп екенин көрсетеди.
Бул машқалаларды сапластырыў мақсетинде Бас прокуратураға экономикалық жынаятлардың алдын алыў, оларды өз ўақтында анықлаў ҳәм бул процессте жасалма жолдас мағлыўматларынан нәтийжели пайдаланыў ўазыйпасы жүкленди. Жер майданлары, өндирис объектлери ҳәм пайдалы қазылма кәнлериниң жағдайын турақлы таллаў арқалы бул система экономикалық қәўипсизликти тәмийинлеў, ресурслардан әдил пайдаланыў ҳәм мәмлекетлик бюджетке зыян келтиретуғын факторларды азайтыўда әҳмийетли орын ийелемекте.
Космослық бақлаўлардан нәтийжели пайдаланыў тек ғана кәншиликте емес, ал қала қурылысы ҳәм жер қатнасықлары тараўындағы нызамбузыўшылықларға қарсы гүресиўде де өз тәсирин көрсетпекте. Кейинги жыллары өзбасымшалық пенен қурылған 1 миллион 365 мыңға шамалас турақ жай рәсмий кадастрға киргизилген болса да, елеге шекем нызамсыз қурылысларға толық шек қойылмаған. Усы жылдың басынан берли 33 мыңнан аслам бундай жағдай анықланып, олардың үлкен бөлеги аўыл хожалығы жерлеринде жайласқан.
Бул машқалалар тек ғана нызамшылыққа емес, ал жер ресурсларын нәтийжели басқарыўға да үлкен қәўип туўдырмақта. Сол себепли, жуўапкер уйымларға қысқа мүддетте мәлимлеме платформаларын интеграциялаў, нызамсыз қурылысларды анықлаў ҳәм оларға қарсы оператив илаж көриў имканиятын беретуғын бирден-бир система жаратыў тапсырылды. Бул системада жасалма жолдас мағлыўматлары, кадастр мағлыўматлары ҳәм жергиликли уйымлардың мағлыўматлары бирлестириледи.
Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 16-октябрь күни космослық мониторинг арқалы жаңа экономикалық имканиятларды анықлаў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты. Презентацияда бос турған жер майданларын анықлаў ҳәм оларды экономикалық жедел ресурсқа айландырыўға айрықша итибар қаратылды. Мәмлекеттиң алты аймағындағы үйрениўлер нәтийжесинде дерлик 300 гектар бос жер майданы анықланды. Бул жерлер анық санлар тийкарында есапқа алынбақта ҳәм исбилерменлик жумысы ушын аукционға шығарылмақта. Мәселен, Ташкент қаласында 95 гектар бос жер участкасы табылып, саўдаға қойылды. Бул қала инфраструктурасын раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм жерден үнемли пайдаланыўда үлкен имканиятлар жаратады.
Космослық технологиялар тек ғана усы тараўларда емес, ал мәмлекетлик басқарыўдың барлық бағдарларында да жаңа имканиятлар есигин ашпақта. Ҳәзирги күнде ҳәр бир қарыс жерден үнемли пайдаланыў, ҳәр бир ресурсты нәтийжели басқарыў заман талабы болып есапланады. Бул бағдарда космослық мониторинг сыяқлы заманагөй, оператив ҳәм анық механизмлер зәрүр.
Презентацияда мәмлекетимиз басшысы усы жылы 8 аймақта, келеси жылы болса барлық район орайларында космослық мониторинг арқалы тийисли үйрениўлерди жуўмақлаў бойынша анық тапсырмалар берилди.
Тараўға халықаралық тәжирийбе ҳәм алдынғы шешимлерди тартыў мәселеси де үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Себеби, раўажланған мәмлекетлер космослық мағлыўматларды тек ғана бақлаў емес, ал автомат түрде таллаў, стратегия жаратыў ҳәм қарар қабыл етиў процесслеринде де кеңнен қолланбақта.
Бул тек ғана техникалық машқалаларды шешиў емес, ал экология, энергия нәтийжелилиги ҳәм транспорт инфраструктурасы сыяқлы тараўларда да заманагөй қатнасты енгизиў дегени. Мәселен, метан газы шығындыларын ерте басқышта анықлаў климат өзгериўине қарсы гүресиўде әҳмийетли есапланса, қуяш панеллериниң ислеў нәтийжелилигин бақлаў қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыўда әҳмийетли. Электр тармақларындағы насазлықларды космослық мағлыўматлар арқалы алдыннан анықлаў пүткил системаның исенимлилигин тәмийинлейди.
Презентацияда космос тараўында билимлендириў экосистемасын қәлиплестириў мәселеси додаланды. Бул қәнигелер таярлаў, илим ҳәм әмелиятты байланыстырыў және жасларды космослық изертлеўлер ҳәм жаңа технологиялар тараўына тартыўға қаратылған әҳмийетли баслама болып есапланады. Соның менен бирге, жасалма жолдас байланыс технологияларын енгизиў арқалы алыс аймақларда байланыс қамтып алыўын кеңейтиў мәселеси көрип шығылды. Бул тек ғана технология емес, ал социаллық әдиллик ҳәм имканиятлар теңлигин тәмийинлеўге хызмет ететуғын әҳмийетли бағдар болып табылады.
Сондай-ақ, космос тараўындағы жетискенликлерди халықаралық көлемде көрсетиў мақсетинде 2028-жылы Самарқанд қаласында болып өтетуғын Халықаралық астронавтика конгрессине пуқта таярлық көриў бойынша тапсырма берилди. Бундай абырайлы илаж мәмлекетимизде космослық илим ҳәм технологиялар тараўындағы жетискенликлерди дүньяға танытыў, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў ушын үлкен имканият жаратады.
Өзбекстанда космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар тек ғана илимпазлар ямаса қәнигелер шеңбериндеги темалар емес, ал кең жәмийетшилик турмысына тиккелей тәсир көрсетип, миллий раўажланыўдың әҳмийетли факторына айланбақта. Бул келешекке бағдарланған, илим, әдиллик ҳәм технологиялық раўажланыў тийкарында қурылып атырған жаңа Ренессанстың анық тастыйығы болып есапланады.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы





