Көп тәреплеме бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыўда әҳмийетли платформа

    Орайлық Азия регионы Азия ҳәм Европаны байланыстырып туратуғын әҳмийетли стратегиялық аймақ сыпатында бәрқулла дүнья жәмийетшилигиниң дыққат орайында турады.

    Өзбекстан болса регионның жәмийетлик-сиясий, экономикалық турмысының жақсыланыўына үлкен үлес қосатуғын әҳмийетли, ең көп халыққа ийе, саўда-экономикалық байланысларды күшейтиўде интакер, жанкүйерлик көрсетип атырған мәмлекетлерден бири.

    Бүгинги күнге келип регион мәмлекетлери менен бирге ислесиў пүткиллей жаңа басқышқа шығыўы, өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң кеңейиўи, жақсы қоңсышылық сиясатының күшейиўинде де Өзбекстанның ақылға уғрас сыртқы сиясатының орны ҳәм әҳмийети үлкен.

    Орайлық Азия мәмлекетлери менен ашық, әмелий, өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыўға қаратылған жедел сыртқы сиясаты Президентимиздиң өзине тән "мирәт қағазы"на айланды. Дәслепки рәсмий сапарлар да әйне регион мәмлекетлерине әмелге асырылғаны сөзимизди дәлиллейди. Нәтийжеде регионда пүткиллей жаңа, ашық, саламат ҳәм дос сиясий-экономикалық, мәдений-гуманитарлық орталық жаратылды.

    Қоңсы мәмлекетлер менен шегаралардың ашылыўы, экономикалық, саўда, мәдений-ағартыўшылық, улыўма, барлық тараўлардағы бирге ислесиў халықларымыз арасындағы дослықты беккемлеў менен бирге улыўма экономикалық өсиўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

    Яғный қатнасықлар тек ғана экономикалық мәпдарлық емес, ал өз-ара исеним, дослық, аўызбиршиликке тийкарланып атырғанын көриў мүмкин. Регион мәмлекетлери улыўма машқалаларды биргеликте шешиў, барлық мәселеде бир-бирин қоллап-қуўатлаў арқалы және де раўажланыўға умтылмақта. Бул процесслерде болса Өзбекстанның орны ҳәм үлеси барған сайын беккемленип бармақта.

    Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Президенти етип сайланғанынан соң регион мәмлекетлери арасындағы қатнасықлар динамикасы түп-тийкарынан өзгерди. Сиясий ерк-ықрар ҳәм ашықтан-ашық сөйлесиў себепли Өзбекстан барлық қоңсылары менен шегараларды делимитациялаўды жуўмақлады ҳәм бул регионда турақлылық жолында әҳмийетли қәдем болды.

    Мәмлекетимиз басшысының сиясаты тек ғана мәмлекетлер арасындағы дослықты беккемлеўге хызмет етип қоймастан, ал экономикалық өсиў ҳәм мәдений алмасыў ушын жаңа имканиятларды ашты. Өткен сегиз-тоғыз жылда Орайлық Азия түп-тийкарынан ҳәм сапа жағынан өзгерди. Бирден-бир регион сыпатында қәлиплесип, халықаралық ҳуқық субъектине айланды.

    Президентимиз тек ғана қоңсы мәмлекетлер менен ашық ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўды сыртқы сиясаттың әҳмийетли бағдары сыпатында қарамастан, ал Өзбекстан менен жәмийетлик-сиясий, бизнес, саўда-экономикалық шәртнама ҳәм келисимлерге таяр болған Россия, Қытай, Европа мәмлекетлери, океан арты мәмлекетлери, ҳәр қыйлы халықаралық шөлкемлер менен жедел бирге ислесиў байланысларын орнатты.

    Бир сөз бенен айтқанда, кейинги жыллары Өзбекстан пүткил дүньяға ашылды. Әсиресе, регионаллық бирге ислесиўди күшейтиўге айрықша итибар бермекте. Соның ишинде, Өзбекстанның сыртқы сиясатында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы да усындай әҳмийетли платформалардан бири.

    Кейинги жыллары Өзбекстанның ҒМДА жумысындағы қатнасыўы жеделлесип, дослық аўқамына ағза мәмлекетлер менен бирге ислесиўи түрли бағдарларда избе-из ҳәм ҳәр тәреплеме раўажланып бармақта. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысы өткен саммитлерде ҒМДА еллери раўажланыўына ҳәм халықларымыздың абаданлығына хызмет етип атырған 100 ден аслам басламаны алға қойған.

    Усы жыл 10-октябрь күни Душанбе қаласында болып өткен ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиндеги шығып сөйлеген сөзинде де Президентимиз бир қатар баслама ҳәм жойбарларды турмысқа енгизиўди усыныс етти.

    ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңеси Өзбекстан ушын тек ғана сөйлесиў, пикир алысыў ҳәм көзқарасларды салыстырыў майданы емес, ал тийкарғы тараўларда әмелий бирге ислесиўдиң оғада әҳмийетли институты болып есапланады. Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер болса Өзбекстанның турақлы шериклери, қоңсылары ҳәм дослары болып есапланады. Сол себепли, елимиз өз-ара қатнасықларда бәрқулла исенимли, турақлы турыўға умтылады, пайдалы бирге ислесиўди алға қояды.

    Мәмлекетимиз шөлкем шеңберинде барлық тараўларда бирге ислесиўдиң унамлы динамикасын сақлап келмекте. Атап айтқанда, бул структура мәканында Өзбекстан ушын көп тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиў тийкарғы бағдарлар қатарында үлкен қызығыўшылық оятпақта. ҒМДА шеңберинде еркин саўда зонасының бар екенлиги Өзбекстанға қоңсы мәмлекетлер менен саўданы раўажландырыў, экспорт ҳәм импорт көлемин арттырыў имканиятын береди. Бул, өз гезегинде, экономикамыздың өсиўине хызмет етеди.

    Елимиз сыртқы саўда айланысының 35,1 проценти ҒМДА мәмлекетлериниң үлесине туўра келеди. Тек ғана 2024-жылы Дослық Аўқамы мәмлекетлери менен өз-ара саўдамыз 23,1 миллиард долларды қурады. Өзбекстанда ҒМДАға ағза мәмлекетлер капиталының қатнасыўында 5,5 мың компания жумыс алып бармақта.

    Өзбекстан тәрепинен билдирилген басламалар тек ғана қағазда қалып атырғаны жоқ. Олар жедел турмысқа енгизилип, регион мәмлекетлериниң ҳәр бир тараўда раўажланыўына хызмет етпекте. Кейинги жылларда ерисилип атырған нәтийжелер, өсиў көрсеткишлери де пикиримиздиң дәлили болып есапланады.

    2024-жылы Президентимиз тәрепинен алға қойылған басламаларды әмелге асырыў шеңберинде ҒМДАға ағза мәмлекетлер аймағынан өтетуғын халықаралық транспорт коридорларын раўажландырыў ҳәм инфраструктураны оптималластырыў бойынша ҳәрекетлер режеси, 2025-2027-жылларға мөлшерленген дерадикализация тараўындағы бирге ислесиў бағдарламасы ҳәм басқа да әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилди.

    Өзбекстанның шөлкемдеги интакерлиги, анық идея ҳәм усыныслары оның жумысын жеделлестирди, ҒМДА жумысы жаңа мазмун менен байыды. Мәмлекетлераралық қатнасықларда принципиал жақтан өзине тән бет ашылып, кең көлемли ҳәм нәтийжели шерикликти кеңейтиў ушын қолайлы имканиятлар жаратылды.

    ҒМДА мәканында толық еркин саўда зонасын қәлиплестириў ҳәм транспорт байланыслылығын беккемлеў әҳмийетли. Өзбекстан бул тараўда усы структураға ағза мәмлекетлер менен ҳәм көп тәреплеме, ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратпақта.

    Соның ишинде, Душанбе саммитинде Президентимиз алға қойған әмелий усыныс ҳәм басламалар жетекши сиясатшылар, экспертлер тәрепинен бир аўыздан қоллап-қуўатланғанына гүўа болдық.

    Саммитте мәмлекетимиз басшысы өткир, әҳмийетли ҳәм анық усынысларды алға қойып, ҒМДА шеңбериндеги шерикликти беккемлеўдиң әҳмийетли бағдарлары бойынша өз көзқарасын билдирди. Бул, әлбетте, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында ҒМДА мәканында көп тәреплеме қатнасықлардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

    Алға қойылған басламалар тек ғана шөлкемниң статусын және де арттырыў емес, ал бүгин ҳәм келешекте оған ағза мәмлекетлер халқының тынышлығы ҳәм абаданлығын тәмийинлеў арқалы социаллық турақлылықты сақлаўға қаратылғаны менен дыққатқа ылайық. Себеби, ол тийкарғы нәтийжелерди жуўмақлаў ҳәм дослық аўқамы шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўдиң кейинги режелерин белгилеп алыў имканиятын берди.

    Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде транспорт тараўында өз-ара бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылғаны бийкарға емес. Себеби ҒМДА мәканында транспорт тармағында әмелдеги коридорлардың өткериў нәтийжелилигин төменлететуғын машқала елеге шекем сақланып қалмақта. Бул болса барлық транспорт түрлери менен интеграцияласқан мәлимлеме-логистика орайларын жаратыўды талап етеди.

    Сондай-ақ, жүк тасыў инфраструктурасын модернизациялаў ушын жеке меншик инвестицияларды тартыўды хошаметлеў үлкен әҳмийетке ийе. Усы мүнәсибет пенен транспорт тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик мәселелери бойынша ҒМДА мәмлекетлери конференциясын Өзбекстанда өткериў режелестирилмекте. Бул тек ғана жүк тасыў нәтийжелилигин арттырыў емес, ал регионаллық саўда айланысын көбейтиў, жаңа транзит жөнелислерин ашыў, экспорт потенциалын арттырыўға тийкар жаратады.

    Мәмлекетимиз жетекшисиниң арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналарының жумысын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаўға байланыслы "жол картасы"н ислеп шығыў, ҒМДА венчур платформасын жаратыў арқалы стартаплар ҳәм инновациялық идеяларды қаржыландырыў системасын жолға қойыў усынысы да ҳәзирги бәсеки орталығында оғада әҳмийетли болып есапланады. Бул инновациялық экономикаға қәдем таслаў, илимий излениўлер ҳәм технологияларды әмелиятқа енгизиўге кеңнен жол ашады.

    Мәмлекетимиз басшысының Ташкент қаласында "ИННОПРОМ" көргизбеси шеңберинде ҒМДА инновациялық санаат форумын өткериў усынысы да ең әҳмийетли шақырықлардан бири болды. Бул биргеликтеги өндирис жойбарларын додалаў, санаат кооперациясын тереңлестириў, заманагөй технологиялар алмасыўын жолға қойыў ушын әҳмийетли платформа болып хызмет етеди. Нәтийжеде ағза мәмлекетлер арасында санаат өнимлерин ислеп шығарыўда өз-ара байланыслылық күшейеди, локализациялаў дәрежеси артып, экспортқа бағдарланған жаңа қоспа кәрханалар шөлкемлестириледи.

    Шынында да, Президентимиздиң бул шығып сөйлеген сөзи көплеген ийгиликли мақсетлерди гөзлегени менен тарийхый әҳмийетке ийе. Себеби ҳәзирги тартыслы ҳәм қурамалы геосиясий жағдай, дүньяның айырым мәмлекетлери дус келип атырған кескинликлер фонында ҒМДА мәмлекетлери арасындағы өз-ара пайдалы ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў регионымыз, атап айтқанда, Өзбекстан ушын тыныш ҳәм турақлы раўажланыўда оғада әҳмийетли болып есапланады.

    Саммит жуўмағында ҒМДА шеңбериндеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша қол қойылған келисим ҳәм қарарлар, әлбетте, Өзбекстан экономикасының турақлы өсиўине ҳәм халқымыздың абаданлығын арттырыўға жақыннан жәрдем береди.

    Улыўма алғанда, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған басламалар қысқа мүддетте пүткил регионда үйлесимли экономикалық-социаллық раўажланыўды тәмийинлеў, өз-ара пайдалы ҳәм исенимли бирге ислесиўди, миллетлераралық дослық байланысларын беккемлеўде өз нәтийжесин беретуғынына исенемиз. Бул усыныслар ҒМДА шеңбериндеги бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

    Равшан ФОЗИЛОВ,

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates