Өзбекстан Республикасы Президентиниң "2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында"ғы қарарына муўапық, ўәлаят орайлары ҳәм криминоген жағдай аўыр район (қала) лардың мәҳәллелеринде профилактика киши инспекторының жумысы жолға қойылады.

Киши инспектор мийнет мигрантлары, мектеп питкериўшилери ҳәм студентлер менен ислейди. Ишки ислер уйымларында миграция профилактикасы бөлимлери, районлараралық ҳәкимшилик конвой топарлары шөлкемлестириледи.

Сынақ түринде криминоген жағдай аўыр аймақлардағы профилактика бөлимлеринде ҳәкимшилик әмелият топарларының жумысы жолға қойылады ҳәм олар жынаят иси қозғаўдан бас тартыўға байланыслы ҳүжжетлерди үйренип, қурамында ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық болған жағдайлар бойынша ҳүжжетлерди рәсмийлестиреди.

Мәҳәлле ҳуқық қорғаў орайларының жумысы жолға қойылады. Оған профилактика (үлкен, киши) инспекторлары, ҳаял-қызлар мәселелери бойынша, пробация, жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳәм патруль-пост хызметлери инспекторлары және оператив-излеў хызметиниң хызметкери киргизиледи, Миллий гвардия қорғаў бөлимлериниң нарядлары хызмет алып барыўы шөлкемлестириледи.

Нәтийжеде - 5 ке шекемги мәҳәлле микроаймаққа бирлестириледи ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша оператив ҳәрекетлениў системасы жаратылады.