Дәри қуралларының сапасын қадағалаў лабораториясы ЖДСШның дәри қуралларының сапасын қадағалаў бойынша миллий лабораториялар глобал тармағының (WHO Global Network of National Quality Control Laboratories for Pharmaceuticals - WHO-GNP) аффилленген ағзасы статусына ийе болды.

Вакциналар, сыворотка препаратлары ҳәм микробиологиялық анализ лабораториясы ЖДСШ Биологиялық препаратлар бойынша миллий қадағалаў лабораториялары глобал тармағының (WHO Global Network of National Control Laboratories for Biologicals - WHO-NNB) аффилленген ағзасы статусында қабыл етилди.

Бул тармақларда қатнасыў миллий лабораториялардың халықаралық сапа қадағалаў системасына интеграцияланыўын тәмийинлейди, ЖДСШның сәйкеслестирилген методикалары ҳәм стандартларын енгизиў имканиятын береди, лабораториялық тексериўлер нәтийжелериниң салыстырмалылығын ҳәм исенимлилигин арттырады, сондай-ақ, ЖДСШның экспертлик ҳәм методикалық жәрдемин алыў имканиятын кеңейтеди.

"Аффилленген ағза" статусының берилиўи Орайдың институционаллық потенциалы избе-из раўажланып атырғанынан дәрек береди, дәри қураллары ҳәм вакциналардың сапасын, қәўипсизлигин ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеўде халықаралық көзқарасларға садықлығын тастыйықлайды.

Бул қәдем Орайдың халықаралық тәртипке салыў орталығындағы орнын беккемлеп, лаборатория системасын алдынғы дүнья әмелияты тийкарында раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар жаратады.