Әлбетте, бүгинги күнимизди ҳәм келешегимизди мәлимлеме-коммуникация технологияларысыз көз алдымызға келтириў қыйын. Солай екен, бүгин санлы технологияларды пуқта ийелеген инсан ғана мийнет базарында өз орнын беккемлеў имканиятына ийе. Елимизде "Бир миллион программист" жойбары шеңберинде жасларды абырайлы халықаралық компаниялардың талапларына сәйкес бағдарламалар тийкарында таярлаў ўазыйпасы белгиленген. Мен де компьютер инжиниринги қәнигелиги бойынша билим ҳәм көнликпелеримди беккемлеп атырман. Усы мақсетте республика көлеминде өткерилип атырған барлық илимий-әмелий әнжуманларға қатнасып келмектемен. Усы күнге шекем абырайлы илимий басылымларда 35 илимий мақалаларым жарық көрди. Сондай-ақ, сөйлеўинде машқаласы болған адамларға сөйлесиўде жәрдем беретуғын бағдарламаны ислеп шықпақтаман.

Ҳәр жылы бәҳәр кирип келиўи менен елимизде ҳаял-қызларды қәдирлеў, жақсы арзыў-нийетлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм өзиниң қәбилети, әҳмийетли идея ҳәм басламалары, соның менен бирге, заманагөй билим ҳәм маманлығы, интеллектуаллық потенциалын көрсетип атырған қызларды Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық пенен мүнәсип хошаметлеў жақсы дәстүрге айланған.

2024-жылы бул сыйлық пенен сыйлықлаў процеси және де жетилистирилип, мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 7-февральдағы тийисли пәрманы менен ҳаял-қызлар арасында санлы көнликпелерди қәлиплестириў, мәлимлеме технологиялары тараўы, соның ишинде, IТ хызметлерин көрсетиў, программалық өнимлерди ислеп шығыўдағы үлесин арттырыў, мәлимлеме технологиялары бағдарында айрықша жетискенликлерге ерискен қәбилетли қызларды мүнәсип сыйлықлаў да киргизилди. Мен де биринши мәрте мәлимлеме технологиялары бағдары бойынша Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа мүнәсип деп табылғанымнан оғада қуўанышлыман.

Бул табыслар ҳәм тән алыўлар маған үлкен жуўапкершилик жүклейди. Алдыма үлкен режелер қойғанман. Қарақалпақ елиниң Хожели районындағы әпиўайы шаңарақтан шыққан қызға сонша ҳүрмет ҳәм иззет көрсетилип атыр екен, Ўатанымыздың раўажланыўы жолында бар күш-ғайратымды, билим ҳәм потенциалымды көрсетиўге шын кеўилден ҳәрекет етемен.

Бийбиназ ТУРЕМУРАТОВА,

Ташкент информациялық технологиялар университети

Нөкис филиалы 1-басқыш магистранты