Бул жерде кәсип-өнер үйрениў тилегиндеги жаслардың билим алыўы, теориялық көнликпелерин әмелият пенен үйлестириўи ушын барлық шараятлар жаратып берилген.
Пүткил өмирин аўыл хожалығы тараўына бағышлап, елде ҳүрмет ҳәм итибарға ерискен, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен аўыл хожалығы хызметкери, "Эл-юрт ҳурмати" ҳәм "Фидокорона хизматлари учун" орденлериниң ийеси болған Лола Муратова мектеби өзине тән тәреплери менен ажыралып турады.
Фермердиң бай тәжирийбесин жасларға жеткериў, аўыл хожалығында орта буўын кадрларын таярлаў мақсетинде шөлкемлестирилген 480 орынға мөлшерленген бул билимлендириў орнында ҳәзирги ўақытта 262 оқыўшы 5 кәсип бағдары бойынша билим алмақта. Процесслер дуал билимлендириў системасы тийкарында, яғный сабақлардың 40 проценти теориялық, 60 проценти әмелий тәризде өткериледи.
Мәкемеде отыздан аслам аудитория, жети лаборатория, компьютер ханалары, белсендилер залы ҳәм музей бар. 150 орынлық жатақхана, спорт залы, мини-футбол майданшасы ҳәм зәрүр үскенелерге ийе устахана оқыўшылардың ықтыярында. Сондай-ақ, ыссыхана ҳәм шынығыўлар ушын автодром қурылған.
- Президентимиз билимлендириў мәкемесиниң ашылыўы мүнәсибети менен болып өткен салтанатлы мәресимде фермер Лола Муратованың көп жыллық мийнетин, адамгершилик пазыйлетлерин еске алып: "Лола апа өзбек ҳаялының нелерге уқыплы екенлигин көрсетти, соның менен бирге, жүдә кишипейил ҳәм әпиўайы еди. Пидайылығы, мийнет сүйгишлиги менен елимиздиң раўажланыўы ҳәм абаданлығына үлкен үлес қосқан еди. Бул тәреплер жасларға үлги болыўы, олар кәсипти жақсы үйрениўи керек", - деген еди техникум директоры Гулираъно Холиқова. - Бул тән алыў, итибар турақлы жумыс әмелиятымыз, турмыслық бағдарламамызға айланған. Бул жерде тәлим-тәрбия алып, кәсип-өнер ийеси болған жаслар шаққан, излениўшең, умтылыўшаң, өз кәсибиниң жетик билимданы ҳәм, әлбетте, пидайы инсанның мүнәсип избасары болыўға ҳәрекет етип келмекте. Тараўдағы бай мийрасты үйрениў ҳәм қәстерлеп сақлаў және аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыўды мақсет еткенлер оқыўшылар менен Алтыарық районында фермер тийкар салған "Нурлы абат" хожалығына тез-тез саяхатлар шөлкемлестирип турыў, оның жумыслары менен танысыў, үлги алыў, фермер избасарлары менен сәўбетлесиў дәстүрге айланды.
Мәкемеге дәслепки басқышта улыўма билим бериў мектеплериниң 9-класын питкергенлер оқыўға қабыл етилген. Жаңа оқыў жылынан баслап 11-класс ҳәм сыртқы билимлендириўге тийкарланған 9 бағдарда қәнигелер таярланады. Оқыў процеси басланғыш профессионал билимлендириў бағдарламалары тийкарында, әмелият пенен байланыслы ҳалда өткерилмекте. Техникумда оқыў бахтына миясар болған ул-қызлардың әрманлары бир талай.
- Лола Муратова ҳаққында жүдә көп еситкенмен, оның өмир баяны тийкарында жазылған "Барханларда өскен гүл" китабын оқығанман, телевизорда көрип, үлкейгенимде мине усындай инсан болыўды әрман еткенмен, - дейди Шаҳодат Ёқубжонова. - Қаҳарман атындағы техникумда оқыў мақсетимди ата-анам да қоллап-қуўатлады. Ҳәзирги күнде өсимликлерди қорғаў лаборанты бағдарында оқып атырман. Бул кәсип-өнерге талап жоқары. Кейинги жыллары экологиялық таза мийўе-палыз ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўге талап артты. Егислик майданларының өнимдарлығын арттырыў, жаңа сортлар жаратыў ҳәм таңлаў, ҳәр бир аймақтың ықлым ҳәм суў тәмийнаты шараятынан келип шығып өним жетистириўши жоқары маманлықтағы қәнигелерге талап жоқары. Билимлендириў мәкемемиз ең заманагөй оқыў-лабораториялық үскенелер менен тәмийинленгени теориялық көнликпелеримизди арттырыў имканиятын бермекте. Буннан тысқары, Ферғана ўәлаяты агрохимия таллаў орайының маман қәнигелериниң жәрдеминде әмелий шынығыўлар өтип келемиз. Бул бизиң билим ҳәм көзқарасымызды кеңейтиў ҳәм Лола Муратованың мүнәсип избасарлары болыўымызға тийкар жаратпақта.
Билимлендириў процесин сапалы шөлкемлестириў ҳәм методикалық жәрдем көрсетиў мақсетинде мәкеме Ферғана мәмлекетлик университетине тиккелей бириктирилген болып, университеттиң профессор-оқытыўшылары тәрепинен илимий, әмелий, теориялық ҳәм лабораториялық сабақлар өз-ара интеграцияласқан ҳалда өткерилмекте. Сондай-ақ, Германия ҳәм Қытай сыяқлы раўажланған мәмлекетлердеги кәсип-өнер мектеплери менен де өз-ара бирге ислесиў жолға қойылмақта. Соның ишинде, Қытайдың Ченжун провинциясындағы кәсип-өнер техникумы менен өз-ара меморандумға қол қойылды. Мәкемениң оқыў режеси шеңберинде "Германия тәжирийбеси" тийкарында оқыўшыларды аўыл хожалығы тараўында исбилерменлик көнликпелерине оқытыўды да енгизиў нәзерде тутылған.
- Бул жерде тракторшы-машинист бағдарында билим алып атырман, - дейди Абдулазиз Усмонов. - Ҳәр бир шынығыў теориялық ҳәм әмелий өткерилип атырғаны жақсы нәтийже бермекте. Оқыў-шынығыў майданларынан тысқары "Волида" көп тармақлы фермер хожалығында техниканы басқарыў, оңлаў процесслеринде тиккелей қатнасып, бар шараятлар ҳәм имканиятлар менен жақыннан танысып бармақтамыз. Өткен қысқа ўақыт ишинде техника қуралларын басқарыў сырларын жақсы өзлестирип алдым. Техникумды питкерип, усы жерде, жақсы ҳақы төленетуғын жумысқа шақырып атыр. Бул жүдә жақсы имканият.
Мәкемеде "Фермерлер мектеби" шөлкемлестирилди. Онда буйыртпашылардың қаржылары есабынан фермерлердиң маманлығын арттырыў курсларының жумысы жолға қойылды. Усы күнге шекем овош жетистириў, бағшылық, пал ҳәррешилик бағдарларында жүзден аслам адамның кәсиплик маманлығы арттырылды.
- Бүгинги раўажланыў ҳәр бир нәрсеге илимий тийкарда, анық есап-санақ пенен қатнас жасаўды талап етпекте, - дейди Ферғана қаласындағы "Зумрад ниҳоли" бағшылық фермер хожалығының баслығы Музаффар Аҳмедов. - Бул жерде үш айлық оқыў курсында бағшылық, пал ҳәррешиликке байланыслы оғада көп мағлыўматларға ийе болдым. Әсиресе, интенсив усылда бағ жаратыў, суўдан үнемли пайдаланыў, альтернатив суўғарыў системаларын қолланып өним жетистириў, ишки ҳәм сыртқы базарға шығарыў, базар маркетинги бағдарларында маман қәнигелерден көп нәрселерди үйрендик, тәжирийбе алдық. Бул процесс әмелий жумысымызда қолланылатуғынына исенемен. Бағшылықтан тысқары пал ҳәррешиликти раўажландырыўға қаратылған өз бағдарламамызды да ислеп шықтық. Ҳәр бир процесс анық есап-санақларға тийкарланған. Мәселен, бир пал ҳәрре шаңарағын бир жылда 4-5 есе көбейтиў мүмкин. Пал ҳәррелер мийўели бағлардың өнимдарлығын тәбийий усылда арттырыў қәсийетине ийе. Бурын жумысты бундай етип шөлкемлестирмей, барына көнлигип жасаўға әдетленип қалған екенбиз. Тәжирийбе арттырыў процесинде көзқарасларымыз өзгерди. Бундай бирге ислесиў турақлы болып қалады, деп ойлайман.
Жуўмақлап айтқанда, бул жерде шын мәнисиндеги Лола Муратованың избасарлары камалға келмекте. Ҳәр тәреплеме билимли, излениў ҳәм умтылыстан тоқтамайтуғын күш-ғайратқа толы жаслар еле елимиздиң раўажланыўына үлкен үлес қосады.
Расулжон КАМОЛОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы