Усы Нызам менен "Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы, "Мәдений жумыс ҳәм мәденият шөлкемлери ҳаққында"ғы ҳәм "Реклама ҳаққында"ғы нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Мәденият министрлигиниң жанлы атқарыў көркем өнерин раўажландырыў, көркем өнер ғайраткерлери, дөретиўшилер ҳәм атқарыўшыларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы бир қатар ўәкилликлери белгиленбекте.
Соның ишинде, мәмлекетлик мәдений концерт-тамаша илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериўде жанлы атқарыў ямаса фонограммадан пайдаланыў дәрежесин ҳәм усылларын белгилеў, атқарыўшылар тәрепинен фонограмма ҳәм авторлық шығармалардан пайдаланыўда әмелдеги нызамшылыққа әмел етилиўин мониторинг етиў және миллий көркем өнер ҳәм мәденият абырайын арттырыўға хызмет етип атырған дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.
Жаңа нормалардың әмелиятқа енгизилиўи музыка тараўының және де раўажланыўына, жаңа талантлардың ашылыўына, өзиниң ҳақыйқый жанлы ҳаўазы болған қосықшылар ҳәм сазенделердиң жумысы кеңнен хошаметленетуғынына хызмет етеди.
Буннан тысқары, Нызам менен концерт-тамаша илажының бағдарламасында атқарыўшылар ҳәм шығарма авторларының көрсетилиўи шәрт екенлиги және концерт-тамаша илажының рекламасында фонограммадан пайдаланыў дәрежеси ҳаққындағы мәлимлеме улыўма реклама майданының (дәрежесиниң) кеминде он процентин қурайтуғыны ҳаққындағы қосымша ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Бул тамашагөйлердиң өз таңлаўын саналы түрде қабыл етиўине жәрдем береди. Қайсы қосықшы айтып атыр, ким музыкасын жазған, қанша жанлы, қанша фонограмма - ҳәммеси анық ҳәм ашық болады.
Усы Нызамның қабыл етилиўи концерт-тамаша илажларын шөлкемлестириў нәтийжелилигин арттырыўға, жанлы атқарыў көркем өнерин раўажландырыўға, тутыныўшылардың ҳуқықларын буннан былай да беккемлеўге тийкар жаратады.