"Мәҳәлле сервис" компанияларына салық жеңилликлери бериледи

    27 маусым 2025 899

    Чернобыль АЭСтеги апатшылықтың ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқан пуқаралардың, сондай-ақ, олардың зайыбының (күйеўиниң) дәраматларына салық салынбаўы нәзерде тутылды.

    Нызам менен киргизилген қосымшаларға бола, "Мәҳәлле сервис" компаниялары тәрепинен мәҳәллелерди абаданластырыўға байланыслы жумысларды орынлаў ҳәм халыққа нызамшылықта белгиленген айырым социаллық төлемли хызметлер көрсетиўден алынған қаржылар салық салыўда есапқа алынбайтуғын дәраматларға киргизилди.

    Сондай-ақ, бул хызметлерди көрсетиўге мөлшерленген имаратлар жайласқан жер участкалары жер салығы салыныў объекти есапланбаўы белгиленди.

    Төмендеги дәрамат түрлерине салық салынбаўы нәзерде тутылды:

    Чернобыль АЭСтеги апатшылық ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқан пуқаралардың, сондай-ақ, олардың зайыбының (күйеўиниң) дәраматлары;

    "Мәҳәлле сервис" компаниялары хызметкерлериниң жумысы нәтийжесинде алынған, олардың салық салыўға тийисли мийнет ҳақы түриндеги дәраматлары.

    Буннан тысқары, Жиззақ ўәлаятының Шараф Рашидов ҳәм Ташкент ўәлаятының Оҳангарон районларында шөлкемлестирилген былғары-аяқ кийим санаат зоналарын басқарыў дирекциялары мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық төлеўден 2025-жыл 1-январьдан 2026-жыл 1-январьға шекем азат етилетуғыны көрсетилди.

    Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates