Жергиликли авиақатнаўларды әмелге асырыўшы барлық резидент авиакомпанияларға субсидия ажыратылады

    13 мамыр 2025 979

    Тасыўшылар ҳәр ай жуўмағы бойынша Транспорт министрлигине арза киргизиўи мүмкин.

    "Регионаллық авиақатнаўларды ҳәм ишки туризмди және де жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (302-санлы, 07.05.2025-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға муўапық:

    - авиабилетлердиң баҳалары ҳәм субсидияланатуғын авиақатнаўлар жөнелислерин субсидиялаў муғдарын белгилеў бойынша арнаўлы комиссияның қурамы қайта тастыйықланды;

    - жергиликли жөнелислердеги авиақатнаўларға "Uzbekistan Airways" АЖ ушын белгиленген арнаўлы тарифлер ҳәм субсидия муғдарлары барлық резидент авиакомпанияларға енгизиўге келисим берилди.

    Усы мүнәсибет пенен барлық резидент авиакомпаниялар Арнаўлы комиссия тәрепинен белгиленген жергиликли жөнелислер ҳәм тарифлер шеңберинде авиабилет сатыўды жолға қойыў ҳәм ҳәр ай жуўмағы бойынша Транспорт министрлигиниң 2021-жыл 14-октябрьдеги 188-санлы буйрығы менен тастыйықланған кесте формасында Транспорт министрлигине субсидиялаў ушын арзалар бериўи мүмкин екенлигин мәлим етемиз.

    Мағлыўмат ушын: Жергиликли авиақатнаўларды субсидиялаў 2021-жыл 1-июньнан баслап жолға қойылған ҳәм 2026-жыл 1-январьға шекем даўам етеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates