Мектеп питкериўшилерине кәсиплик билимлендириў ҳаққында сертификат бериледи

    Улыўма орта билим бериў мәкемелериниң питкериўшилерин үйренген кәсиби бойынша әмелий имтиханнан өткериў ҳәм оларға электрон сертификат бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

    Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри және Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң биргеликтеги буйрығы (14.07.2025 ж. АВ дизим саны 3647) менен Улыўма орта билим бериў мәкемелери питкериўшилерин үйренген кәсиби бойынша әмелий имтиханнан өткериў ҳәм оларға электрон сертификат бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

    Кәсип-өнер билимлендириўи бағдары бойынша әмелий имтиханды өткериў сәнеси ҳәм ўақты мектеп педагогикалық кеңеси тәрепинен тастыйықланады ҳәм аймақлық кәсип-өнерге оқытыў орайына рәсмий түрде хабар бериледи, сондай-ақ, имтихан басланыўынан кеминде 15 күн алдын мектепте жәрияланады.

    Әмелий имтиханды өткериў ушын мектеп директорының буйрығы менен кеминде 5 адамнан ибарат қурамда комиссия дүзиледи.

    Оқыў жылы даўамында кәсип-өнер билимлендириўи питкериўшисиниң шереклик баҳалары ҳәм әмелий имтихан нәтийжелери (25-июньға шекем) электрон платформаға киргизиледи. Буннан кейин педагогикалық кеңес сертификат бериў ҳаққында қарар қабыл етеди.

    Питкериўшилерге сертификат ҳәр жылы 30-июньға шекем, әмелий имтиханды қайта тапсырған питкериўшилерге болса 10-июльға шекем бериледи. Питкериўшилер сертификатты электрон платформа арқалы бийпул жүклеп алыўы мүмкин.

    Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 14.07.2025-жылдан күшке кирди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates