Мектеп оқыўшыларын кәсип-өнерге оқытыўда исбилерменлерди тартыў тәртиби белгиленди

    Ҳүкимет қарары (78-сан, 11.02.2025 ж.) менен "Оқыўшыларды кәсип-өнерге оқытыўда улыўма орта билим бериў мәкемелери ҳәм исбилерменлик субъектлериниң өз-ара бирге ислесиў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.

    Реже оқыўшыларды кәсип-өнерге оқытыўда улыўма орта билимлендириў мәкемелери менен исбилерменлер ҳәм өнерментлердиң өз-ара бирге ислесиў тәртибин белгилейди.

    Реже төмендегилерди нәзерде тутады:

    • улыўма орта билим бериў мәкемелери ҳәм исбилерменлер арасындағы бирге ислесиў бағдарлары;
    • улыўма орта билим бериў мәкемелери оқыўшыларын кәсип-өнерге оқытыўды шөлкемлестириў тәртиби;
    • исбилерменлер тәрепинен мектеплерде кәсип-өнер дөгереклерин шөлкемлестириў тийкарлары;
    • улыўма орта билим бериў мәкемелериниң бос турған имаратларын исбилерменлерге ижараға бериўде улыўма орта билим бериў мәкемеси ҳәм исбилерменлердиң миннетлемелери.

    Кәсип дөгереклерине кәсипке қызығыўшылығы болған 7-11-класс оқыўшылары тартылады.

    2025-жылдан 8-класс оқыўшылары ушын санаат, өндирис, хызмет көрсетиў, агротехнология тараўларындағы кәрхана ҳәм шөлкемлерге экскурсиялар шөлкемлестириледи.

    2024-2025-оқыў жылы жуўмағына шекем мектеп питкериўшилерин ийелейтуғын кәсиби бойынша әмелий имтиханнан өткериў ҳәм оларға электрон сертификат бериў тәртиби енгизиледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates