18 жасқа шекем мийнет етиўи мүмкин болған жеңил түрдеги жумыслар ҳәм кәсиплер дизими қәлиплестирилди

    Дизимде 40 жумыс ҳәм кәсип атамалары келтирилген. Атап айтқанда, оқыўшылар официант, сатыўшы, шаштәрез, буйымларды қолда тақлаўшы-қадақлаўшы, дийқан хожалығының ағзасы, жүк тасыўшы болып ислеўи мүмкин.

    Өзбекстанда улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал билимлендириў шөлкемлери оқыўшыларының мийнет етиўи мүмкин болған жеңил түрдеги жумыслар ҳәм кәсиплер дизими тастыйықланыўы күтилмекте. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен тийисли қарар жойбары ислеп шығылды.

    Онда Мийнет кодексине муўапық, сондай-ақ, денсаўлығына ҳәм руўхый жетилисиўине зыян жеткермейтуғын, оқытыў процесин бузбайтуғын жеңил мийнетти оқыўдан бос ўақытында орынлаўы мүмкин болған улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал билимлендириў шөлкемлери оқыўшыларының мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мақсетинде олардың мийнет етиўи мүмкин болған жеңил түрдеги жумыслар ҳәм кәсиплердиң дизими ислеп шығылды. Министрлер Кабинетиниң қарары менен тийисли реже тастыйықланыўы күтилмекте.

    Бунда 16 жастан 18 жасқа шекемги хызметкерлердиң жумыс ўақты тек ғана жүклерди қолда көтериў ҳәм тасыў менен байланыслы болған жумыслардан ибарат болғанда, олар ушын жүк көтериў ҳәм тасыў нормасының шегарасы 4,1 килодан аўыр болмаўы, сондай-ақ, олар арба ҳәм вагонетка жәрдеминде жүк тасыўға тартылмаўы керек.

    16 жасқа шекемги жас өспиримлердиң жумыс ўақтының үштен бир бөлеги жүклерди қолда көтериў ҳәм тасыў менен байланыслы жумыслардан ибарат болғанда, қолда жүк көтериў ҳәм тасыў нормаларының шегарасы ул балалар ушын - 6,5 килограмм, қыз балалар ушын - 3,5 килограмнан аўыр болмаўы керек.

    Тастыйықланыўы күтилип атырған "Улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал билимлендириў шөлкемлери оқыўшыларының мийнетинен пайдаланыўда олардың мийнетин ҳуқықый жақтан тәртипке салыў ҳаққында"ғы реже мүлкшилик түрине қарамастан, барлық кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер, сондай-ақ, айырым пуқаралардың ықтыярында мийнет шәртнамасы (коньтракт) бойынша ислеп атырған 18 жасқа шекемги хызметкерлердиң мийнет қатнасықларында қолланылыўы шәрт.

    15-16 жасар шахсларды жумысқа қабыл етиў оның ата-анасынан бириниң (ата-анасының орнын басыўшы шахстың) жазба разылығы бар болғанда мийнет шәртнамасы тийкарында әмелге асырылады.

    18 жасқа толмаған шахслар аўыр жумысларға ҳәмде зыянлы ҳәм қәўипли мийнет шараяты бар жумысларға қабыл етилмеўи лазым. Жумыс бериўши 18 жасқа шекемги хызметкердиң өз мийнет ўазыйпаларын орынлаў менен байланыслы майып болыўы, кәсиплик кеселликке ушыраўы ямаса денсаўлығының басқаша түрде зыянланыўы себепли оның өмири ҳәм денсаўлығына өзи жеткерген зыянды нызамшылықта белгиленген тәртипте толық көлемде қаплаўға мәжбүр.

    Улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал билимлендириў шөлкемлери оқыўшыларының мийнетинен пайдаланыўда усы режеге әмел етпеген шахслар нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық жуўапкершиликке тартылыўы күтилмекте.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates