Кәсип ҳәм шет тиллерине оқытыў ушын ваучер бериў тәртиби белгиленди

    Ҳүкимет қарары (527-сан, 20.08.2025 ж.) менен "Кәсип ҳәм шет тиллерге оқытыў ушын ваучер бериў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.

    Реже жумыссызлар, соның ишинде, "Кәмбағал шаңарақлар реестри"не киргизилген шаңарақлардың жумыссыз ағзалары ямаса рәсмий дәраматқа ийе болмаған жумыс излеп атырған шахсларды кәсип ҳәм шет тиллерине оқытыў қәрежетлерин ваучер тийкарында қаплап бериў тәртибин белгилейди.

    Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң ecosys.mehnat.uz системасында ваучер тийкарында усы категориядағы шахсларды оқытатуғын билимлендириў шөлкемлериниң электрон реестри жүргизиледи.

    Талапкер ваучер алыў ушын Министрликтиң район (қала) лық бөлимлерине тиккелей ямаса мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери арқалы, сондай-ақ, ecosys.mehnat.uz системасы арқалы арза менен мүрәжат етиўи мүмкин.

    Талапкерге, биринши гезекте, район (қала) лық бөлимлер тәрепинен 1 күн мүддетте оның қәнигелигинен келип шығып, бар бос (вакант) жумыс орынлары усыныс етиледи.

    Пуқараның қәнигелиги болмағанда ямаса усыныс етилген жумыс орны мақул болмағанда, ваучер бериў мәселеси көрип шығылады.

    Онда талабан ecosys.mehnat.uz системасында скорингтен өткериледи ҳәм оның белгиленген категориялардан бирине кириўи анықланса, ол ваучер алыў ҳуқықына ийе болады.

    Талапкер ваучерден 3 ай мүддетте пайдаланыўы керек.

    Ваучер тийкарында кәсип ҳәм шет тиллерин үйрениў тилегин билдирген талабан 1 мәрте бийпул оқыў ҳуқықына ийе.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates