Бәринен бурын, сиз, әзизлерди елимиздеги 10 мыңнан аслам мектеплерде Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамына үнлес ҳалда өтип атырған Билимлер күни менен қызғын қутлықлайман.
Бул қуўанышлы әййямда "Биринши қоңыраў"лар жаңлаўы астында биринши мәрте мектеп босағасына қәдем қойып атырған 720 мыңнан аслам ул-қызларымыз ҳәм ақлықларымызды, олардың ата-аналарын айрықша қутлықлап, өзимниң ең жақсы тилеклеримди билдириўден оғада қуўанышлыман.
Сөзсиз, кейинги жыллары пүткил елимиз сыяқлы мектеплеримиздиң келбети де түп-тийкарынан өзгерип, олар шын мәнисинде Жаңа Өзбекстанның тымсалына айланып баратырғаны бәршемизди шексиз қуўандырады. Себеби, мектеп қаншелли абат ҳәм жарық болса, жәмийетлик турмыс соншелли абадан, мазмунлы ҳәм ағартыўшы болады.
Усы мәнисте, елимизде тәлим-тәрбия процесслери барған сайын жетилистирилип атырғаны, ҳәр жылы көплеген жаңа оқыў орынлары қурылып атырғаны, олардың материаллық-техникалық базасы беккемленип, мектеп жумысы улыўмахалықлық ҳәрекетке айланғаны - кейинги дәўирде ерискен ең үлкен жетискенликлеримизден бири, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Шынында да, көзлери илимге ҳәўес ҳәм толқынланыў менен жайнап турған сиздей күш-ғайратлы жасларымызға раўажланыў ҳәм жетилисиў, бахыт ҳәм саадат есиклерин ашып беретуғын муқаддес дәргай - мектеплеримиздиң раўажланыўында биз халқымыз, миллетимиздиң жарқын келешегин көремиз. Бүгинги күнде өз алдымызға қойып атырған үлкен-үлкен мақсетлерге ерисиўдиң тийкарғы факторы, бас гилтин, бәринен бурын, билимлендириўде, мектеплеримизде, деп билемиз.
Соңғы жыллары оқыўшы жасларымыз ҳүрметли устаз ҳәм тренерлери менен бирге әне усындай жоқары итибарды терең сезинип, оқыўда, дөретиўшиликте, спортта, жәмийетлик жумысларда әҳмийетли жеңислерди қолға киргизип атырғаны бизге, әлбетте, қосымша күш-ғайрат, илҳам ҳәм исеним бағышлайды.
Көплеген мектеп питкериўшилери елимиздеги абырайлы жоқары оқыў орынлары менен бирге сырт елдеги жетекши университетлерге жоқары балл менен оқыўға кирип атырғаны, турмыста өзиниң мүнәсип орнын таўып, Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына үлкен үлес қосып атырғаны турмысымызда мектептиң, устаз-муғаллимлердиң әҳмийети және де артып баратырғанын көрсетеди.
Сиз, әзизлер, әне усындай ийгиликли дәстүрлерди мүнәсип даўам еттиресиз ҳәм жоқары басқышқа көтересиз, деп исенемен.
Ҳеш қашан умытпаң, мектеп - бул әжайыбат, китап, устазлар өтетуғын ҳәр бир сабақ - шексиз ғәзийне.
Алдыңызға анық мақсет қойып, бар күш-ғайратыңыз, билим ҳәм қәбилетиңиз бенен ҳәрекет етсеңиз, гөзлеген шеклерге әлбетте жетесиз.
Бул жолда сизлерге беккем денсаўлық, табыс ҳәм жеңислер тилеймен.
Жаңа оқыў жылы бәршеңизге мүбәрек болсын!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти








