Елимизде ғәрезсизлик жылларында алып барылған кең көлемли реформалар нәтийжесинде миллий мәмлекетшилигимиздиң тийкары беккемленип, мәмлекетимиздиң суверенитети, шегараларымыздың қол қатылмаслығы тәмийинленди. Тынышлық ҳәм татыўлық, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик орталығын күшейтиў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды.

Әсиресе, жаңа Өзбекстанды қурыўға кирискеннен кейин өткен қысқа дәўирде мәмлекетимиз экономикасы жеделлик пенен өсип, жалпы ишки өнимимиздиң көлеми тарийхта биринши мәрте 110 миллиард АҚШ долларынан артты. "Жасыл" ҳәм инновациялық экономикаға өтиў, қолайлы энергия дәреклерин жаратыўға байланыслы әмелге асырылып атырған үлкен бағдарлама ҳәм жойбарлар экономикамыздың раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў, бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў, ең тийкарғысы, ўатанласларымыздың турмыс абаданлығын буннан былай да арттырыўға тийкар жарататуғыны сөзсиз.

Бүгинги күнге келип дүнья ҳәр қашанғыдан да тыныш емес болып бармақта. Өз ара саўда урыслары, қураллы келиспеўшиликлер сол аймақларда жасайтуғын халықтың турмысына үлкен қәўип салыў, диңкесин қурытыў менен бир қатарда, жәҳән экономикасының турақлылығына унамсыз тәрептен сезилерли тәсир етпекте. Мине, усындай қыйын бир шараятта мәмлекетимизде барлық тараў ҳәм тармақларда демократиялық жаңаланыў процесслери әмелге асырылып атырғаны дыққатқа ылайық.

Соның ишинде, мәмлекетимиз халықаралық қатнасықлардың тең ҳуқықлы субъекти сыпатында регионаллық ҳәм глобал дәрежеде жедел прагматикалық сыртқы сиясат алып барып, сырт елли шериклер менен өз-ара пайдалы қатнасықларды жедел раўажландырмақта.

Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы дәстүрий шериклер болып, кейинги жыллары бул қатнасықлар жаңа басқышқа шықты. Атап айтқанда, Самарқандта "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити болып өтти. Онда мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлеп, соңғы жылларда терең тарийхый тамырларға ийе болған қатнасықларымыз ҳәзирги заман шараятында жедел раўажланып ҳәм ҳәр тәреплеме беккемленип атырғанын айрықша атап өтти. Соның ишинде, "Биз геосиясий келиспеўшиликлер, қәўипсизлик машқалалары, ири регионаллық келиспеўшиликлердиң және турақлы раўажланыўға социаллық ҳәм экономикалық қәўиплердиң күшейиўине гүўа болмақтамыз. Ҳеш бир регион кең халықаралық бирге ислесиўсиз бундай қурамалы мәселелерди еркин ҳалда шеше алмайтуғыны белгили. Усы мүнәсибет пенен Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы дәстүрий шериклер болып, өз-ара тығыз бирге ислесиў ушын талап тек ғана өсип баратырғанын атап өтиўди қәлер едим. Биз де Европа тәрепи сыяқлы халықаралық ҳуқықтың принциплери ҳәм нормаларына садықлығымызды билдиремиз", деди.

Европа Аўқамы дүньядағы ең раўажланған регионаллық интеграция блогы есапланады. Аўқам 27 мәмлекетти, соның ишинде, "үлкен жетилик"ке ағза үш мәмлекет: Германия, Франция ҳәм Италияны бирлестирген. Структура аймағында 500 миллионнан аслам халық жасайды. Регионның номинал жалпы ишки өними 19 триллион евродан асады. Сатып алыў паритетине бола, 26 триллион евроға тең.

Дүньядағы ең ири базар ҳәм ең ири экспортёр сыпатында Европа Аўқамы өз товарларының дүнья базарларында ҳәрекетин хошаметлеў ҳәм сыртқы саўда, экономикалық қатнасықларды және де раўажландырыўды қәлейди. Сол себепли де Орайлық Азияға умтылмақта, Өзбекстан менен бирге ислесиў байланысларын және де беккемлеўге ҳәрекет етпекте.

2024-жылы мәмлекетимиз ҳәм ЕА мәмлекетлери арасындағы товар алмасыў көлеми 6,4 миллиард долларды қурап, өткен жылға салыстырғанда бул көрсеткиш 5,2 процентке өскен. Елимизде Европа капиталының қатнасыўында мыңнан аслам кәрхана жумыс алып бармақта, инвестициялық жойбарлардың көлеми болса 30 миллиард евроға жеткенин атап өтиў керек.

Мәмлекетимиздиң Россия, Қытай, АҚШ, Германия, Франция, Уллы Британия, Италия, Түркия ҳәм Азияның ири мәмлекетлери менен бирге ислесиўи, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери менен қатнасықлары да кейинги жылларда және де беккемленди. Әсиресе, регион мәмлекетлери менен барлық тараўларда өз-ара дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик руўхындағы қатнасықларды сапа ҳәм мазмун жағынан жаңа басқышқа алып шығыў бағдарында көплеген жетискенликлерге ерисилди.

Өзбекстан БМШ, ШБШ, ҒМДА, ТМШ ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер шеңберинде терроризм ҳәм басқа да қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, тынышлықты тәмийинлеў тараўындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырды. Президентимиз БМШ Бас хаткери Антониу Гутерришке дүньяда аўызбиршилик ҳәм тилеклесликти жедел алға қойыў, шөлкем жумысының нәтийжелилигин арттырыў, елимиз ҳәм БМШ арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўдеги хызметлери ушын Өзбекстанның жоқары мәмлекетлик сыйлықларынан бири - "Жоқары дәрежели Дослық" орденин салтанатлы тапсырыўы глобал ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе кең көлемли реформаларымыз ҳәм басламаларымыз, сондай-ақ, БМШ институтларының республикамыздағы жумысы ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атырғанынан дәрек береди.

Өзбекстанның ишки сиясатындағы унамлы өзгерислерге де итибар қаратыў лазым. 2025-жылдың биринши ярым жыллық жуўмағы бойынша ЖИӨ көлеми 6,7-6,8 процент әтирапында қәлиплесиўи күтилмекте. Атап айтқанда, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 6,3 процент, базар хызметлери - 13,5 процент, аўыл хожалығы 4 процент, қурылыс жумыслары - 9,7 процентке өсиўи күтилмекте.

Базар хызметлериниң көлеми 459,7 триллион сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 13,5 процентке тең болған. Бунда байланыс ҳәм информацияластырыў хызметлери 23,2 процентке, финанслық хызметлер 18,2 процент, транспорт 13,6 процент, саўда 9,2 процент, билимлендириў 9,1 процент, жасаў ҳәм аўқатланыў хызметлери болса 7,5 процентке жоқары болыўы есап-санақ етилген. Сондай-ақ, саўда ҳәм төлемли хызметлерден түсимлер өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 25,9 процентке өсти.

Биринши ярым жыллықта экспорт көлеми 16,9 миллиард долларды қурады. Онда товар ҳәм хызметлер экспорты (арнаўлы экспортсыз) 23 процентке артыўы күтилмекте (10,4 миллиард доллар).

Улыўма алғанда, соңғы жылларда Өзбекстан сыртқы экономикалық жумысындағы түпкиликли өзгерислер экспорттың раўажланыўында да өз көринисин таппақта. Биринши ярым жыллықта экспорт көлеми жоқарыда атап өткенимиздей дерлик 17 миллиард долларға жетип, 33 процентке өскени де пикиримизди тастыйықлайды. Бул әлбетте, тиккелей мәмлекетимиз басшысы тәрепинен әмелге асырылып атырған избе-из, ақылға уғрас ҳәм халықшыл экономикалық сиясаттың нәтийжеси болып есапланады.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде экспортқа бағдарланған экономиканы қәлиплестириў тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында белгилеп алынды. Бул бағдарда бир қатар системалы жумыслардың жолға қойылғаны, соның ишинде, әпиўайыластырылған экспорт тәртип-қағыйдалары, электрон платформа арқалы экспорт етиў имканиятлары, жергиликли ислеп шығарыўшыларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бағдарламалары, жаңа экспорт базарларын өзлестириў бойынша сиясий ҳәм дипломатиялық жумыстың кеңейиўи сыяқлы илажлар үлкен нәтийже бермекте.

Нәтийжеде дәслепки алты айда 1 мың 557 жаңа кәрхана экспорт жумысына тартылып, олар тәрепинен 650 миллион долларлық өним сырт елге экспорт етилди. Бул Өзбекстанда исбилерменлик орталығының түп-тийкарынан жақсыланғанын, мақсетимиз уллы ҳәм исенимли екенин, күш-ғайратымыз бәлент екенин, қолға киргизип атырған жетискенликлеримиз ҳәрекетлеримизге жараса екенин көрсетеди.

Елимизде аграр тараўды модернизациялаў, санаатты локализациялаў, қурылыс материаллары кластерин қәлиплестириў, туризм ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўларын раўажландырыў бағдарындағы реформалар да экспортты турақлы раўажландырыўда өз нәтийжесин бермекте. Атап айтқанда, мийўе-овошлардың экспорты 243 миллион долларды қурап, 140 процентке өсиўге ерисилди. Тап усындай, зергерлик өнимлериниң экспорты 4,6 есеге өсип, 170 миллион долларға, мәлимлеме хызметлери - 219 миллион долларға (193 процент өсиў), туризм - 705 миллион долларға (154 процент өсиў) жетти.

Экспорт өсиўи аймақлық жақтан да жоқары пәтлерде өтпекте. Соның ишинде, Ташкент қаласы - 493 миллион долларлық өсиў (131 процент). Самарқанд - 138 процент, Сурхандәрья - 162 процент, Ферғана, Хорезм, Наўайы - 100 проценттен жоқары өсиў. Бул болса жергиликли ҳәкимликлерге кең ўәкилликлер бериў, аймақлық жойбарларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм экспорт инфраструктурасын жаратыў сиясатының табысын көрсетеди.

Бундай салмақлы нәтийжелер ғәрезсизлигимизди беккемлеўге хызмет етеди. Себеби, мәмлекетимизде ҳәзирги ўақытта болып атырған тарийхый жаңаланыў процесслери, жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы реформалар ўатанласларымыздың абаданлығын арттырыў, имканият ҳәм потенциалын жүзеге шығарыўы ушын шараят жаратыў арқалы бүгинги жасап атырған күнинен разылығына ерисиў, Ўатанымыздың экономикалық турақлылығын тәмийинлеўге қаратылған. Басқаша айтқанда, барлығы Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!

Жамила БАБАНАЗАРОВА,

Олий Мажлис Сенаты ағзасы