Бәринен бурын, Сиз, әзизлерди - Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжаннан келген белгили илимпаз ҳәм изертлеўшилер, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлерин, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин, бай руўхый-ағартыўшылық мийрасымыздың әҳмийетли мәселелерине бағышланған биринши халықаралық конгресстиң барлық қатнасыўшыларын шын жүректен қутлықлаўдан оғада қуўанышлыман.
Бизге белгили, әзелий дослық ҳәм туўысқанлық байланыслары менен байланысқан Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан халықларын улыўма тарийх ҳәм мәдениятымыз, бай руўхый ҳәм илимий мийрасымыз және де бирлестирип келеди.
Мәмлекетимиз аймағында жасап дөретиўшилик пенен шуғылланған уллы ойшыллар дүньяны билим ҳәм ағартыўшылық нуры менен жарытып, фундаментал шығармалары, белгили илимий ойлап табыўлары арқалы дүнья раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан.
Бул әнжуман жаңадан қурылған Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында болып өтип атырғаны бийкарға емес, әлбетте. Бул саўлатлы комплексте үш мың жылдан аслам даңқлы тарийх, соның ишинде, регионымыз жериндеги Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўирлерин, сондай-ақ, Жаңа Өзбекстанның бүгинги раўажланыўы ҳәм келешегин жәмлеген сийрек ушырасатуғын интеллектуаллық-мәнаўий мәканда Сизлер бул ҳақыйқатты анық сезиниўиңиз мүмкин.
Ҳүрметли конгресс қатнасыўшылары!
Түрли регионларда қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлер күшейип баратырған ҳәзирги қыйын дәўирде тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаў, ҳәр бир жумыста илим ҳәм ағартыўшылыққа сүйениў, түрли халықлар арасында өз-ара аўызбиршилик орталығын беккемлеў, цивилизациялараралық қарым-қатнасты күшейтиў бәршемиздиң ең әҳмийетли ўазыйпамыз болып қалмақта.
Өзбекстанда бул бағдарда үлкен реформалар әмелге асырылмақта. Соңғы жыллары дерлик 500 жаңа улыўма билим бериў мектеби қурылғаны, жоқары оқыў орынларының саны 77 ден 202 ге жеткени, Президент мектеплери, уллы илимпаз ҳәм ойшыллардың атлары менен аталатуғын дөретиўшилик мектеплери жумыс алып барып атырғанын айрықша атап өтиў орынлы.
Халықаралық шериклеримиз бенен руўхый-ағартыўшылық мийрасты сақлаў бойынша тәжирийбе ҳәм пикир алмасыў, биргеликтеги изертлеў ҳәм жойбарлардың тийкарғы бағдарларын анықлап алыў буннан кейин де турақлы итибарымыз орайында болады.
Сизлердиң қатнасыўыңызда Орайлық Азиядағы ислам цивилизациясының глобал ағартыўшылық ҳәрекети, илим ҳәм мәденияттың раўажланыўына қосқан үлесин тән алыў ҳаққында БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясы жойбарын ислеп шықсақ, бул бағдарда үлкен әмелий қәдем болады. Биз келеси жылы БМШтың Бас резиденциясында уллы бабаларымыздың бай илимий ҳәм руўхый мийрасына бағышлап шөлкемлестирилетуғын презентация шеңберинде бул резолюцияны қабыл етиў бойынша өз алдына илаж өткериўди режелестиргенбиз.
Уллы тарийхқа ийе Орайлық Азияның илим ҳәм ағартыўшылық орайы сыпатындағы орнын және де беккемлеў ушын биргеликте нәтийжели жумыс алып барыўымыз зәрүр ҳәм бул мақтанышлы жолда барлық шараятларды жаратып бериўге таярмыз.
Бүгинги әнжуман келешекте де турақлы өткерилип, илимий-мәдений турмысымызда нәтийжели пикирлесиў майданына айланатуғынына исенемен.
Бәршеңизге беккем денсаўлық, мақтанышлы жумысыңызда жаңа табыс ҳәм әўметлер, конгресс жумысына болса табыслар тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти








