Енди болса бул жаңалық болмай қалды. Робототехнологиялар бүгин елимиздиң медицинасына да жедел кирип келмекте. Робот системалар хирурглерге денениң ең нәзик жерлеринде де жоқары анықлықта ҳәрекет етиў имканиятын береди. Шыпакердиң қолы қалтырамайды, робот ҳәр бир ҳәрекеттиң тегислиги ҳәм анықлығын тәмийинлейди. Дәстүрий әмелиятлардан парықлы түрде, операция процесинде үлкен кесимлерге зәрүрлик қалмайды. Денедеги киши кесимлер арқалы наўқаста операция өткериледи. Аз инвазив усылдан соң наўқас операциядан кейин күшли аўырыўды сезбейди. Шандықлар үлкен болмайды ҳәм организм тезирек тикленеди.
Робот хирургиядан пайдаланыў ҳаққындағы қарар кеселлик түрине ҳәм наўқастың улыўма денсаўлығына байланыслы. Бул усыл әдетте қурамалырақ ҳәм жетип барыў қыйын болған жерлерде операцияға зәрүрлик сезилгенде қолланылады. Мысал ушын, жүрек ҳәм өкпе кеселликлери, асқазанды шунтлаў, урология, гинекология, онкология ҳәм басқа да кеселликлерде пайдаланыў мүмкин.
Республикалық қәнигелестирилген урология илимий-әмелий медицина орайында шыпакерлерге жақын жәрдемши болған “REVO-I” маркалы сийрек ушырасатуғын робот-хирург Қубла Кореяның “Meere” компаниясында ислеп шығарылған болып, оның имканиятлары оғада кең. Бул қурылма жәрдеминде орынланатуғын операциялар наўқастың өмири ушын әҳмийетли болған басқа ағзаларға тәсир етпеўи, минимал қан жоғалтыў менен өтиўи ҳәм операциядан кейинги реабилитация процеси қысқа екенлиги менен әҳмийетли.
- Өткен жылдың өзинде Түркиядағы клиникаларға Өзбекстаннан көплеген пуқаралар мүрәжат еткен, - дейди медицина илимлериниң докторы Муҳамед Зариф Баҳодирхонов. - АҚШ, Германия, Қубла Корея, Ҳиндстанға жол алып атырған наўқаслардың саны да салмақлы. Нәтийжеде асқыныўы аз хирургиялық операциялар ушын үлкен қаржы жумсалады. Мине, усы аз инвазивли, қурамалы хирургиялық операциялар елимизде де роботлар жәрдеминде табыслы орынланып атыр. Усы күнге шекем робот жәрдеминде 500 ден аслам операция исленгени ҳәм нәтийжелердиң унамлы екенлиги мәмлекетимиз медицинасының жәҳән стандартларына жақынласып атырғанынан дәрек береди.
Хирургиялық әмелиятта робот ассистенттиң абзаллықлары көп. Мәселен, операция жүдә жоқары анықлықта орынланади. Процесс қәўипсизлиги тәмийинленеди. Шыпакерге инсан денесиниң ең қурамалы бөлимлеринде ҳәм кеселликтиң ең аўыр дәрежелеринде де еркин ислеў имканияты пайда болады. Әлбетте, жоқары тәжирийбели хирург қадағалаўында, робот жәрдеминде орынланған операциядан соң наўқас тез аяққа турады. Асқыныў сезилмейди. Шыпакердиң болса операция ўақтында қәте ислеў итималы аз болады. Себеби робот барлық буйрықларды жоқары анықлықта орынлайды.
- Сырт елде өткерилетуғын урологиялық операцияларға 50 мың долларға шекем сарыпланыўы мүмкин, - дейди Муҳамед Зариф Баҳодирхонов. - Мәмлекетимизде робот жәрдеминде өткерилетуғын операцияға 15-20 есеге аз қәрежет жумсалады. Елимизде бул тараў жедел раўажланады ҳәм ең қурамалы кеселликлерди емлеўде жоқары нәтийжеге ерисилетуғынына исенемен.
Жақында Республикалық қәнигелестирилген нейрохирургия илимий-әмелий медицина орайында Өзбекстанда биринши мәрте робот-ассистент жәрдеминде жоқары технологиялы операция өткерилди. Орайлық нерв системасы кеселликлерин емлеўде жаңа имканиятлар ашып берген бул әмелият табыслы жуўмақланды.
- Усы жылдың биринши ярымында жәми 1,2 мыңға шамалас операция өткердик, - дейди Республикалық қәнигелестирилген нейрохирургия илимий-әмелий медицина орайының директоры Ғайрат Кариев. - Соннан дерлик 770 и жоқары технологиялық хирургиялық әмелият болып есапланады. Усындай сийрек ушырасатуғын әмелиятлардың бири биринши мәрте 6 айлық нәрестеде орынланды. Кишкене наўқас еки айлығынан баслап турақлы тутқанақ тутыўынан азап шегип келген. Бул жағдай қайта-қайта бола бергеннен соң, соңғы ўақытлары есинен айрылған. Медициналық әмелиятта оғада қурамалы ҳәм қәўипли операция табыслы өткерилди. Тутқанақ тутыўлары тоқтады. Нәресте саламат турмысқа қайтты.
Атап өтилиўинше, робот-ассистент имканиятлары жоқары анықлық талап ететуғын әмелиятларды, атап айтқанда, паркинсон кеселлигинде мийдиң терең структураларына арнаўлы электродларды анық жайластырыў сыяқлы қурамалы операцияларды да орынлаў имканиятын береди. Робот-ассистентти әмелиятқа енгизиў миллий нейрохирургияның раўажланыўында әҳмийетли қәдем болып, халыққа заманагөй ҳәм жоқары технологиялы медициналық хызметлерди және де жақынластырыўға хызмет етеди.
- Әлбетте, робот өз бетинше операция ислемейди, ол шыпакерге ассистент, жәрдемши есапланады, - дейди нейрохирург шыпакер Хуршидбек Шавкатбеков. - Ол операция процесинде навигация жәрдеминде мийдиң қайсы бөлиминде екенимизди ямаса қайсы бөлимине кирмекши екенимизди көрсете алады. Және бир ўазыйпасы керекли ноқатты жоқары анықлықта таўып бере алады. Мысалы, мийдиң бир бөлегиндеги өспеден биопсия алып гистологияға тапсырмақшымыз болса, робот сол ноқатқа қанша тереңликке кириўимиз кереклигин көрсетип береди ҳәм бағдарлайды. Бас бетинде үш миллиметрли кесиндиден кирип, өспеден бөлек алыўымыз мүмкин. Бурынғыдай үлкен кесим, сүйекти пышқылаўға зәрүрлик қалмайды. Минимал инвазив жол менен наўқастың мийине электродлар орнатыў мүмкин. Паркинсон, эпилепсия кеселликлеринде ДБС, эпилепсия кеселлигинде стерео-ЭЭГ (СЭЭГ) электродлары орнатылады. Буның ушын робот жәрдеминде биз карта дүзип аламыз. Бул операцияның табыслы өтиўин ҳәм емлеў нәтийжелилигин тәмийинлейди.
Орайда робот жәрдеминде бир айда 15 - 20 наўқасқа жоқары технологиялық жәрдем көрсетиледи. Онкологиялық наўқасларда робот стереобиопсияда кеңнен қолланылса, паркинсон ҳәм дистония кеселлигине ДБС электродларын орнатыўда қолайлы болмақта. Жақында жергиликли қәнигелердиң қатнасыўында бас мийде темир топланыўы - PKAN (Pantothenate Kinase-Associated Neurodegeneration) пантотенат киназа менен байланыслы нейродегенерация диагнозы қойылған наўқасқа хирургиялық әмелият өткерилди.
- PKAN бас мийде темирдиң артықша топланыўы нәтийжесинде нерв клеткаларының зыянланыўы менен өтетуғын нәсиллик, аз ушырасатуғын нейродегенерациялық кеселлик болып есапланады, - дейди нейрохирургия бөлиминиң баслығы Шоҳруҳ Зиёваддинов. Кеселлик PANK2 гениндеги өзгерис себепли раўажланады ҳәм нерв клеткаларында метаболик теңсалмақлылықтың бузылыўы мийде темир топланыўына алып келеди. Мийде темир артықша топланғанда нерв клеткалары хызмети бузылады, нәтийжеде ҳәрекет координациясы бузылады, булшық етлер тартылыўы (дистония), сөйлеў әстенлесиўи, жүриўдеги машқалалар, гейде руўхый өзгерислер жүз береди.
Ҳәзирше бул кеселликти толық емлеп болмайды. Бирақ заманагөй медициналық қатнаслар, соның ишинде, робот жәрдеминде терең мий стимуляциясы сыяқлы нейрохирургиялық усыллардың қолланылыўы себепли наўқаслардың турмыс сапасы жақсыланбақта.
Елимиздиң денсаўлықты сақлаў тараўын раўажландырыў, заманагөй технологияларды әмелиятқа кеңнен енгизиў, бул арқалы халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Буны бүгин кеселликлерди ерте анықлаў, диагностика ҳәм емлеў жумысларында жаңа имканиятлар иске қосылып атырғаны мысалында да көриў мүмкин. Хирургиялық әмелиятларда робот технологиялары кеңнен қолланылып атырғаны айырым қыйын кеселликлерди табыслы емлеў арқалы халықтың турмыс сапасын арттырыўға хызмет етпекте.
Рисолат МАДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы



