Бул тараўға көплеген жеңилликлер берилип, басламалар қоллап-қуўатланбақта. Туризм аўылларында зәрүр инфраструктура шөлкемлестирилмекте. Бул имканиятлардан пайдаланып, үйинде мийман үйи ашқанлар көп.

Кейинги жыллары Кумушканга туристлердиң келиўи көбейген. Бүгинги күнде сексеннен аслам шаңарақта мийманхана шөлкемлестирилген. Оларда жылына 172 мың туристке хызмет көрсетилмекте.

Усындай исбилерменлерден бири Олим Юсубов сай бойындағы ҳәўлисинде 48 орынлық мийман үйин ашқан. Ханалар миллий усылда, ықшам етип үскенеленген. Мийман үйи жылына 2 мыңнан аслам туристке хызмет көрсетеди.

Президентимиз бул жердеги абатлық ҳәм исбилерменликти көрип, бундай жойбарларды басқа да сулыў орынларда шөлкемлестириў керек екенлигин атап өтти. Исбилерменлерге зәрүр қаржы ажыратып, қосымша хызметлер шөлкемлестириўине жәрдемлесиў бойынша жуўапкерлерге көрсетпе берди. Мәҳәллелерде ишки имканиятларды жүзеге шығарыў халықты бәнт етиўде үлкен дәрек екени атап өтилди.

Бул жерлерге туристлер сулыў көринислерден заўықланыў ушын келеди. Сондай-ақ, Мешитли зыярат етиў орны да дыққатқа ылайық орынлардан бири.

Ташкент ўәлаятында мыңға шамалас усындай мийман үйлери бар. Оларда 2 мың 500 жумыс орны жаратылған.