Форум шеңберинде студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылар алмасыўын раўажландырыў, қоспа билимлендириў бағдарламаларын шөлкемлестириў, биргеликте илимий изертлеўлер алып барыў, академиялық мобилликти кеңейтиўге қаратылған 20 дан аслам шәртнама, келисим ҳәм меморандумлар қабыл етилди.

Қол қойылған ҳүжжетлер еки мәмлекеттиң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери арасында билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Атап айтқанда, университетлер арасында студент ҳәм профессор-оқытыўшылар алмасыўын жолға қойыў, биргеликте илимий-изертлеўлер алып барыў, академиялық мобиллик бағдарламаларын әмелге асырыў, халықаралық конференциялар ҳәм илимий форумларды биргеликте шөлкемлестириў мәселелери қамтып алынған.