Өзбекстан ҳәм Гонконг арасында тиккелей авиақатнаўлар жолға қойылады

    15 қыркүйек 2025 478

    2025-жыл 11-сентябрь күни Гонконгта болып өткен "Бир мәкан, бир жол" саммити шеңберинде Uzbekistan Airports ҳәм Гонконг халықаралық аэропорты басшылары арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылған еди.

    Келисим Өзбекстан ҳәм Гонконг арасында авиақатнаўларды ашыў, сондай-ақ, аэропорт тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған. Ҳүжжет басқарыў тәжирийбесин алмасыў, операциялық жумыс нәтийжелилигин ҳәм хызмет көрсетиў сапасын арттырыў, Гонконг халықаралық авиация академиясы (HKIAA) бағдарламалары арқалы кадрлар таярлаў ҳәм оқытыў, сондай-ақ, авиация тармағын турақлы раўажландырыў бойынша биргеликтеги басламаларды нәзерде тутады.

    "Гонконг аэропорты ҳәкимшилиги менен меморандумға қол қойылыўы тиккелей авиақатнаўларды раўажландырыў ҳәм авиация тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў ушын жаңа имканиятлар ашады. Бул келисим Өзбекстанның глобал авиация тармағына интеграцияласыўында әҳмийетли қәдем болады ҳәм жолаўшылар ағымының өсиўине, туризмниң раўажланыўына ҳәм мәмлекеттиң транспорт-логистика потенциалының беккемлениўине хызмет етеди", - деп атап өтти Uzbekistan Airports басқармасы баслығының операциялық жумыслар бойынша биринши орынбасары Салоҳиддин Носиров.

    "Биз Uzbekistan Airports пенен бул меморандумға қол қойғанымыздан қуўанышлымыз. Келисим жаңа жөнелислерди ашыў ҳәм Гонконг пенен Өзбекстанды байланыстыратуғын рейслердиң санын арттырыў имканиятын береди. Сондай-ақ, авиация тараўы қәнигелерин таярлаўға айрықша итибар қаратпақтамыз. 2017-жылдан берли HKIAA 380 мыңнан аслам қатнасыўшы, соның ишинде, "Бир мәкан, бир жол" басламасы мәмлекетлериниң ўәкиллери ушын кең көлемли бағдарламаларды әмелге асырды. Тәжирийбемиз өзбекстанлы шериклеримиз ушын да үлкен әҳмийетке ийе екенин қәдирлеймиз", - деп пикир билдирди Гонконг халықаралық аэропортының бас директоры Вивиан Чанг.

    Бүгинги күнде Гонконг халықаралық аэропорты дүньяның 200 ден аслам жөнелислерине, соның ишинде, "Мәкан ҳәм жол" бағдарының 36 мәмлекетиндеги 58 аэропортқа хызмет көрсетпекте. HKIAA да 140 қа шамалас авиакомпания пәрўазларды әмелге асырмақта, бул болса пандемияға шекемги көрсеткишлерден жоқары.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates