Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин (МШБ) көбейтиўге айрықша итибар қаратылып атырғанының себеби сонда. Буннан 8 жыл алдын бақшалардың саны 5200 еди. Бүгин бул көрсеткиш 38 мыңға жеткен. Солай болса да, нәўбетте турғанлардың қатары бираз көп. Соның ушын да "Өзбекстан - 2030" стратегиясында 2025-жылдың ақырына шекем мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўды 78 процентке, 6 жасар балаларды мектепке таярлаў системасы менен қамтып алыў көрсеткишин 96 процентке жеткериў ўазыйпасы белгиленген. Соған муўапық исленген ис-ҳәрекетлер себепли жуўмақланып атырған жылы мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў көлеми 78,4 процентке жетти. 6 жасар балалардың қамтып алыныўы 98 процентке жеткерилип, бийпул таярлаў топарларында мектепке сапалы таярлаў жумыслары орынланды.
Санлардың жылдан-жылға артып барыў талабы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тармағын кеңейтиўге хызмет етеди. Жаңа түрдеги МШБлардың системаға кирип келиўи себепли мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң саны 8 есеге артты. Системаның нәтийжелилигин арттырыў ушын мәмлекетимиз басшысының 10 ға шамалас пәрман ҳәм қарарлары шықты. Билимлендириўге ең көп итибар қаратылған 2025-жылы мәмлекетке қараслы 100 ден аслам, жеке меншик шериклик тийкарындағы 100 ден аслам жаңа МШБ ҳәм 1200 ге шамалас шаңарақлық бақша жумысы жолға қойылды. Нәтийжеде мәмлекет бойлап 100 мыңға шамалас бала орны ашылды. Қамтып алыўды арттырыў мақсетинде жаңа, заманагөй жойбарлар тийкарындағы 38 МШБ қурып питкерилди. 129 ында реконструкциялаў, 15 инде толық оңлаў жумыслары орынланды. Шетки ҳәм алыс, таўлы, МШБ қурыў мүмкин болмаған аймақларда 30 жаңа автобус тийкарындағы 60 мобил топар арқалы 3000 ға шамалас бала мектепке шекемги билимлендириўге тартылды.
Усы жылдан баслап биринши мәрте тәжирийбе-сынақ тәризинде 208 бақшаларда инклюзив топарлар ашылды. Оларға қамтып алынған балалар менен коррекциялық раўажландырыўшы шынығыўлар өтип атырған тәрбияшы, тәрбияшының жәрдемшиси, психолог, дефектолог, логопедлердиң мийнет ҳақысына қосымша үстемелер белгиленди.
2025-жылы 50 район (қала) да Дәслепки раўажланыў орайлары ашылды. Мектепке шекемги билимлендириў хызметлеринен пайдаланыўдың әжайып альтернативасы болған, мәмлекет тәрепинен қаржыландырылатуғын ҳәм басқарылатуғын бул форма өзин ақлаған тәжирийбе сыпатында республикамыздың барлық аймақларында енгизилмекте. Бул орайлар мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алынбаған 3-6 жастағы балалар ушын "ойын топарлары" ҳәм айрықша билим алыў зәрүрлиги болған 2-7 жастағы балалар ушын "арнаўлы мектепке шекемги билимлендириў хызмети" моделлери тийкарында жумыс алып бармақта. Оларға балаларды қабыллаў мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қабыллаў тәртиби тийкарында әмелге асырылмақта. Бул бағдарда кәмбағал шаңарақлардың перзентлерине үстинлик берилмекте. Тәрбияланыўшылардың мәмлекетке қараслы басқа да мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериндеги нәўбети сақлап қалыныўы, олардан ата-ана төлеми өндирилмеўи де халыққа жүдә үлкен әмелий жәрдем болды.
Сан емес, сапа бирлемши
Баланы бақшаға алып барыўдан мақсет оны кешке шекем тек қадағалаўда услап турыў емес. Сонлықтан, МШБларда тәлим-тәрбия сапасын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Қолланбалар, бағдарламалар жаңаланып атырғаны, сырт ел тәжирийбеси тийкарында жойбарлар ислеп шығылып атырғаны пикиримизди тастыйықлайды. Соның ишинде, быйыл мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ушын Сингапурдың “Marshall Cavendish Education” шөлкеми менен биргеликте тәрбияланыўшылардың интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик раўажланыўына бағдарланған "Қуўнақ математика", "Билимли балажан" атамасындағы оқыў-методикалық комплекслер таярланды. Тәрбияланыўшылар бул шынығыў дәптерлери арқалы сан ҳәм санаўды үйренбекте, формаларды парықламақта, еркин пикирлеўди раўажландырмақта. Олардың күнделикли турмыстағы математикалық мәселелерди шеше алыўы, әмелий тапсырмаларды орынлаўға урынып атырғаны да ырас.
Жақында пайтахтымызда болып өткен мектепке шекемги билимлендириў системасын трансформациялаўға байланыслы халықаралық илимий-әмелий конференцияда жергиликли ҳәм сырт елли қәнигелер миллий реформаларды халықаралық тәжирийбе менен үйлестириў, инновациялық қатнаслар, жасалма интеллект, инклюзив билимлендириў мәселелерин додалағаны система раўажланыўы жолындағы және бир ҳәрекет болды. Себеби, тема шеңберинде әмелий усыныслар ислеп шығылды, тәжирийбе алмасылды.
Сапа ҳәм нәтийжелилик ҳаққында сөз болғанда, усы жылы барлық МШБ топарларына балалардың жас өзгешеликлерине ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес, миллий қәдириятларымызға тийкарланған 45-50 атамадағы оқыў-методикалық, дидактикалық материаллар, ойыншықлар, ойынлар топламлары мәмлекетлик бюджет есабынан жеткерип берилгенин атап өтиў орынлы. Бул педагоглардың ўақтын, мийнетин қәдирлеў менен бирге тәлим-тәрбияның сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған ийгиликли ис болып табылады. Демек, қай жерде билимлендириўдиң сапасы жоқары болса, сол жерде балалар толық қуўатлылықта қамтып алынғаны айқын көринип тур. Тәлим-тәрбияның сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген 325 таяныш МШБ болса электрон доска ҳәм планшетлер менен тәмийинленди.
Быйыл "Илк қадам" мәмлекетлик оқыў бағдарламасында балалардың аўызеки ҳәм жазба сөйлеўин раўажландырыў, сөз байлығын арттырыў, ана тилинде сөйлесиў мәдениятын қәлиплестириў, әдебият ҳәм халық аўызеки дөретиўшилиги үлгилеринен пайдаланыў сыяқлы бағдарларға айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, педагоглар ушын "Өзбек тилинде тәлим-тәрбия бериў методикалық қолланбалары", "Балалар сөйлеўин раўажландырыў технологиялары" сыяқлы жаңа әдебиятлар, методикалық қолланбалар, мультимедиа қураллары, интерактив ойынлар ислеп шығылды.
Билимлендириў-тәрбия процесине инновациялар, алдынғы технологияларды енгизиў мақсетинде директор орынбасары лаўазымының енгизилгени, МШБларда "Шеберлик күни", "Методикалық шеберлик сааты" илажларының шөлкемлестирилип атырғаны да системадағы жаңаланыўларға хызмет етпекте. Ҳәр айда 2 мәрте белгиленген бағдарлама тийкарында педагогларды оқытып атырған ең үлгили таяныш МШБлардың директор орынбасарлары 20 процент үстеме алмақта. Себеби олардың жәрдеми менен педагог кадрлардың потенциалы, кәсиплик раўажланыўы төмен аймақларда жанланыў бақлана баслады. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы 3000 ға шамалас мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң педагоглары ушын "Мувозанат" педагогларды психологиялық қоллап-қуўатлаў жойбары шеңбериндеги тренинглер қатнасыўшылардың кәсибине муҳаббаты ҳәм жуўапкершилигин және де арттырыўда әҳмийетли фактор болды.
- Қәнигелер ушын өткерилип атырған бул жойбардың барлық қәрежети мәмлекет тәрепинен қапланды, - дейди жойбар жүргизиўшиси, психолог Ҳуррият Раҳматуллаева. - Ол мектепке шекемги билимлендириўдиң раўажланыўы, балалардың руўхый ҳәм эмоционаллық саламатлығы, улыўма билимлендириў тараўындағы қәнигелердиң өз жәмәәтинде жоқары нәтийжеге ерисиўине хызмет етти. Тийкарғы мақсетимиз - балалар менен ислеп атырған қәнигелердиң пикирлеў усылын ҳәм турмыслық позициясын өзгертиў, оларға жәмийеттеги орны ҳәм жуўапкершилигин сезиниў еди. Педагоглардағы өзгерислерди көрип, жойбар жүдә жақсы нәтийже бергенин аңладық.
Биринши мәрте шөлкемлестирилген жойбар педагоглар ушын мөлшерленген әмелий шынығыўлар, тренинглер ҳәм сөйлесиў сессиялары арқалы ишки қәтержамлықты табыў, түскинликти жеңиў ҳәм еэмоционаллық турақлылықты сақлаў көнликпелерин раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды. Бүгин барлық тараўда, әсиресе, мектепке шекемги билимлендириў системасында профессионал, пидайы кадрлар суў ҳәм ҳаўадай зәрүр. Балалар менен профессионал ислей алатуғын хызметкерлер ғана билимлендириў тийкарын беккем қурыўға үлес қоса алады. Бақша тәрбияшыларын таярлайтуғын жоқары оқыў орынлары менен турақлы бирге ислесиў орнатылғаны, турақлы тәжирийбе арттырыў курслары шөлкемлестирилип атырғаны, сырт елли қәнигелер тартылып атырғанының себеби де сонда. Алыс ҳәм шетки аймақлардағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагоглары ушын аудитория көринисиндеги 4 автобус негизинде мобил тәжирийбе арттырыў хызметлериниң жолға қойылғаны болса мәселениң қаншелли әҳмийетли екенинен дәрек береди. Себеби 2026-жылдан баслап мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине биринши мәрте жумысқа қабыл етилип атырған стажёр-тәрбияшылар ҳәм бақша психологлары да мәжбүрий кәсиплик сертификатлаў сынақларынан өтеди. Бир жыллық жумыс мүддети жуўмақланғаннан соң, тек ғана сертификат алған ямаса аттестацияда жетерли нәтийже көрсеткен педагоглар менен турақлы мийнет шәртнамасы дүзиледи.
Экология мүйешлери ҳәм жоллары - жыл жойбарлары
Быйыл Шыршық қаласындағы балалар бақшаларынан биринде Қытай тәжирийбеси тийкарында кәсипке бағдарлаў жумыслары жолға қойылды. Бунда тәрбияланыўшылардың ишки имканияты, талабы ҳәм қызығыўшылығы есапқа алынады. Балалардың кәсипке умтылыўын арттырыў мақсетинде алдынғы сырт ел тәжирийбелери үйренилип шығылып, бақша заманагөй мебель үскенелери ҳәм зәрүр инвентарлар менен тәмийинленген. Қытай тәжирийбесинен пайдаланып, ул-қызлардың ўатансүйиўшилик ҳәм жәмәәтте ислеў көнликпесин және дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыў нәзерде тутылған.
Жақында Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан қаласында жаңадан реконструкцияланған 10-мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде де ойын тийкарында кәсипке бағдарлаў системасы жолға қойылды. Ол балаларда келешек кәсиплерине қызығыўшылық оятады ҳәм әмелий билимлерди раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейди. Сондай-ақ, мәкемеде "Экологиялық мүйешлер" ҳәм "Экологиялық жоллар" шөлкемлестирилип, балаларда тәбиятты аңлаў, экологиялық сана ҳәм дөретиўшиликти үйлестириў имканияты жаратылды. Бул ҳәзирги ўақытта ең әҳмийетли мәселе болған экология, қоршаған орталық, климат өзгериўи ҳаққындағы билимлерди ул-қызларға бақша жасынан баслап бериў кереклигиниң әмелий көриниси болып есапланады.
Жылдың үлги аймақлары
Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 9-сентябрь күни мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўындағы реформалардың орынланыўы және келешектеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўда Қашқадәрья ўәлаятын үлги етип көрсетти. Ўәлаяттың барлық районларында жеке меншик сектор ҳәм сырт елли шериклер менен еки жылда бақша ҳәм мектеп орны 3 есеге көбейгенлиги атап өтилип, ўәлаят ҳәкимлерине бул тәжирийбени үйрениў ўазыйпасы тапсырылды.
Ҳақыйқатында да, ўәлаяттың Қамаши районындағы алыс ҳәм шетки аймақларда жасап атырған балалар ушын арнаўлы жойбар жолға қойылғаны да итибарға ылайық. Шаңқақ ҳәм Қызылқышлақ мәҳәллелериниң мектепке шекемги жастағы балалары ҳәр күни азанда "Ақлвой" автобус-бақшасында 32-МШБға алып келинеди. "Мобил А" ҳәм "Мобил Б" топарларында 16 бала тәлим-тәрбия процесине тартылған. Тәрбияшылар менен биргеликте автобуста бақшаға қатнап атырған балалар сабақлардан кейин үйлерине алып барылады. Ата-аналар бундай қайырлы ислерден миннетдар, перзентлеринен болса кеўли тоқ.
Мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўда жаңа қатнастың ең нәтийжели альтернатив түри сыпатында қайта үскенеленген “ISUZU” автобуслары негизинде "Ақлвой" мобил мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жолға қойылғанына 5 жыл болды. Дәслеп 16 автобуста шөлкемлестирилген мобил топарлар бүгинги күнге келип мәмлекетимиздиң 216 шетки мәҳәллесинде 400 ден артты. 102 "Ақлвой" автобусы негизинде дерлик 10 мың бала мектепке шекемги билимлендириўден пайдаланбақта. Шаңарақта емес, мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде болғаны ушын мыңлаған балалар анық сөйлеп, тил үйренип, ҳәттеки логикалық пикирлеп атыр.
2025-жыл 5-7 жасар тәрбияланыўшылар арасынан қәбилетли балалар да табылды. Оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген үш басқышлы "Кишкене нурлы жулдызлар" фестивалында мыңлаған ул-қызлар өзиниң дөретиўшилик қәбилетин көрсетти.
Видеоселектор мәжилисинде усы жылы бақша орынларын қосымша 182 мыңға көбейтиў режелестирилгени, олардың 82 мыңы жаңа бақшалардың үлесине туўра келиўи нәзерде тутылғаны айтылды. Бақша қурыў ҳәм оңлаў жумыслары созылып кетип атырғаны себепли айырым аймақлардың жуўапкерлерине мүддет берилди. 80 районда бақша ашыў ушын жеңиллик жәрияланғанынан үнемли пайдаланып, бақша орынларын көбейтиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Сондай-ақ, ҳәр бир районда бақша қамтып алыўы 80 проценттен кем болмаўы шәрт екенлиги белгиленди. Буның ушын ўәлаят ҳәм район ҳәкимлерине бос жерлерди таўып, аукционға шығарыў, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте қайсы мектеп ҳәм бақшада бос орын болса, бақша қурыў режесин белгилеў ўазыйпасы қойылды.
2025-жыл билимлендириўге айрықша итибар жылы болды. Бос жерлерде бақша шөлкемлестириў бойынша жеке меншик шериклик ямаса инвестиция киргизиў шәрти менен үш жыллық бағдарлама қабыл етиў, жаңа жеке меншик бақшаларға субсидия бериў, тәрбияшылардың мийнет ҳақысын бир бөлегин қаплаў тәртибин енгизиў сыяқлы ўазыйпалардың орынланыўы нәтийжесинде қамтып алыўды режелестирилген көрсеткишлерге жеткериўге ерисилди. Дурыс, жаңа жылға машқаласыз, биймәлел өтемиз, деп айтыў қыйын. Бирақ жуўмақланып атырған жыл берген имканиятлар, билимлендириў системасы тарийхында болмаған жеңилликлер себепли машқалалы мәселелерге шешим табылады, тосқынлықлар әсте-ақырын сапластырылады.
Муножат МУМИНОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы