Миллий орай ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасы арасында бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылды

    10-декабрь күни Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы (БМШРБ) арасында бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылды. Ҳүжжетке қол қойыў мәресими Инсан ҳуқықлары үйинде Халықаралық инсан ҳуқықлары күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген салтанатлы илаж шеңберинде болып өтти.

    Меморандумға БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фудзи ҳәм Миллий орай директоры Акмал Саидов қол қойды.

    Тәреплер бирге ислесиўдиң улыўма мақсети ашық-айдынлық ҳәм есап бериўди арттырыўға қаратылған тийкарғы реформаларды әмелге асырыўға жәрдемлесиў, инсан ҳуқықларын ҳүрмет ететуғын исбилерменлик әмелиятын енгизиўден ибарат екенин атап өтти. Бул, өз гезегинде, халықаралық көлемде және де инклюзив, турақлы ҳәм бәсекиге шыдамлы исбилерменлик орталығын жаратыўға хызмет етеди.

    Бул меморандум кәмбағаллық ҳәм теңсизликке қарсы гүресиўден баслап сапалы билимлендириўди тәмийинлеў, гендер теңликке жәрдемлесиў, турақлы институтларды беккемлеў ҳәм әдил судлаўға тең ҳәм әдил кириўди тәмийинлеўге шекемги тийкарғы бағдарларда инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың анық механизмлерин ислеп шығыўға қаратылған.

    Өзбекстан тәрепи ТРМ бойынша миллий шолыўлар ҳәм баянатларды таярлаўдағы әмелий жәрдеми, сондай-ақ, социаллық-экономикалық раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықларын ҳүрмет етиў арасындағы үзликсиз байланысты анық сәўлелендириўге көмеклескени ушын БМШ Раўажланыў бағдарламасына шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

    Қосымша етиў орынлы, дүньяның дерлик 170 мәмлекетинде глобал орынға ийе болған БМШ Раўажланыў бағдарламасы көпшилик жағдайларда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң мәмлекетлик дәрежедеги оператив бөлими сыпатында жумыс алып бармақта. БМШ Раўажланыў бағдарламасы турақлы раўажланыўды қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты сапластырыў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиўге жәрдемлесиў, дурыс басқарыў ҳәм ҳуқық үстинлигин беккемлеў мақсетинде көплеген мәмлекетлер менен бирге ислеседи.

    Өзбекстан Республикасының Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай баспасөз хызмети.