Жаслар сиясатында жергиликли дәрежеде тәсиршең, нәтийжели ҳәм анық нәтийжеге қаратылған бул механизм қалай ислеп атыр? Өткен жыллардың анализи бул бағдарда белгили жумыслардың әмелге асырылғанынан дәрек береди. Яғный олардың мәмлекетлик жәрдемге мүтәж "аўыр" категориядағы жаслардың турмыста өз орнын табыўына жәрдемлесиў, китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў, сырт елдеги жаслар менен байланыс орнатыў, "Жаслар дәптери"не киргизилген жигит-қызлардың машқалаларын шешиў сыяқлы бир қатар ўазыйпаларды шын кеўилден орынлаўы теңлеслериниң турмысындағы жақсы өзгерислерге түртки бермекте.

- Мәҳәлледе жаслар менен ислесиў мен ушын қыйыншылық туўдырмады, себеби бәрқулла мәҳәлле жаслары менен бирге, биргеликте жасап келгенмен, - дейди Ташкент ўәлаяты Оҳангарон районы Илғор мәҳәллеси жаслар жетекшиси Зоҳиджон Ғаффоров. - Мәҳәллемизде спорт пенен шуғылланыў ушын шараят жоқ еди. Қәўендерлерди тартқан ҳалда футбол майданын түнги жақтыландырғышлар ҳәм отырғышлар менен үскенелеп, оңлаўға еристик. Енди мәҳәлле жаслары кеште де спорт пенен шуғылланыў имканиятына ийе болды. Ҳәзир мәҳәллемизде дзюдо менен 120 жас турақлы шуғылланады. 5 жас спортшы жеңиллетилген түрде оқыўға қабыл етилген.

Жасларды китапқумарлыққа тартыў мақсетинде мектеп китапханасына 1000 дана жаңа китап алып келинди. 35 студенттиң контракт төлеми, айырымларының кәсип-өнер үйрениў қәрежетлери қаплап берилиўи шаңарақларға жәрдем, жеңиллик алып келди. Жумыссыз жаслар жумыслы болды, айырымларына дийқаншылық ушын жер ажыратылды. Наўқаслардың емлениў қәрежетлери қапланды.

- Жақында "Басламалы бюджет" арқалы жаңа заманагөй спорт майданшасын қурыў жойбарын жеңип алдық. Енди мәҳәллемиз жаслары және де кеңирек спорт шараятларына ийе болады, - дейди Зоҳиджон Ғаффоров.

Бул тек ғана мәҳәлледе жаслар жетекшисиниң қатнасыўында әмелге асырылып атырған жумысларға мысал. Республикамыздың дерлик барлық мәҳәллелеринде жумыс алып барып атырған жетекши заманласларының турмысында унамлы өзгерислерге себеп болып атырғанын көз алдыңызға келтирсеңиз, жумыслардың көлеми бираз салмақлы екенин гүўасы боласыз.

- Бүгин артқа нәзер тасласам, бир жыл алдынғы турмысым көз алдымда жанланады, - дейди Булақбашы районындағы Шарқ юлдузи мәҳәллеси жаслар жетекшиси Зуҳриддин Мойдинов. - Өйткени, ол ўақытта өзим де жумыссыз едим, қандай жол тутыўды, қалай баслаўды билмес едим. Бирақ қол қаўсырып отырыўға болмайтуғынын да жақсы түсинетуғын едим. Маған имканият берилди. Бүгин жаслар жетекшисимен. Бул лаўазым тек жуўапкершилик емес, ал имканиятлар есигин ашты. Жасларға жаратылып атырған шараятлар себепли мендей көплеген жаслар өз жолын таўып атыр. Мысал ушын, усы жылдың өзинде мәҳәллемизде 80 жумыссыз жигит-қыздың бәнтлиги тәмийинленди, олар жәмийетте өз орнын ийелеп бармақта. Мен болса бүгин усы заманласларым менен бирге ислеп атырман.

Мәҳәлледе жаслардың арзыў-нийетлери әмелге асыўы, сапалы билим алыўы, бәнтлигин тәмийинлеўде жаслар жетекшисиниң орны айрықша. Әсиресе, "Бес баслама олимпиадасы" ҳәр бир ул-қыздың турмысына тиккелей тәсир етпекте. Мәҳәлледеги 800 ге шамалас жигит-қыз футбол, волейбол, стол тенниси ҳәм басқа да спорт түрлерине тартылды. Мәлимлеме технологиялары оқыў курсларына қатнасып атырған жаслардың саны 200 ден асты.

Мәҳәлле китапханасына жаңа әдебиятлар алып келинип, "Китапқумар жаслар" клубы жолға қойылды. Тигиўшилик, ағаш усташылығы, шаштәрезлик сыяқлы кәсиплер бойынша оқыў курслары ашылды ҳәм 100 ге шамалас жастың бәнтлиги тәмийинленди.

Ҳәр бир әўлад өз қәдириятлары, тәжирийбелери ҳәм дүньяқарасын қәлиплестиретуғын дәўир белгили бир тарийхый ўақыялар, технологиялық раўажланыў, социаллық нормалар, мәдений тенденциялар менен характерленеди. Инсанның өзине тәнлиги ҳәм пикирлеў тәризи, өмириниң кейинги басқышының қәлиплесиўине сезилерли тәсир көрсететуғын бул басқышта нәўқыран кеўил өзине пикирлес, сүйениш бола алатуғын басқа бир инсанға мүтәжлик сезиўи тәбийғый. Сол себепли "Жаслардың тилин жаслар түсинеди", деген турмыслық ҳақыйқат бүгин және де терең мәниске ийе болып, олардың турмысына барған сайын сиңип бармақта.

Мәмлекетимиз басшысы быйыл Жаслар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде тоғыз мыңнан аслам мәҳәлледе жаслар жетекшилерин тайынлағаны, олар үш жыл даўамында көп нәрсени үйренгени, жетерли тәжирийбе арттырып, енди мектеп, техникум, тил ҳәм кәсип орайлары менен де ислесиўди үйрениўи зәрүрлигин атап өткен еди.

Жетекшилер бүгин өз мәҳәллелеринде әне усы ўазыйпаларды орынлаўға кирискен.

- Мектеп, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң дизимин қәлиплестирип атырмыз, - дейди Әндижан ўәлаяты Қўрғонтепа районындағы "Учқун" МПЖ жаслар жетекшиси Жасур Абдуғофуров. - Район ҳәкимлиги менен биргеликте мектеп оқыўшыларының қызығыўшылығынан келип шығып жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыў процесин шөлкемлестирдик. Кәсип-өнерге қызығатуғын жасларды өзлери таңлаған бағдар бойынша жуўапкер мәкемелер, белгили өнерментлерге бириктирдик. Жумыс ислеў тилегинде болған жаслардың 10 ын аймағымыздағы тоқымашылық кластерине турақлы жумысқа орналастырдық. Олар бүгин шаңарағына дәрамат келтирип атыр. Жасларды заманагөй кәсиплерге оқытыў мәселеси де итибардан шетте қалмады. Районымыздағы мәлимлеме технологиялары орайына 6 заманласымды алып бардым. Олар бүгин усы орайда ITдың түрли бағдарларында билим алмақта.

Елимиз халқының 60 проценттен асламын қурайтуғын нәўқыран әўлад ўәкиллери жаңа бир дәўир - өзгерислер орайында инсан ҳәм оның мәплери турған бир ўақытта камалға келмекте. Олар бүгин потенциалын жүзеге шығарыўы, сапалы билим алыўы, заманагөй кәсип ҳәм өнер, шет тиллерин үйрениўи ушын жаратылып атырған имканиятлардан пайдаланбақта. Жаслар жетекшилериниң бул жумыста белсендилик көрсетип атырғаны келешегимиз ертеңи исенимли қолларда, деген үмитти береди.

Рисолат МАДИЕВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы