Мәҳәлледе тынышлық болса, пүткил мәмлекетте қәўипсиз турмыс ҳүким сүреди

    Глобалласыў процеси жеделлик пенен өтип атырған бүгинги заманагөй дүньяда тынышлық, қәўипсизлик мәселеси ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып бармақта.

    Бул бағдарда, биринши гезекте, мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыў, халықтың тынышлығын ҳәм татыўлығын тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе.

    Өзбекстан шараятында әдалатлы, қәўипсиз ҳәм социаллық турақлы жәмийетти қәлиплестириў тиккелей мәҳәллелердеги жумыслардың жағдайына байланыслы. Себеби, әйне мәҳәлледе жәмийетлик кейпият қәлиплеседи, жас әўладтың санасы раўажланады, миллий ҳәм шаңарақлық қәдириятлар беккемленеди. Соның ушын да мәҳәллени нызамлылық, ҳуқық-қорғаў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў системасының дәслепки буўыны, деп айтыў мүмкин.

    Кейинги жыллары елимизде мәҳәлле институтының статусы арттырылып, ўәкиллиги кеңейтилди. Бул болса, мәҳәллениң исбилерменлик ҳәм бәнтлик орайы, социаллық-экономикалық мәселелер шешилетуғын бир пүтин мәканға айланыўына тийкар жаратпақта. Мәҳәлледе жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм жынаятшылықты азайтыўға қаратылған реформалардың нәтийжеси болса ҳақыйқаттан да қуўанышлы.

    Бүгин әне усы мәселелер мәмлекетлик сиясаттың орайында. Президентимиздиң беккем исеними де соннан ибарат, мәҳәлледе тынышлық болса, пүткил мәмлекетте қәўипсиз турмыс ҳүким сүреди.

    Ҳәр бир мәҳәлледе тәртип-интизам, нызам үстинлиги тәмийинленсе, пуқаралар өзин еркин сезсе, сонда мәмлекетке исеними және де беккемленеди. Турақлы раўажланыў ушын беккем тийкар жаратылады.

    Соңғы жылларда әмелге асырылған ең әҳмийетли реформалардан бири бул, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде мәҳәлле дәрежесинде жынаятшылықтың алдын алыўға қаратылған превентив моделдиң енгизилиўи болды. Усы мақсетте профилактика инспекторлары жумыс алып баратуғын система жаратылды. Бул системада олар жумысты тек ғана рәсмий түрде емес, ал комплексли қатнас тийкарында алып барады. Яғный, мәкан пуқаралар жыйыны баслықлары, ҳаял-қызлар, жаслар структуралары, бәнтлик, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўлары ўәкиллери менен тығыз бирге ислеседи. Бунда ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири тек ғана жынаятшылықтың алдын алыў емес, ал социаллық қыйыншылыққа алып келиўши факторларды анықлаў болып есапланады. Булар шаңарақлық жәнжеллер, жумыссызлық, жас өспиримлерге итибарсызлық ямаса жаслардың бәнтлигин тәмийинлемеў сыяқлы машқалалар болыўы мүмкин.

    Мәмлекетимизде Президентимиздиң басламасы менен барлық социаллық хызметлер бирден-бир системаға интеграцияланбақта. Бул соны аңлатады, машқалаға дус келген пуқара өз мәҳәллесинен зәрүр жәрдемди алыўы мүмкин. Бул ҳуқықый, социаллық, психологиялық, материаллық ямаса мийнетке байланыслы жәрдемнен ибарат.

    Бүгинги күнде мәҳәллелер жасларды жумыслы етиў ҳәм оларды кәсипке таярлаў, шаңарақлық зорлықтың алдын алыў бойынша әмелий майданға айланған. Қәўипсизликти қатаң илажлар менен емес, ал социаллық бирге ислесиў ҳәм жәрдем арқалы тәмийинлеў әмелде нәтийжели нәтийжелер бермекте.

    Және бир әҳмийетли тәрепи. Усы бағдарда халық пенен ислесиў процесин санластырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул илажлар ҳуқықбузарлықлар дәрежеси, социаллық машқалалар, жумыссызлық ҳәм саламат емес шаңарақлардың жағдайын таллаў имканиятын береди.

    Пуқаралардың мүрәжатлары санлы түрде дизимге алынып, аналитикалық есабатлар қәлиплестириледи. Бул болса мәнзилли ҳәм өз ўақтында зәрүр қарарлар қабыл етиўге хызмет етеди. Бул система тек ғана жергиликли уйымлардың жуўапкершилигин күшейтип қоймастан, ал рәсмийлестириў ҳәм бюрократияны сапластырады. Онда ҳәр бир ҳәрекет дизимге алынады, ҳәр бир нәтийже мониторинг етип барылады.

    Мәҳәлле дәрежесинде ҳуқық-қорғаўды тәмийинлеў ҳәм санластырыў бойынша үлкен тәжирийбе Хорезм ўәлаятында да жақсы қәлиплескен. Атап айтқанда, "Қәўипсиз мәҳәлле" принципи шеңберинде мәҳәллелер, саўда дүканлары, кеўилашар орынлар, турақ жайларда газ ҳәм автомобиль жанылғысы қуйыў шақапшалары, хызмет көрсетиў тараўының басқа да объектлеринде 153 қадағалаў камерасы орнатылды. Камералардың 122 си видеобақлаў орайы менен интеграцияланған. Бул болса ҳуқық қорғаў уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыўда күтилген нәтийжелерди бермекте.

    Бухара ўәлаятында жәмийетлик тәртипти тәмийинлеўде дронлардан белсене пайдаланыў әмелияты енгизилмекте. Бул тәжирийбеден көринип турғанындай, ушыўшысыз қурылмалар жәмийетлик орынларда түрли ҳәдийселерди өз ўақтында анықлаў ҳәм алдын алыўда пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў және жәмийетлик тәртипти сақлаўда үлкен жәрдем береди.

    Сондай-ақ, бул технологиялар жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў, транспорт тығылысларын сапластырыў ҳәм мәҳәллелердеги жынаятшылық жағдайын оператив бақлаўда жақсы нәтийже бермекте.

    Жаңа системаның абзаллықлары ўақыт ҳәм ресурсларды үнемлеў, қәрежетлерди азайтыў ҳәм қәнигелердиң өз аймақларын толық қадағалаў процесслеринде айқын көзге тасланбақта.

    Мәҳәллелерде халықтың ҳуқықый санасын арттырыўға қаратылған бағдарламалар жедел әмелге асырылмақта. Әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды ҳуқық-үгит-нәсиятлаўды тәмийинлеў процесслерине тартыўға айрықша итибар бериледи. Олардың қатнасыўы келиспеўшиликлерди өз ўақтында анықлаў ҳәм алдын алыўға, өз-ара ҳүрмет, жуўапкершилик ҳәм аўызбиршилик орталығын қәлиплестириўге хызмет етпекте.

    Бундай системалы жумыслардың нәтийжесинде мәҳәллелерде жынаятшылық дәрежеси азаймақта. Қайта ҳуқықбузарлық жағдайлары азаймақта, әсиресе, жаслар арасында бәнтлик дәрежеси жақсыланбақта. Тийкарғысы, пуқаралардың мәмлекетлик уйымларға исеними артып бармақта. Олардың өзлерин қорғалған ҳәм әдалатлы жәмийет ағзасы сыпатында сезиниўи күшеймекте.

    Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 3-январьдағы "2025-жылда республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў бойынша шөлкемлестириўшилик-профилактикалық тийкарларды заман талапларына бейимлестириў, жынаятшылыққа алып келиўши факторларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў арқалы ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасын буннан былай да жетилистириўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

    Мәмлекетимиз басшысы 8-июль күни мәҳәлледе жынаятшылықты сапластырыў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў илажларына байланыслы презентация менен танысты.

    - Презентацияда мәмлекетимизде өткен алты айда криминоген жағдайды турақластырыў, жынаят ҳәм ҳуқықбузарлық жағдайларының ерте алдын алыў ҳәм мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша есабат берилди, - дейди Ишки ислер министри Азиз Тошпулатов. - Онда Президентимиздиң 2025-жыл 3-январьдағы қарары тийкарында мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў бойынша исленген жумыслар сын көзқарастан талланып, анық ўазыйпалар белгиленди. Атап айтқанда, республикадағы криминоген жағдай күнделикли талланып, мәнзилли қадағалаў илажлары өткерилмекте. Ҳәр бир жынаяттың себеплери үйренилип, қайталанбаў илажлары көрилмекте. Ең әҳмийетлиси, көрилген илажлар нәтийжесинде усы жылдың өткен алты айында республикамыздың 55 процент мәҳәллелеринде бирде-бир жынаят жүз бермеди. Бирақ бул қәтержамлыққа берилиўге тийкар болмайды. Жылдың жуўмағы бойынша 827 қызыл категориядағы мәҳәллени жынаяттан жырақ аймаққа айландырыў бойынша зәрүр илажлар белгиленди.

    Бир сөз бенен айтқанда, мәҳәлле тек ғана өзин-өзи басқарыў институты емес, ал ҳуқық қорғаў, профилактика ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлейтуғын стратегиялық бирлик болып есапланады.

    Инсан мәплерине қаратылған итибар ҳәм ғамқорлық, бәринен бурын, мәҳәллелерде жәмлениўи зәрүр. Мәҳәлле ҳуқық-қорғаў системасында қәлиплесип атырған тийкарғы принциплер бул - жәрдем, қәўипсизлик, әдиллик ҳәм исеним.

    Лутфулла СУВОНОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates