Миллий мәмлекетшилик, тарийхый тәжирийбемиз және халқымыз еркиниң жарқын көриниси

    Пикир 7 желтоқсан 2025 24

    Өзбекстанның бас ҳүжжети - Ўатанымыздың жүзи, миллий мәмлекетшилигимиз, тарийхый тәжирийбемиздиң көриниси, халық ерк-ықрарының көриниси болып есапланады.

    Конституциялық нызамшылық аналитиклери биринши гезекте үйренетуғын мәселе Конституция қабыл етилиўинде халықтың қатнасыўы, пуқаралардың мәплери, пикирлери қаншелли көрсетилип, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўында есапқа алыныў дәрежеси болып есапланады. Сондай-ақ, халықаралық жәмийетшилик алдында өзин қандай мәмлекет деп жәриялағаны, мәмлекеттиң раўажланыўының дәреги болған инсанлар, пуқаралық жәмийети институтлары, исбилерменлик субъектлерине қандай ҳуқықый кепилликлер белгиленгени, олардың миллий мәмлекетшилик тәжирийбеси және халықаралық улыўма тән алынған норма ҳәм принциплерге муўапық екенлиги, "инсан - жәмийет - мәмлекет" факторларының ҳуқықый теңсалмақлылығын тәмийинлеўде күшли парламент, жуўапкер ҳүкимет, ғәрезсиз ҳәм әдил суд системасының ақылға уғрас тәртипке салынғанлығы сыяқлы мәселелер Конституция арқалы мәмлекет ҳаққында пикир жүргизиўге тийкар болады.

    Сиясий-ҳуқықый жақтан қарағанда, ҳәр қандай реформа конституциялық-ҳуқықый тийкарға сүйенген жағдайда ғана гөзленген стратегиялық мақсет ҳәм нәтийжелерге ерисиледи. Себеби, жаңа редакциядағы Конституция жәмийет ҳәм мәмлекет алдында турған, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарын жаратты. Итибарлы тәрепи, усы жәмийетте жасайтуғын ҳәр бир инсанның арзыў-мақсетлери, мәплерин билдириўдиң ҳәм миллий нызамшылық, ҳәм халықаралық улыўма тән алынған нормаларға муўапық әмелге асырыў имканияты пайда болды. Мәмлекет ҳәм жәмийетти буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп берилди. Ондағы нормаларды бирме-бир көзден өткерер екенбиз, халықшыл мәмлекет өзгешелигине тән барлық тәрепти, атап айтқанда, мәмлекетлик басқарыўды демократияластырыў, мәмлекеттиң социаллық роли ҳәм миннетлемелерин кеңейтиў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў тийкарлары бурынғы редакциясына қарағанда бир қанша жетилискенине гүўа боламыз.

    Әсиресе, ҳуқықый сиясатымызда демократиялық қәдириятларға, адамгершилик дәстүрлерине сай механизмлер айқын сәўлеленбекте. Инсан қәдири, ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, регионымызда жақсы қоңсышылық байланысларын және де беккемлеў, мәмлекетлер менен белсене бирге ислесиў, Ўатанымыздың халықаралық көлемдеги абырай-мәртебесин арттырыўда жаңа редакциядағы Конституциямыз ҳәм оған муўапық қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлери ҳуқықый тийкар болмақта.

    Ҳуқықтаныўшы сыпатында мени қуўандыратуғын тәрепи сонда, Конституцияда белгиленген пуқаралардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумысларды басқарыўда тиккелей және өз ўәкиллери арқалы қатнасыўға байланыслы конституциялық ҳуқықының толық тәмийинлениўине ерисилмекте.

    Бириншиден, бүгин нәтийжесин көрип атырғанымыз - реформалар тийкарын қурған, мәмлекеттиң халық пенен қарым-қатнасына жол ашып берген ең әҳмийетли қәдем Президентимиздиң "Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында"ғы пәрманы жойбарын додалаў болған еди. Сол ўақытта айырым орынларда "Президент пәрманы жойбары додаланып, усыныслар бериледи", делинсе, "усыныс берсем, өтерме екен", "егер усынысым өтсе, биреўлердиң көзине жаман көринип қаларман", деген қәўетерлер де болғаны ҳаққында еситкенбиз.

    Ҳәрекетлер стратегиясының нәтийжели әмелге асырылыўында халқымыздың додалаўда, орынлаўда ҳәм қадағалаўда белсене қатнасыўы әҳмийетли фактор болды. Кейин ала ҳәр жылғы мәмлекетлик бағдарламалардың жойбарлары, Президентимиздиң "2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында"ғы пәрманының жойбары әйне додалаўлар, усыныслар халық ерк-ықрарын билдириў бағдарында дурыс қойылған қәдем сыпатында өзин толық ақлады.

    Мәмлекетлик бағдарламаларды кабинетлерде теориялық түсиниклер ҳәм болжаўлар тийкарында емес, ал реал турмысқа сәйкес, халықтың ерк-ықрарын ҳақыйқатта билдириўге қаратылған усыныслардан келип шығып ислеп шығыў, соған муўапық ўазыйпаларды белгилеў, жаңа Өзбекстанның халықаралық жәмийетшилик алдындағы абырайын буннан былай да арттырыў ҳәм беккемлеў, белгиленген ҳәр бир тапсырманың мәмлекеттиң раўажланыўындағы социаллық, экономикалық, сиясий нәтийжелилигине тәсирин ҳәр тәреплеме үйрениў әмелияты жолға қойылды.

    Жаңа редакциядағы Конституцияның қабыл етилиўи мәмлекеттиң раўажланыўы жолындағы реформалардың нәтийжеси сыпатында халқымыздың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумысларда ўатансүйиўшилик руўхында емин-еркин қатнасыў имканиятын және де кеңейтти. Халыққа тилеклеслик сезимин берди, мәмлекетке ҳәм реформаларға исенимин арттырды. Соның ушын да конституциялық нызам жойбары бойынша халықтан 220 мыңнан аслам усыныс келип түсти. Олардың ҳәр бири комиссия тәрепинен итибар менен ҳәр тәреплеме үйренилип, талланды. Конституциялық нызам жойбары нормаларға сәйкеслендирилди ҳәм жойбар және бир мәрте халық итибарына усынылып, 2023-жыл 30-апрельде өткерилген референдумда улыўмахалықлық даўыс бериў жолы менен Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы Конституциясы қабыл етилди. Бас нызамымызда инсан ҳуқықларына байланыслы нормалар үш еседен зыятқа арттырылғаны сөзимиздиң тастыйығы болып есапланады. Ең әҳмийетлиси, мәмлекеттиң инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўдей уллы мақсетке садықлығы айқын көринди.

    Конституциялық реформалар жаңа редакциядағы Конституцияны қабыл етиў менен шекленип қалмастан, бас нызамымыздағы норма ҳәм принциплерди турмысқа енгизиў, оның әмелийлигин, халықшыллығын тәмийинлеў, мәмлекеттеги барлық инсанлардың "Бул - мениң Конституциям", дейтуғын дәрежеде статусын арттырыў жолында басқышпа-басқыш илажлар көрилмекте. Мәмлекетимизде конституциялық нызамлылықты буннан былай да беккемлеў жолында избе-изликке ерисилмекте.

    Президентимиздиң 2023-жыл 8-майдағы "Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында"ғы және 2023-жыл 7-ноябрьдеги "Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы пәрманлары әмелдеги нызамнан келип шыққан ҳүжжетлерди жаңа редакциядағы Конституцияға муўапықластырыў талабынан келип шыққан ҳалда қабыл етилди. Бул инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин нәтийжели қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли.

    Жаңаланған конституциялық-ҳуқықый шараятта мәмлекетимиз раўажланыўының тийкарғы бағдарларын жетилистириў ҳәм кең көлемли реформаларды жаңа басқышқа алып шығыўда арттырылған тәжирийбе және жәмийетшиликтиң додалаў нәтийжелери бойынша қабыл етилген "Өзбекстан - 2030" стратегиясы үлкен әҳмийетке ийе. Онда халқымыздың еркин ҳәм абадан жасаў, қүдиретли жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша ерк-ықрарын жүзеге шығарыў, ҳәр бир пуқараға өз потенциалын раўажландырыў ушын барлық имканиятты жаратыў, саламат, билимли ҳәм руўхый бәркамал әўладты тәрбиялаў, глобал өндиристиң әҳмийетли буўынына айланған күшли экономиканы қәлиплестириў, әдиллик, нызам үстинлиги, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты кепилликли тәмийинлеў бағдарындағы ўазыйпалар өз көринисин тапты.

    Екиншиден, халық ерк-ықрарын билдириўдиң тән алынатуғын әҳмийетли тәрепи парламент қурамы болып табылады. Сайлаў нәтийжелерине бола, бул тәреп халықтың түрли миллет ҳәм халық, түрли жас ҳәм қатлам, тараўлардың ўәкиллери, партиялардың идеялары тәрепдарларының даўысы парламент ҳәм жергиликли кеңеслердиң ағзалары қурамында жаңлап атырғанында көринеди.

    Атап айтқанда, сайланған депутатлардың 38 процентин ҳаял-қызлар қурады ҳәм бул Өзбекстан тарийхындағы ең жоқары көрсеткиш болды. Депутатлардың 2 еўи - 30 жасқа шекем, 38,6 проценти - 30 жастан 45 жасқа шекем, 46,6 проценти - 45 жастан 60 жасқа шекем, 13,3 проценти 60 жастан үлкенлер. Елимизде жасап атырған басқа миллет ўәкиллери сайланған депутатлардың 12,7 процентин қурайды. Соның ишинде, олардан 5 адам рус, 3 адамнан қазақ ҳәм тәжик, 2 адам корейс, 1 адамнан түркмен ҳәм қырғыз миллетине тийисли.

    Депутатлардың 30 проценти - экономист, 22 проценти - ҳуқықтаныўшы, 18,7 проценти - педагог, 12 проценти - инженер, 9,3 проценти - медицина тараўы ўәкиллери, 8 проценти болса мәденият тараўы ўәкиллери, исбилермен ҳәм фермерлерден ибарат. Биринши мәрте майыплығы болған 3 шахстың депутат етип сайланғаны да айрықша әҳмийетке ийе.

    Үшиншиден, халықшыл сиясаттың және бир көриниси нызамлар ҳәм қарарлар қабыл етилиўинде, бюджет параметрлери белгилениўинде сәўлеленеди. Соның ишинде, оның жойбар формасынан баслап қабыл етилиўиниң ҳәр бир басқышы, мақулланыўы ҳәм жәрияланыўында ашық-айдынлық тәмийинленеди. Онда парламент палаталары жалпы мәжилислериниң жанлы форматта эфирге узатылыўы, халық пикирин есапқа алыў механизмлериниң енгизилиўи, жәмиетлик додалаўлар ҳәм пуқаралардың интакерлиги қоллап-қуўатланыўы халық мәплерине хызмет ететуғын әҳмийетли ҳуқықый көрсеткишлер болып есапланады.

    Төртиншиден, сиясий плюрализмниң ҳуқықый тийкарлары беккемлениўи ҳәм сиясий партиялардың жәмийеттеги статусы және де күшейтилиўи, өзин парламенттеги оппозиция деп жәриялаған сиясий партия фракциясына бир қанша қосымша ҳуқықлар берилиўи, соның ишинде, ўәкиллери Нызамшылық палатасының 1 комитет баслығы ҳәм 2 комитет баслығының орынбасары лаўазымын кепилликли ийелеўи, нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылғанша да сол мәселеге байланыслы нызам жойбарын ямаса оның структуралық бөлегиниң альтернатив редакциясын киргизиў, ҳәр шеректе "ҳүкимет сааты" ҳәм парламент сораўы шеңберинде мәселе киргизиў ҳуқықларының беккемленгени халық ҳәкимиятшылығын көрсетиў механизмлеринен.

    Елимизде инсан ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм халықшыл ҳуқықый мәмлекетшилик сиясатын жүргизиў нәтийжелерин тек ғана миллий экспертлер емес, ал сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери де тән алмақта. Өзбекстанның "Ҳуқық үстинлиги индекси", "Жәҳән мәмлекетлери демократиясы индекси" сыяқлы халықаралық абырайлы рейтинглердеги орны жоқарылаўына ерисилмекте. Мәмлекетимиз басшысы 2022-жыл 20-июньде Конституциялық комиссия ағзалары менен ушырасыўдағы шығып сөйлеген сөзинде "Тек ҳуқықый мәмлекет шараятында ғана инсанның өмири, еркинлиги, абырайы, қәдир-қымбатын толық тәмийинлеў, шын мәнисинде халықшыл басқарыў системасын қәлиплестириў мүмкин", деп атап өткен еди. Усы мақсетте жаңа редакциядағы Конституцияда "Өзбекстан - ҳуқықый мәмлекет" принципи беккемленди. Бул арқалы мәмлекет өз жумысын, жәмийет ҳәм пуқаралардың жасаў тәризин тек ғана Конституция ҳәм нызамлар тийкарында әмелге асырыўы, мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар нызам үстинлиги тийкарында халық мәплери ушын ислеўи, оған хызмет етиўиниң ҳуқықый кепиллиги белгиленди.

    Жаңа Өзбекстандағы реформалар шараятында ҳуқықый мәмлекет принциплерине әмел етилиўи ҳәммениң нызам алдында теңлигин, инсанлардың нызамларға ҳүрмет руўхында жасаўын тәмийинлеў менен бирге, жәмийетте ҳуқықый мәденияттың жоқарылаўына тийкар жаратпақта. Себеби, ҳуқықый мәмлекет пенен үзликсиз раўажланатуғын әдил жәмийетти коррупцияға маўасасыз, социаллық белсенди ҳуқықый мәдениятлы адамлар ғана қәлиплестиреди ҳәм раўажландырады.

    Конституция нормаларының тиккелей қолланылыўы, әмелийлиги, халықшыл сиясаттың нәтийжесин тәмийинлеў ҳәр биримиздиң миннетимиз. Бул арқалы жәмийетте инсан қәдири жоқарылатылады, еркинлик, теңлик ҳәм әдиллик принциплерине сөзсиз әмел етиледи. Халық конституциялық-ҳуқықый реформалардың нәтийжесин өз турмысында сезинеди. Себеби, Президентимиздиң атап өткениндей, "Демократиялық реформалар жолы - биз ушын бирден-бир ҳәм ең дурыс жол".

    Мухтабар ХУСАНОВА,

    Конституциялық комиссия ағзасы,

    юридикалық илимлер кандидаты

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates