Жаңа Өзбекстан идеясы тийкарында болып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжеси сыпатында миллий санаатымызға жаңа нәпес, жаңаша қатнаслар ҳәм жаңа раўажланыў кирип келди.
Санаат - экономиканың тийкары. Елимиз санаатындағы жоқары өсиў пәтлери, жаңа технологиялардың енгизилиўи, заманагөй кәрханалардың ашылыўы тек ғана жумыс орынларын жаратып қоймастан, экспорт потенциалын арттырыўға, ишки базарды бәсекиге шыдамлы өнимлер менен толтырыўға да хызмет етпекте.
Кейинги жылларда жергиликли шийки затты қайта ислеўге үлкен итибар қаратылып, жақсы нәтийжелерге ерисилмекте. Булар тек ғана экономикалық өсиў емес, ал халықтың абаданлығы ушын да әҳмийетли фактор болып табылады.
Кейинги 8-9 жылда Өзбекстанда жалпы ишки өним 2 есеге артып, өткен жылы 115 миллиард долларға, экспорт көлеми 26 миллиард долларға жетти, дерлик 130 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылды. Усы жылдың жуўмағында жалпы ишки өнимимиз 130 миллиард доллар болыўы күтилмекте. Экономикалық өсиў ҳәм сырт ел инвестициялары ағымының көбейиўи реформаларға садықлық, қолайлы бизнес орталығы ҳәм халықаралық бирге ислесиўши шөлкемлердиң жоқары исеними нәтийжеси, әлбетте.
Елимизде кән-металлургия тараўын раўажландырыўға әҳмийетли бағдарлама ҳәм пуқта ойланған инвестициялық жойбарлар және инновациялық технологиялар избе-из енгизилмекте. Нәтийжеде комбинатымызда да жоқары шеклерди ийелеўине беккем тийкар жаратылмақта.
Президентимиз тәрепинен тастыйықланған 2026-жылға шекем комбинатта баҳалы металлар ислеп шығарыўды арттырыў бойынша қосымша илажлар бағдарламасы кәрхананың раўажланыўында жаңа басқышты баслап берди. Усы дәўирде иске қосылған жаңа қуўатлылықлар таў жынысларын қазып алыў көлемин 2016-жылдағыға салыстырғанда 3 есеге, руданы қайта ислеў көлемин 1,7 есеге, алтын ислеп шығарыўды 32,2 процент ҳәм гүмис ислеп шығарыўды 66,7 процентке арттырыў имканиятын берди.
Комбинаттың ең ири алтын ислеп шығарыўшы кәрханасы болған 2-гидрометаллургия заводы бурын 30 миллион тонна руданы қайта ислер еди. Бүгинги күнге келип оның қуўатлылығы 60 миллион тоннаға жетпекте. Яғный өндирис дерлик 2 есеге артты. Комбинат бойынша руданы қайта ислеў 60 миллион тоннадан 115 миллион тоннаға жетти. Комбинатты турақлы раўажландырыў бағдарламасына бола, 2030-жылға шекем алтын ислеп шығарыў көлеми 125 тоннаға, руданы қайта ислеў қуўатлылығы 150 миллион тоннаға жеткериледи.
Инвестиция шарапаты
Бүгинги бәсеки ҳәр бир кәрханадан базарда өз орнын сақлап қалыў, илим жетискенликлери ҳәм инновациялық технологияларды турақлы енгизиўди талап етпекте. Сондай-ақ, жәҳән базарында қымбат баҳалы металларға талап артып, алтын баҳасы тез пәтлерде артып бармақта. Қымбат баҳалы металлар ресурсларының азайып барыўы себепли оларды қазып алыў да қыйынласпақта. Нәтийжеде алтын қазып алыўшы ири компаниялар арасында илимий ҳәм технологиялық бәсеки және де күшейди.
Буннан тысқары, баҳалы металларды қазып алыў процесинде экологиялық талаплар артып бармақта. Мине, усындай шараятта Наўайы кән-металлургия комбинаты ушын илимий излениў, тараўдағы алдынғы тәжирийбени үйрениў ҳәм өндирис процесслерине жаңа инновациялық қолланбаларды енгизиў әҳмийетли ўазыйпа есапланады.
Мәмлекетимиз аймағы қазылма байлықларға бай. Өткен әсирдиң орталарында дүньяға белгили геолог илимпазлар, академиклер Ҳабиб Абдуллаев ҳәм Иброҳим Ҳамробоев ҳәм шәкиртлери геология тараўында алып барған илимий-изертлеў жумыслары нәтийжесинде елимизде ири алтын кәнлери табылды. Буған мысал ретинде Мурынтаў кәнин көрсетиў мүмкин.
Самарқанд ўәлаяты Қўшработ районында жайласқан Чормитан аўылы аймағындағы Зармитан ҳәм Ғужумсой кәнлеринде 4-гидрометаллургия заводының иске қосылыўы тараўда үлкен бурылыс жасады. Әсиресе, кейинги сегиз жылда Зармитан санаат аймағында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар кәнге жаңа руўх, жаңа нәпес алып келди. Ең әҳмийетлиси, аймаққа заманагөй санааттың кирип келиўи нәтийжесинде оның келбети түп-тийкарынан өзгерди, заманагөй инфраструктура қәлиплести, мыңлаған жаслар жумыслы, шаңарақлар дәраматлы болды.
Комбинат кәнлеринде шараят ҳәр қыйлы болып, бир-биринен руда қатламлары жайласқан тереңлиги, өлшемлери ҳәм қурамы менен парықланады. Зармитан ҳәм Ғужумсай кәнлеринен руда шахта усылында қазып алынады. Жер астынан руда қазып алыў бираз қурамалы ҳәм көп қаржы талап етеди. Жер асты кәнлери тереңлескен сайын оннан рудаларды алып шығыў қыйынласады. Бул болса алдымызға көплеген машқалаларды қоймақта.
Кәрханамыздың тәжирийбели қәнигелери ҳәм инженерлери бул машқалаларды алдыннан көрип, өндирис процесслери даўамында пайда болып атырған мәселелерди илимий ҳәм инженерлик көзқарасынан терең таллап бармақта. Нәтийжеде барлық өндирислик режелер ҳәр жылы артығы менен орынланбақта.
Бул жетискенликлерге ерисиўимизде баҳалы металлар ислеп шығарыў көлемин арттырыў бағдарламасы шеңберинде иске қосылып атырған инвестициялық жойбарлар өз нәтийжесин бермекте. Усындай жойбарлардан бири Ғужумсай кәнинде иске қосылған жаңа шахта болды.
Кәнде сырт елли шериклеримиз бенен биринши мәрте диаметри 6 метр, тереңлиги 500 метр, жылына 250 мың тонна руданы жер бетине көтериў имканиятын беретуғын 6-Г жәрдемши шахтасы иске қосылды. Бул, бәринен бурын, 500 метрге шекем тереңликтен таў жынысларын қазып алыў имканиятын берди, сондай-ақ, қәўипсизлик көзқарасынан кәнге кәншилерди түсириў, алып шығыў ҳәм зәрүр материалларды жеткерип бериўди жетилистирди.
Буннан тысқары, жер асты суўларын жер бетине шығарыў ҳәм коммуникация тармақларын тартыў және жер асты кәниниң барлық қәддилерин таза ҳаўа ағымы менен тәмийинлеў мәселесин шешти. Кәнде және бир жойбар - таў-кән машиналары ҳәм механизмлерин қысылған ҳаўа менен тәмийинлеўди жақсылаў мақсетинде жаңа компрессор цехы имараты пайдаланыўға тапсырылды ҳәм энергия үнемлеўши және жоқары өнимли компрессорлар менен үскенеленди.
Таў-кән металлургия тараўында суўдан кең пайдаланылады. Соның ушын, суўды үнемлеў әҳмийетли. Бул бағдарда да қәнигелеримиз тәрепинен жаңа жойбарлар әмелге асырылмақта. Руданы қайта ислейтуғын 4-гидрометаллургия заводы ҳәм жер асты қазып алыў жумысларын техникалық суў менен тәмийинлеў мақсетинде Ғужумсай кәнинен шығарылған шахта суўларын тазалаў ушын сыйымлылығы 1500 куб метр болған суў жыйнаў ҳәм тындырыў имараты қурылды. Бул комплекс суўды үнемлеп, қайта пайдаланыў арқалы өнимниң өзине түсер баҳасын да азайтыў имканиятын бермекте. Соның менен бирге, ол қоршаған орталықты қорғаўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Зармитан кәнинде де руда қазып алыў қуўатлықларын арттырыў мақсетинде ири жойбарларға қол урылды. Кәнниң тийкарғы шахтасын +540 метр қәддинен 0,00 метр қәддине шекем тереңлестириў жойбары шеңберинде тийкарғы шахта стволының үстинги бөлими қурылмасы толық реконструкцияланды. 1000 метр жер астына түсиў имканиятын беретуғын 2Ц-6х2.5 маркалы энергия үнемлеўши шахта көтериў машинасы орнатылды. Бийиклиги 41 метр болған шахта копёрының қурылысы да жуўмақланды.
Шахта стволы аймағында үш басқышлы суў жыйнаў ҳәм тындырыў бассейнин қурыў жойбары шеңбериндеги жумыслар нәтийжесинде 4-гидрометаллургия заводы ҳәм жер асты кәнин техникалық суў менен тәмийинлеў жақсыланып, өнимниң өзине түсер баҳасының азайыўы тәмийинленди. Кәнниң тийкарғы шахтасының санаат майданы қайта жүклеў пунктинде вагонеткалар сыйымлылығының 1,6 кубометрден 2,2 кубометрге шекем жеткерилиўи шахта стволының жыллық жумыс өнимдарлығын 30 мың тоннаға көтериў имканиятын берди.
Бундай жойбарлар, бәринен бурын, өндирис процесслериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў менен бирге, руда қазып алыў ҳәм өним ислеп шығарыў көлемин арттырыўға унамлы тәсир көрсетпекте. Мәселен, 2013-жылы Зармитан кәнинде 1,8 миллион кубометр кән массасы қазып алынған болса, 2024-жылы дерлик 2 миллион кубометрге, Ғужумсай кәнинде 2013-жылы 152 мың кубометр кән массасы қазып алынған болса, 2024-жылы 391,5 мың кубометрге жеткерилди. Руда қазып алыўдың өсиўи, өз гезегинде, өним ислеп шығарыў көлемин де көбейтти.
Наўайы кән-металлургия комбинатындағы өзгерислер тек ғана экономикалық нәтийжелиликти тәмийинлеп қоймастан, ал елимизде санаат тараўындағы инновациялық раўажланыўларға беккем тийкар болмақта.
Санлы шахта: нәтийжелилик ҳәм қәўипсизлик
Өндирис процесслерин санластырыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири. Комбинатта 2024-2030-жылларға мөлшерленген санлы трансформация стратегиясы ислеп шығылып, жойбарлар басқышпа-басқыш иске қосылмақта.
2024-жылы Зармитан кәнинде бирге ислесиўшилер менен "Жер асты техникалары ҳәм жумысшы-хызметкерлердиң жайласыўы, олар менен байланыс ҳәм ескертиў системасын енгизиў" жойбары шеңберинде 1,2 миллион АҚШ доллары муғдарында система иске қосылды. Ол төменги қабатларда ҳәрекетленип атырған жер асты кән техникасы ҳәм жумысшы-хызметкерлердиң жайласыў мәнзиллерин оператив бақлаў, жумыс ўақтының өнимдарлығын арттырыў ҳәм жумысшы-хызметкерлердиң жағдайы ҳаққындағы мағлыўматларды кән диспетчерлик хызмети бөлмесиниң мониторларында үзликсиз сәўлелендириў имканиятын береди.
Сондай-ақ, жер асты жумысшы-хызметкерлерин сымсыз телефон байланысы жәрдеминде оператив басқарыў ҳәм мағлыўматлар алыў, айрықша жағдайларда оларды арнаўлы система ҳәм жақтыландырыў фонарлары жәрдеминде ескертиў, жер асты техникасы ҳәрекети даўамында жумысшы-хызметкерлерге зыян жеткерилиўиниң алдын алыўға жәрдемлеседи.
Ҳәзир жер асты кәнлеринде мийнетти қорғаў ҳәм техника қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў, хызметкерлер ҳәм техника жумыс нәтийжелилигин жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде "Қарақутан жер асты кәнин санластырыў" ҳәм "Ғужумсай жер асты кәнин санластырыў" жойбарлары бойынша жумыс алып барылмақта.
Жойбарлардың тийкарғы мақсети автоматластырылған мәлимлеме системасын ислеп шығыў арқалы жумысшылардың қәўипсиз мийнет етиўин тәмийинлеў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыўдан ибарат. Бул система арқалы жер асты кәнлериндеги шаң дәрежеси, метан ҳәм углерод оксиди сыяқлы газлердиң концентрациясы, жумыс орынларындағы температура ҳәм ығаллық қадағаланады. Хызметкерлердиң қәўипли аймақларға кириўи шекленеди, олардың аутентификациясы тәмийинленеди ҳәм қадағаланады. Шахтадағы кән транспортлары ҳәм хызметкерлер соқлығысыўының алдын алыў мақсетинде қәўипсиз аралық, айрықша жағдайларда хызметкерлер ҳәм кән техникасын излеў ҳәм жайласыў координаталары анықланады.
Зармитан кәнинде жер асты жумысшылары ҳәм техника жайласыўын қадағалаў, байланыс ҳәм ескертиў системасының енгизилиўи себепли бахытсыз ҳәдийселер қәўпин азайтыўға ерисилди. Руда қазып алыў процесин басқарыў арқалы нәтийжелиликти жақсылаў ҳәм техниканың пайдалы жумыс коэффициентин арттырыў, тоқтап қалыў ўақтын қысқартыў, тезликти нормалластырыў ҳәм бузылыўдың алдын алыўға ерисилди.
Шахта стволлары ең соңғы мәлимлеме-коммуникация технологиялары жәрдеминде толық санластырылған. Барлық жумыслар орайлық операторлық пульти арқалы басқарылады. Олар жәрдеминде жумыс процесслери турақлы бақланып, жүк тасыў анық есап-санақлар арқалы мониторинг етип барылады. Буннан тысқары, ескертиўши сигналлар жәрдеминде ҳәр қандай жағдайдың алдын алыў имканияты бар.
Комбинатта жасалма интеллект технологияларынан үнемли пайдаланыў бойынша жойбарлар да әмелге асырылмақта. "Ақыллы видеоанализ - АI системасын қолланған ҳалда мийнетти қорғаў ҳәм санаат қәўипсизлиги талапларына әмел етилиўин есапқа алыўдың бирден-бир мәлимлеме системасы" енгизилген. Жасалма интеллект жәрдеминде кәншилердиң жеке қорғаныў қуралларын қолланыўы қадағаланған ҳәм ҳәр бир хызметкердиң қәўипсизлиги реал ўақытта мониторинг етилмекте. Бул болса мийнетти қорғаў ҳәм инсан қәўипсизлигин тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болмақта.
Орайлық Азияда айрықша жойбар
Кейинги жылларда ири инвестициялық жойбарлар, жаңа қуўатлықларды иске қосыў, өндиристи модернизациялаў, илим ҳәм санаатты интеграциялаў системалы өтип атырғаны нәтийжесинде комбинат сырт ел компаниялары менен бәсекилесе алатуғын заманагөй кәрханаға айланды. Тараўдағы кескин бәсеки бизден бәрқулла излениўде болыўды талап етпекте. Бул бәсекиге өндирис процесслерине жаңа технология ҳәм үскенелер және инновациялық жетискенликлерди енгизиў арқалы жуўап бериўимиз мүмкин.
Ҳәзирги күнде Зармитан ҳәм Ғужумсай кәнлери тереңлесип, руда қазып алыў қыйынласып бармақта. Комбинаттың инженерлери тәрепинен машқаланың шешими сыпатында Зармитан кәнинде жоқары нәтийжелиликке ҳәм өндирис қуўатлылығына ийе заманагөй скипли ствол қурыў режеси ислеп шығылды.
Скипли ствол жер асты кәнлеринде қазып алынган руданы арнаўлы скиплер жәрдеминде жер бетине көтериў ушын жобаластырылған вертикал яки қыя шахта стволы. Оның тийкарғы ўазыйпасы руданы тез, нәтийжели ҳәм қәўипсиз тасыўдан ибарат. Дәстүрий усыллардан парықлы түрде, скипли стволларда үлкен көлемдеги бункерлер ҳәрекетленеди. Бул скиплер полат арқанлар жәрдеминде арнаўлы көтериў машиналары менен байланысқан болады. Қурылма ҳәр қандай тереңликте ҳәрекетленип, жер астынан таў массасын жоқарыға тез ҳәм қәўипсиз алып шығыўды тәмийинлейди.
Усы жылы усы скипли шахта стволы иске түсирилди. Бул шахтаның тереңлиги 1000 метрге тең. Бул Орайлық Азияда бирден-бир. Комбинаттың тәжирийбели қәнигелери ҳәм инженерлери, Зарафшан қурылыс басқармасы ҳәм "Санаатэлектромонтаж" трестиниң қурылысшылары, сондай-ақ, сырт елли қәнигелер жойбарды әмелге асырыўда белсене қатнасты. Комплекстиң иске қосылыўы нәтийжесинде таў-кән тасыў өнимдарлығын арттырыў, қәрежетлерди азайтыў менен бирге 90 жаңа жумыс орны жаратылды.
Бул ствол скип ҳәм клет көтериў қурылмаларынан қуралған. Мысалы, скип көтериў қурылмасы жигирма тонналық еки бункерден ибарат. Олар тек алтын қурамлы руданы жер бетине шығарыўға мөлшерленген. Ҳәрекетлери ҳәр қыйлы. Бири төбеге таў жынысларын алып шықса, екиншиси бос ҳалда төменге түседи. Бункер-дозатор қурылмасының төменги бөлимине өлшеў тәрезилери орнатылған. Олар жәрдеминде бункерде жүк көлеми 20 тоннаға жеткенде жүклеў өз-өзинен тоқтайды ҳәм жоқарыдан бос бункер келиўи күтиледи. Стволда жүк тасыў оғада үнемли ҳәм нәтийжели. Мысал ушын, оның күнлик өнимдарлығы 3835 тоннаны, жыллық қуўатлылығы 1,4 миллион тоннаны қурайды. Клет көтериў қурылмасы болса жумысшы-хызметкерлер ҳәм керекли үскенелерди жер асты горизонтларына түсириў ҳәм алып шығыўға мөлшерленген.
Бул қурылмалар ҳәр тәреплеме қәўипсиз ҳәм үнемли. Мысал ушын, скипли тик шахта стволына орнатылған 20 тонналық бункерлер арқалы 60 тонна таў жынысларын жер бетине алып шығыўға тек ғана 8-10 минут ўақыт кетеди. Қурылма электр энергиясы есабынан ислейтуғыны себепли, экологиялық жақтан қоршаған орталыққа улыўма унамсыз тәсир көрсетпейди. Сол себепли, ўақыт жумсалыўы ҳәм жанылғы материаллары 60-70 процентке шекем үнемленеди. Қәнигелердиң есап-санақларына қарағанда, усы жылдың август-декабрь айларында кәннен өзи жүретуғын жер асты техника қураллары жәрдеминде 244 мың 800 тонна руданы жер бетине алып шығыў қәрежетлери сонша руданы скипли шахта стволы арқалы жер бетине шығарыўға кететуғын қәрежетлер менен салыстырғанда экономикалық нәтийже 14,2 миллиард сумды, 2026-жылы болса 44,5 миллиард сумды қурайды.
Жуўмақлап айтқанда, жаңа Өзбекстандағы кең көлемли реформалар кән-металлургия санаатында да нәтийже бермекте. Тараў хызметкерлери елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў мақсетинде күни-түни аянбай мийнет етпекте. Мине усындай пидайылық ҳәм жуўапкершилик себепли ерисилип атырған жетискенликлер келешекте және де үлкен ўазыйпаларды табыслы шешиўге хызмет етеди.
Қуўандық САНАҚУЛОВ,
"НКМК" АЖ басқармасы баслығы - бас директоры








