Энергетика министрлигинен мәлим етиўинше, магистраль газ қубырларында басымды теңлестириў ҳәм системаны нормаль жағдайға келтириў жумыслары даўам етпекте. Басымның төменлеўи себепли турақ жайлар ҳәм социаллық объектлерди тәбийғый газ бенен үзликсиз тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Соның менен бирге, биржа саўдаларына шығарылып атырған бензин ҳәм суйылтырылған газ (пропан) көлемлери арттырылып, жетерли муғдарда жеткерип берилмекте.
Жеке меншик жанылғы қуйыў шақапшаларының ийелерин баҳаларды асырып жибермеўге, жанылғыны сапа ҳәм муғдар нормаларына әмел еткен ҳалда сатыўға шақырады. Баҳалар үстинен қадағалаў күшейтиледи.