Министрликтиң еслетип өткениндей, көп қабатлы турақ жай турақ жай ийелериниң улыўма мүлки есапланады. Барлық тийкарғы қарарлар - басқарыўшы шөлкемди таңлаў ҳәм тарифлерди тастыйықлаў мүлк ийелериниң өзлери тәрепинен қабыл етиледи.
Барлық процесслер санлы форматқа өткерилип, "Мениң үйим" биллинг системасы арқалы әмелге асырылмақта. Егер хызмет көрсетиў шараяты ямаса тариф муғдары пуқараларды қанаатландырмаса, басқарыўшы шөлкемди өзгертиў ҳәм жаңа тарифти тастыйықлаў ҳуқықына ийе.
Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў системасын реформалаў шеңберинде Президентимиздиң 48-санлы қарарына муўапық, басқарыў шөлкемлери ушын:
• ҳәр бир үйге мүлк ийелериниң атына өз алдына банк есап бети ашылады;
• бул есап бетинен алынған қаржылар тек тастыйықланған жыллық жумыслар режеси ҳәм сметасы шеңберинде жумсалады;
Басқарыўшы шөлкемлер ҳәр шеректе "Мениң үйим" системасы арқалы турақ жай ийелерине есап бериўи шәрт.
Есабат өз ўақтында жайластырылмаса, мәжбүрий төлемлерди есаплаў кейинги айдан баслап тоқтатылады.
Сондай-ақ, министрлик турақ жайларды жақсы сақлаў ушын зәрүр болған минимал тарифлерди ислеп шыққан. Ҳәр қандай қосымша хызметлер тек ғана пуқаралардың разылығы менен көрсетилиўи мүмкин.
Көп қабатлы турақ жайларға хызмет көрсетиўдиң орташа тарифлери:
республика бойынша - 1 кв. м. ушын 1 221 сум;
Ташкент қаласы бойынша - 1 кв. м. ушын 1 823 сум;
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар бойынша - 1 кв. м. ушын 932 сум.
орташа айлық төлем:
республика бойынша (61 кв. м) - 74 400 сум;
Ташкент қаласы бойынша (66 кв. м) - 120 300 сум;
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар бойынша (59 кв. м) - 54 988 сум.
Министрликтиң атап өтиўинше, көп қабатлы турақ жайлардың 97 процентинде әне усы тарифлер әмел етпекте. Жоқары ставкалар, әдетте, жаңа премиум үйлерде белгиленеди ҳәм хызметлердиң кеңейтилген дизими менен байланыслы.