Бул ҳаққында Өзбекстан СИМ басшысы өзиниң Телеграм-каналында мәлим етти.
Ушырасыўда Бахтиёр Саидов Түркия жетекшисине Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
"Түркия Президенти Режеп Тайип Эрдоғанның қабыллаўында болыў биз ушын үлкен мақтаныш. Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қызғын сәлеми жеткерилди. Жетекшилеримиз арасында қәлиплескен туўысқанлық орталығы барлық тараўларда ең жақын бирге ислесиў ушын беккем тийкар жаратпақта", деп жазған Бахтиёр Саидов.