Денсаўлықты сақлаў министрлиги "Электрон рецепт" системасы бойынша ең көп берилген сораўларға жуўап берди

    Саламатлық 14 желтоқсан 2025 560

    Ташкент қаласы ҳәм 15 аймақтағы дәриханаларда дәри қуралларын электрон рецепт тийкарында бериў әмелияты жолға қойылды. Жаңа системаның енгизилиўи мүнәсибети менен халықта бир қатар сораўлар пайда болмақта.

    Соны есапқа алған ҳалда, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Жумысшы топары тәрепинен пуқаралардың ең көп берилип атырған сораўларына жуўаплар таярланды.

    Сораў: Поликлиникаға барыў имканияты болмаған, жатып қалған наўқаслар ҳәм кекселер системадан қалай пайдаланады? Айрықша жағдайларда не ислеў керек?

    Жуўап: Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 8-сентябрьдеги 570-санлы қарарына муўапық, денсаўлығының жағдайына бола медициналық мәкемелерге өз бетинше барыў имканиятына ийе болмаған наўқаслар, соның ишинде, жатып қалған наўқаслар ушын дәри-дәрмақларды олардың жақын туўысқанлары ямаса нызамлы ўәкиллери электрон рецепт тийкарында алыўы мүмкин.

    Айрықша жағдайларда тез медициналық жәрдем хызметине мүрәжат етиў усыныс етиледи.

    Буннан тысқары, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2025-жыл 19-ноябрьдеги 355-санлы буйрығында қыстаўлы ямаса кешиктирип болмайтуғын зәрүрлик болған жағдайда рецепттиң жоқарғы бөлегине «cito» (кешиктирип болмайтуғын) ямаса «statim» (кешиктирип болмайтуғын) белгиси қойылыўы нәзерде тутылған.

    Сораў: Түнде тис қатты аўырса, аўырыўды қалдырыўшы дәри болмаса не ислеў керек?

    Жуўап: Аўырыўды қалдырыўшы дәри қураллары рецептсиз берилетуғын дәри қураллары дизимине киргизилген болып, оларды еркин сатып алыў мүмкин.

    Сондай-ақ, медициналық мәкемелердиң қыстаўлы қабыллаў бөлимлерине өзи ямаса тез жәрдем арқалы мүрәжат етиў усыныс етиледи.

    Сораў: Созылмалы кеселликлери бар наўқаслар ушын тәртип қандай? Ҳәр сапары шыпакерге барыў керек пе?

    Жуўап: Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 355-санлы буйрығына тийкарланып, созылмалы кеселликлери бар наўқасларға (анаболик активликке ийе болған айырым препаратлардан тысқары) рецепт жазылыўы мүмкин:

    емлеўдиң 60 күнине шекем;

    айырым дәри-дәрмақлар ушын 90 күнге шекем.

    "Электрон рецепт" системасының кепилликли пакети қурамына киретуғын дәри қураллары бундай наўқасларға реимбурсасия бағдарламасы шеңберинде 30 күнлик емлеў курсына жететуғын муғдарда бийпул бериледи.

    Сораў: Дем алыс күнлери температура көтерилсе, не ислеў керек? Тез жәрдем шақырыў керек пе?

    Жуўабы: Иссылықты түсириўши дәрилик затлар (парацетамол, ибуфаст, февалган ҳәм басқалар) қабыл етилмейтуғын дәрилик затлар қатарына киреди.

    38-38,5 °С тан жоқары температурада, сондай-ақ, қәўипли белгилер пайда болғанда (тутқанақ, дем алыўдың қыйынласыўы, күшли ҳәлсизлик, көкиректе аўырыў, есинен танып қалыў) тез жәрдем ямаса қыстаўлы жағдайлар бөлимлерине мүрәжат етиў керек. Бундай жағдайларда шыпакерлер амбулаториялық емлеў ушын рецепт жазыўға ҳақылы.

    Сораў: Егер дәри ҳайўанларды емлеўге арналған болса, рецептти ким жазып береди?

    Жуўап: Медицина мәкемелери тәрепинен электрон рецепт тек ғана адамларды емлеў ушын рәсмийлестириледи. Ҳайўанлар ушын дәри қуралларын тайынлаў ўәкилликли ветеринария шөлкемлери тәрепинен әмелге асырылады.

    Сораў: Аллергияға қарсы дәрилик затлар рецепт бойынша сатып бериле ме?

    Жуўап: Аллергияға қарсы дәрилик затлар рецептсиз берилетуғын дәрилик затлар дизимине киргизилген ҳәм олар 25 атамада. Түнги приступ жағдайында оларды жақын аралықтағы дәриханалардан сатып алыў мүмкин.

    Зәрүр жағдайларда тез жәрдем ямаса қыстаўлы медициналық жәрдем бөлимлерине мүрәжат етиў усыныс етиледи.

    Сораў: Автомобиль ҳәм офис аптечкалары қалай қәлиплестириледи?

    Жуўаби: Автомобиль дәри қутылары қурамына киретуғын барлық дәрилик затлар ҳәм медициналық буйымлар рецептсиз берилетуғынларға киреди.

    Сондай-ақ, офислерде тек ғана рецептсиз таярланатуғын дәри-дәрмақлардан дәри қутыларын қәлиплестириўге руқсат бериледи.

    Сораў: Жүрек аймағындағы аўырыўларда корвалол ҳәм валидолды қалай пайдаланыў мүмкин?

    Жуўабы: Корвалол, валериана, валидол дәрилик затлар дизимине киреди ҳәм еркин бериледи.

    Жүрек соғыўы белгилари болса, дәрҳал тез жәрдемге мүражат етиў керек.

    Сораў: Сырт ел пуқаралары наўқасланып қалғанда қандай шара көриў керек?

    Жуўабы: аўырыў қалдырыўшы ҳәм басқа бир қатар дәрилик затлар қабыл етилмейтуғынлар дизимине киргизилген.

    Буннан тысқары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға медициналық жәрдем көрсетиў тәртиби тастыйықланды, оған муўапық олар Өзбекстан Республикасының медициналық мәкемелерине мүрәжат етиў ҳуқықына ийе.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates