баннер
18 Mar 2025
23:38

    Өмир бағларының бағманы болайық!

    Бәҳәр себи жайған ҳәзирги күнлерде елимизде бәҳәрги жумыслар жедел басланып кетти. Атап айтқанда, қала ҳәм аўылларда, атыз ҳәм далаларда бағ-бақшаларды жаратыўға үлкен итибар қаратылмақта.

    Соңғы жыллары "Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылып келинбекте. "Өзбекстан - 2030" стратегиясында елимизде жасыллық дәрежесин 30 процентке жеткериў, ҳәр жылы 200 миллион түп терек егиў, сондай-ақ, 2030-жылға шекем 1984 жасыл бағ жаратыў, барлық мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, билимлендириў мәкемелериниң аймақларында сондай бағларды жаратыў нәзерде тутылған.

    Усы жыл 27-январьда Президентимиздиң қатнасыўында "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы мәмлекетлик бағдарламасының жойбары бойынша өткерилген мәжилисте де тийкарғы итибар әне усы мақсетке қаратылды. Мағлыўматларға қарағанда, "Жасыл мәкан" бағдарламасы шеңберинде ҳәр жылы 200 миллион түп терек егиледи. Өткен үш жылда 698 бағ ҳәм 316 жәмийетлик парки, Арал теңизиниң қурыған ултанында дерлик 2 миллион гектарлық путазарлық жаратылды.

    Хош, биз өзимиз, ҳәр бир пуқара бул бағдарда қандай жумыс алып барып атырмыз? Мәҳәллемиз, аўылымыз, көшемиз, ҳәўлимиз ҳәм үйимиз абатлығы ушын не ислеп атырмыз? Ҳәр жылы өзимиз, шаңарақ ағзаларымыз бенен неше түп терек ямаса гүл нәлин ектик? Олардың тәрбиясына, өнип-өсиўине итибар берип атырмыз ба? Бул сораўларға, тилекке қарсы, ҳәммемиз бирден "аўа" деп жуўап бере алмаймыз.

    Елимизде бул бағдарда ҳәммеге үлги бола алатуғын, дөретиўшилик заўқы ҳәм қуўанышы менен жасап атырған пидайы инсанлар көп. Пайтахтымыздың Чиланзар районындағы "Диёр" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында бурын тасланды болған орында кишкене ғана бағ жаратылған. Бул гөззаллықтың жаратыўшысы мәҳәллениң әпиўайы пуқарасы, мийнет ветераны Ҳәкимжан Азизов. Қашан қарамаң, ол бағ жумыслары менен бәнт. Өз танысларын тез-тезден жәрдемге шақырып турады. Өткен де, кеткен де бул бағқа бир кирип, бағбан менен сәлемлесип, сөйлесип кетеди. Бағ, әсиресе, усы жердеги мектеп оқыўшылары ушын қәдирли орынға айланған. Мийўелер пискенде-ғо, келиўшилердиң саны және де көбейеди.

    - Бир неше жыл бурын район басшыларынан бири бул аймақты бузыў керек, деп айтты. Алдын бул жерлер тасланды жер, шығындыхана еди, бузылса, және сол аўҳалға түседи-дә, - деп келисим бермей, бағшылықты даўам ете бердим, - дейди Ҳәкимжан аға. - Бағдың таза ҳаўасынан қаншадан-қанша халық пайдаланбақта, қалаберди, пискенде черешня ма, ғоза ма, беҳи ме, шабдал ма, мийўелер өниминен қоңсы-қобаларға да үлестиремиз.

    - Ҳәкимжан аға сыяқлы бағманлар көбейсин, - дейди "Дияр" мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Сайёра Аманқулова. - Ол инсанға мәҳәллемиз халқы оғада миннетдар. Жаңадан қурылған мәҳәлле уйымының әтирапын гүлзарға айландырыўда да Ҳәкимжан ағаның үлеси үлкен.

    Бир күни Ҳәкимжан аға:

    - Аўылдан жер алып, көшип кетпекшимен, - деди тосаттан. Бул гәпти еситип, етим жыбырлап кетти.

    - Бағ не болады? Оны кимге тапсырасыз? - деп сорадым оннан.

    - Қасымыздағы мектепке ямаса бақшаға тапсырып кетемен, - деди Ҳәкимжан аға.

    Мен бағ тәғдирин ойлап, өзинен басқа адам еплей алмайтуғынын, қарай алмайтуғынын айтып, гейде өзи келип бағқа қарап турыўын мәсләҳәтлегендей болдым. Соңынан еситсем, бағманның көшиўи еле бир-еки жылға созылатуғын болыпты. Сонлықтан, ҳәзирше кеўлимиз қәтержам, себеби бағдың өз ийеси бар.

    - Егемен, қарайман десең, кеўлиңде дөретиўшилик ышқысы болса, ҳәўлиңизде ямаса жасап атырған көп қабатлы жайдың әтирапында да бос жер табылады. Гәп ықласта, күш-ғайратта, - дейди биз бенен сәўбетте мәҳәлле нураныйлары.

    Әлбетте, қай жерде излениў ҳәм баслама болса, сол жерде жумыс нәтийжелилиги артып бара береди. Бундай басламаларды пайтахттың көплеген аймақларында ушыратыўымыз мүмкин. Шайхонтоҳур районындағы Катта жарариқ мәҳәллесинде тоғыз қабатлы жай әтирапында жаратылған жасыл бағ әтирапқа гөззаллық ҳәм салқынлық бағышлап турады. Буннан 20 жыл бурын тас ҳәм гербиш сынықлары, темир-бетон бөлеклерине толып жатқан тасланды 30 сотихтан аслам жерди усы мәҳәллениң пидайы пуқаралары Ҳайдарали Маматов ҳәм Ҳасан Йўлдошев қоңсы-қобалардың жәрдеминде абат етип, көплеген мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызған еди. Мине, бир неше жылдан берли халық бул бағ тереклериниң мийўеси ҳәм саясынан пайдаланып келмекте. Әҳмийетлиси, бул орын усы дәўирде қаншадан-қанша шаң-тозаңларды жутып, қоршаған орталыққа таза ҳаўа - кислород жеткерип берди.

    Бағдың еки сотыхлық майданын "мәҳәлле шайханасын қурамыз", деген бәнт пенен пуқаралар жыйыны алған еди. Кейин белгили болыўынша, мәҳәлле бул жерди "үй" қурыў ушын исбилерменге берип жиберипти. Буннан хабар тапқан пуқаралар район ҳәм қала ҳәкимликлерине, сондай-ақ, басқа да жуўапкер уйымларға қайта-қайта мүрәжат етип, жерди бир әмеллеп қайтарып алды. Ҳәзирги күнлерде экобелсендилер бул жерде халық ушын жүзимзар бағ жаратыўға ҳәрекет етпекте. Қассаптың қайғысы гөш дегениндей, ким не мақсетте жүр, ким қандай ҳәрекетте, аңлап ала бериң.

    Соңғы жыллары елимиздиң барлық аймақларында, атап айтқанда, пайтахтымыз районларындағы мәҳәллелерде жол шетлеринде өзине тән көринис ҳәм дизайнге ийе, әтирапқа көрик бағышлап туратуғын жүзим атызларын жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. "Өзбекстан - 2030" стратегиясында Ташкент қаласында жасыл майданлар аймағын 5 есеге көбейтип, 5 мың гектарға жеткериў нәзерде тутылған. Бул ўазыйпалардың орынланыўы, әлбетте, экобелсендилердиң басламасы ҳәм ҳәрекетлери менен әмелге асырылады.

    Тәбият жанкүйерлериниң басламалары ҳәмме жерде де бирдей қәдирли. Қашқадәрья ўәлаятының Китаб районындағы Чармгар мәҳәллесинде жасаўшы мийнет ветеранлары Самад Раҳмонов ҳәм оның өмирлик жолдасы Мисқолой ананы бәрқулла киши бағында көресиз. Бир қарасаңыз қолында кетпен, бир қарасаңыз гүлқайшы, тереклер ҳәм гүллерди тәрбиялаў менен бәнт. Көшедеги кишкене ҳәўлисинде де, көше беттеги майданша да анаў-мынў нәрселерди жетистирип атырғаны. Өзиндеги нәллерден мәҳәллеслерине де үлестиреди, қалыс хызмет сыпатында еринбестен барып егип те береди.

    Районның Халықлар дослығы мәҳәллесиндеги Абдураҳмон Қурбоновлардың шаңарағына барсаңыз, қысы-жазы гүлшеңбердеги ҳәр қыйлы гүллерди көрип заўықланасыз, өзиңизди тап гүлзарда жүргендей сезесиз. Шаңарақ ийеси Дилором Турсунова оларды келини ҳәм ақлықларының жәрдеминде еринбей тәрбиялайды. Гүллер жазда ҳәўлиге, сыртқы әйўанға шығарылады, қыста болса үйге алып келинеди. Әҳмийетлиси, жылдың төрт мәўсиминде де бул шаңарақта гүллердиң шырайы ҳәм ийиси кеўлиңизди жайнатады.

    Социаллық тармақларда тез-тез көзимиз түседи: биресе ол аймақта тереклер көширилип атыр, биресе бул аймақта. Көширилгенде де олардың қаншасы жасап қалатуғыны белгисиз. Жақында бир саўда комплекси қурылатуғын жердеги тереклердиң көширилиўи ҳаққында еситип қалдым. Бул жерде бурыннан 5-10 түп терек өсип турған болса, олардың санын көбейтиў орнына, аңсат көширип отырғызыў ҳаққында ойласак, не болар екен?

    Турақ жай имаратларын тезирек қурып, пайда алыўды ойлайтуғынлар үйлердиң әтирапына гүл ҳәм тереклер отырғызып, бағлар жаратыў, аймақта орташа ықлым жаратыў, халықты таза ҳаўа менен тәмийинлеў ҳаққында да айрықша бас қатырса жақсы болар еди. Бундай ийгиликли ислери арқалы үлкен саўапқа ерисетуғын еди. Быйылғы Рамазан айы бәҳәрдиң дәслепки күнлерине туўра келгенинде де үлкен мәни ҳәм мазмун бар. Бул муқаддес айда исленетуғын барлық қайырлы ислеримиздиң саўабы көп.

    Айырым ресторан ҳәм асханаларда аўқат таярлайтуғын ошақханалар тиккелей суў бойларында, тереклерге тығылып жайласқаны себепли, жыллар даўамында әтирапымыздағы тәбиятқа зыян жеткерилип келинбекте. Исбилермен тек ғана өз пайдасын гөзлемей, тәбиятты сақлаў зәрүрлигин де ойлап, оған зыян жеткермеў илажларын таўып ис көрсе, әйне мақсетке муўапық болар еди.

    Кейинги ўақытларда терек ҳәм гүл нәллерин егиў ҳәм тәрбиялаўға илимий тийкарда қатнас жасалып атырғаны итибарға ылайық. Бирақ, көп қабатлы жайда жасап атырған пуқара әтирапында егилген нәллердиң жағдайына қызықпаса, астын жумсартпаса, бир қултым суў қуймаса, буған не дейсиз? Бийғамлықтың да өз орны бар ғой. "Алма пис, аўзыма түс" деп кимнен, нени күтемиз, ақыры? Бүгин әтирапымызға бийпәрўа болсақ, кимдур сындырса да итибар бермесек, бизге таза ҳаўа жеткерип берип атырған тереклердиң жағдайы не болады?

    Соңғы жыллары пайтахт ҳаўасының жаманласып баратырғаны бәршемизди тәшўишке салмақта. Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде санаат кәрханалары ҳәм автомобиллерден атмосфераға жылына 2 миллион тоннадан аслам патасландырыўшы элементлер шығып атыр. Әлбетте, бул бағдардағы жағдайды жақсылаў бойынша мәмлекетлик көлемде тийисли илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, көплеген кәрханалар тәрепинен 5 гектардан "жасыл белбеў" жаратылып, жәми 10 миллион түп терек егиледи. Келеси бес жылда Ташкент қаласы ҳәм оған тутас районларда 3 мың гектар "жасыл белбеў" ҳәм 200 гектар жасыл бағлар шөлкемлестириледи.

    Тереклердиң ҳәр бири өзине тән экосистема болып, олар бизге қандай ғамхорлық еткен болса, биз де олар ҳаққында ғамхорлық етиўимиз керек. Изертлеўлерге қарағанда, бир күнде бир адамның кислородқа болған талабын қанаатландырыў ушын 22 терек керек болады. Ҳәр бир терек өмири даўамында 1000 килограмм әтирапында карбонат ангидрид газин жутады. Бир терек бир жыл даўамында 120 килограмм кислород шығарады. Терек тамырлары себепли топырақ ығаллығын сақлап, эрозияның алдын алады. Сондай-ақ, олар әтирапта пайда болатуғын шаўқымларды азайтады, бизди қуяштан қорғайды. Тереклер көплеген ҳайўанлар ҳәм жәнликлер ушын үй ўазыйпасын атқарады, тереклерсиз олардың жасаўы жүдә қыйын.

    Яккасарай районындағы Дилбулақ мәҳәллеси аймағынан өтетуғын каналдың төменги бөлиминде "Өзавтосанаат" акционерлик жәмийети тәрепинен қурылған Салар бағы бар. Бағдағы ойын майданшасы, әткөншеклер, спорт инвентарлары усы аймақта жасайтуғын балалар хызметинде. Усы жерде бир сораў туўылады. Бул бағда жаратылған имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып атырмыз ба? Балалардың хызметинде болып атырған бул мүлкти қәстерлеп сақлап атырмыз ба? Тилекке қарсы, жоқ. Кимдур әткөншеклерди сындырған, кимдур аймақты шимишки қабығы менен толтырған. Қулласы, бағ ҳәзир қараўсыз ҳалға келип қалған. Оны ким қадағалайды? Әлбетте, усы аймақта жасап атырған ата-аналар, жәмийетшилик. Экологиялық тәрбиямыз, ана тәбиятқа саналы қатнасымыз, меҳиримиз үйден, шаңарақтан, мәҳәлледен басланады. Балаларын, үкелерин жетеклеп киятырған жасы үлкенлер неге оларды қадағалаўға алмайды? Сындырмаўға, қоршаған орталықты патасламай, таза сақлаўға үйретпей ме? Негизинде ата-бабаларымыздан өтип киятырған бул қәдириятты, дәстүрди биз де жарқын жүз бенен перзентлеримизге, ақлықларымызға үйретиўимиз керек емес пе? Тәбиятты қәстерлеп сақлаў, оған зыян жеткермеў ҳәр биримиздиң муқаддес миннетимиз екенин ҳасла умытпаўымыз керек.

    Жуўмақ орнында соны айтыўымыз мүмкин, биз билген, биз еккен тереклер әпиўайы терек емес, ал өмир тереклери, турмыс тереклери болып есапланады. Келиң, әзизлер, бизге өмир бағышлап атырған, өмиримизди узайтыўға хызмет етип атырған тереклердиң тамырына балта урмайық. Оның да сораўы, сораў-жуўабы бар, әлбетте. Өмир бағларының жаратыўшысы, бағманы болайық. Сонда келешек әўлад та бизден разы болады.

    Собир МАМАНОВ,

    журналист

    Телеграм каналымыз
    Text to speech