Таң азаннан ойпатлыққа қарай жолға шыққан транспортымыз самалдай зымырап баратыр, асырымнан өтип, уллы Ферғанаға кирип келдик. Жол-жөнекей бир мәнзилде көплеген адамлар жыйналып турғанын, арттағы еки қабатлы жайдың ишинен тағы биразы шығып киятырғанын көзимиз шалды. Шофёрдан машинаны пәсейтиўин сорадым. Имараттың алдындағы жазыўдан бул жерде сонша адам кәсип-өнер үйренип атырғанын аңладық. Қуўандық. Ақыры, мәмлекет берген имканият пенен жеңилликтиң етегинен беккем услап атыр. Араларында жумыссыз жүриўди өзине еп көрмеген, ҳәттеки 60 қа қарай баратырғанлары бар, жас шекленбейди.
Ҳештен кеш жақсы, деп өз ўақтында оқыўға имканияты болмаған ферғаналы Азиза Саидова электр кепсерлеўди, қашқадәрьялы Ўлмас Хидирова автомобиль оңлаўды усындай орынларда бийпул үйренип атырғанын еситкенимизде де бир қуўанған едик. Бундай ҳаяллар слесарь ҳәм уста болыў тек еркеклерге ғана тән, деген көз-қарасты өзгертип, өз өмирине мазмун, бизге болса илҳам бағышлайды. Соның ушын Кәсиплик көнликпелер орайларына жақынырақ кирип барғымыз келди. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң орынбасары Алишер Муратов ҳәм министрликтиң жуўапкер хызметкери Ирода Мусаева бул бағдарда бизге жақыннан жәрдем берди.
Аты өзгерди, мәниси ше?
Дәслеп, жолда көргенимиздей орынлардың рәсмий атамасында бир тоқтамға келип алайық. Мәселен, биреўлер оларды Кәсип-өнерге таярлаў орайы, биреўлер моноорай, және биреўлер кәсиплик орай деп атамақта. Министрлик хызметкерлери болса Президентимиздиң 2024-жыл 4-октябрьдеги қарарына тийкарланып, бул имаратлар Кәсиплик көнликпелер орайы, деп аталыўын мәлим етти. Себеби, усы қарар менен Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги системасында 64 усындай орай 2017-жылдан жумыс баслаған алдынғы моноорайлар негизинде 14 аймақта қайта ашылды. Олардың бесеўи Корея бирге ислесиў агентлиги - КОICA грантлары тийкарында шөлкемлестирилди. Кәсиплик көнликпелер орайлары моноорайларда болмаған 10 нан аслам жаңа түрдеги заманагөй кәсип түри менен жетилистириледи. Қуяш панеллери, электромобиллерге хызмет көрсетиў, суўды үнемлейтуғын технологиялар бойынша ислеў, IТ, компьютер графикасы, мобилография сыяқлылар усылардың қатарына киреди. Буннан тысқары, ҳәр жылы кәсиплик бағдарлар түрлерин жаңалап барыў әмелияты енгизилди. Атап айтқанда, кәсип түрлери базар талабына қарай, келешек кәсиплериниң кирип келиўи көзқарасынан өзгерип туради. Жақын арада бул бойынша сораўнама өткериў де нәзерде тутылмақта. Себеби, жәмийетлик пикирге сүйенип жумыс ислеў, халықтың ишиндегини алып, өзине бериў жумысты және де жанландырады.
Және бир тәрепи, орайларға раўажланған мәмлекетлерден ең соңғы технологиялар алып келинбекте. Тек ғана өткен жылы Жәҳән банкиниң дерлик 8 миллион долларлық гранты тийкарында 10 нан аслам орайға кран машинисти стимуляторы алып келинди. Мәмлекетимиз басшысы да усы жыл 30-июнь күни жаслар менен ушырасыўы ўақтында "Республикамыз бойынша 15 мыңға шамалас оқыў ҳәм 7,5 мың кәсипке таярлаў орайлары бар. Соңғы жыллары олар ушын 100 ден аслам жеңилликлер бердик. Пурсаттан пайдаланып, бундай орайларға, олардың белсендилерине де мүрәжат етемен. Сизлер ҳәзирги көрсеткишлериңиз бенен шекленип қалмастан, жумысты кеңейтип, заманагөй кәсиплер ҳәм шет тиллерин үйренип атырған жасларды бир неше есеге көбейтиң, буның ушын сизлерге және қандай шараят керек болса, ҳәммесин жаратып беремен, деди. Демек, шараятлар және де жақсыланады, имканиятлар кеңейеди. Тек ғана жумыссыз, жолын таба алмай жүрген ўатанласларымызға бәнтлик мәселесинде жәрдем көрсетилсе болды.
Бийпул, арзан ҳәм сапалы таярлаў
Хош, ўақтынша жумыссыз ямаса жумыссыз адамлар тиккелей Кәсиплик көнликпелер орайларына барып мүрәжат ете ме? Егер орай ҳаққында билмесе ше?
Негизинде бүгин "мәҳәлле жетилиги" тәрепинен кәмбағал шаңарақлар анықланып, бирден-бир реестрге киргизиледи. Кәмбағаллықтан шығарыў индивидуал бағдарламалары дүзиледи. Мәҳәлледеги жумыссыз пуқаралар аймақтағы бәнтлик бөлимине жиберилиўи керек. Ҳәким жәрдемшилери, мәҳәлле жаслар жетекшилери оқыў мәкемелери ҳаққында таяр мағлыўматқа ийе. "Онлайн мәҳәлле" платформасында ҳәммеси бир-бирине интеграцияланған. Кеңселер ҳәм шөлкемлерден сорап, излеп жүрмейди. Бираз жанкүйерлик, халықшыллық керек, болғаны. Әсиресе, жумыссыз, жәмлеспеген жасларды бәнт етиўде мәҳәлле жаслар жетекшилерине мәмлекетимиз басшысының жаслар менен ушырасыўында айтқан төмендеги сөзлери қолланба болады: "9 мыңнан аслам мәҳәлледе жаслар жетекшилерин тайынладық. Олар үш жыл даўамында көп нәрсени үйренди, жетерли тәжирийбе арттырды. Енди олар мектеп, техникум, тил ҳәм кәсип орайлары менен де ислесиўди үйрениўи керек. Жаслар жетекшилери ҳәр ҳәптеде мектеп директорлары, класс басшылары, ата-аналар менен ушырасып, қосымша тил ҳәм кәсиплерге қызығыўшылығы, жумыс ислеўге қәлеўи бар оқыўшыларды анықлайды, ҳәким жәрдемшилериниң жәрдеминде өз аймағындағы кәрханалар, тил ҳәм кәсип орайлары менен сөйлесип, оқыўшыларды оларға байланыстырады, спорт ҳәм пәнлерге қызығатуғынларды дөгереклерге тартады. Бул илажлар ушын "Жаслар дәптери" арқалы берилген қаржыларды жумсайды".
208 район (қала) да бәнтлик бөлимлери бар. Пуқараға мине усы бөлимлер Кәсиплик көнликпелер орайларында кәсип үйрениўи ушын жоллама береди ҳәм сол тийкарда оқыў шөлкемлестириледи. Орайлардың тийкарғы ўазыйпасы да жумыссыз ямаса ўақтынша жумысы жоқ пуқараға өзи таңлаған бир кәсипти үйретиў. Оқыў даўамлылығы қысқа мүддетли (орташа 4 ҳәпте, бир айға шекем), орта мүддетли (5 ҳәптеден 25 ҳәптеге шекем), узақ мүддетли (40 ҳәптеге шекем) болады. Кәсиплик көнликпеге ийе болғанларға сертификат, диплом бериледи. Кәсип-өнери бар, бирақ ҳеш жерде ислемейтуғын пуқара болса бәнтлик бөлими тәрепинен жумысқа бағдарланады. Айтайық, электр устасы келди. Оған қайсыдур бос турған жумыс орны усыныс етиледи. Өз кәсиби менен бирге қосымша кәсиплик көнликпени ийелеўди қәлеўшилер болса шәртнама тийкарында төлемли курсларда оқыўы мүмкин. Бул да жеке меншик секторға салыстырғанда арзан.
Усы жерде Кәсиплик көнликпелер орайында өтилетуғын сабақлардың сапасы талапқа жуўап береме, оқытыўшылар қандай тәртипте таңлап алынады, олардың кәсиплик шеберлигине қандай талаплар қойылады, деген сораўлар да туўылыўы мүмкин.
Оқытыўшыларды жумысқа қабыллаў ушын орайдың өзинде сәўбетлесиў шөлкемлестириледи. Қабыл етилгенлериниң де маманлығы, тәжирийбеси турақлы түрде арттырып барылады. Мысал ушын, өткен жылдың өзинде 300 ге шамалас оқытыўшы сырт елге тәжирийбе арттырыўға жиберилди. КОICА менен биргеликте Үргенште шөлкемлестирилген, мәмлекетимиз басшысы барған Кәсиплик көнликпелер орайында бир жыл алдын таңлаў жәрияланған. Ҳәр бир тараў ушын 30-35 ке шамалас талабан мүрәжат еткен. Таңлап алынғанлар арасынан ҳәр бир бағдар бойынша 3 адам Қубла Корея ҳүкимети тәрепинен 2 айлық тәжирийбе арттырыўға жиберилди. Тәжирийбе арттырып келгенинен кейин ғана олар лаўазымға қабыл етилди. Соны да айтыў керек, Қубла Корея менен биргеликте шөлкемлестирилген орайларда тар шеңбердеги кәсиплер үйретиледи. Мәселен, электротехника, кепсерлеў, сантехника, косметология, туризм. Сондай-ақ, Қубла Корея билимлендириў стандарты бираз басқаша. 6+2 бағдарламасына бола, слесарь болмақшы болсаңыз, 6 ай оқып, 2 ай әмелият өтесиз, сонда 8 ай болады. Бул ўақыт даўамында егер пуқара корейс тилин үйренип, В1, В2 дәрежедеги көнликпеге ийе болса, Қубла Кореяға жумыс ислеўге барыў имканияты көбирек болады.
Электромобиллерге хызмет көрсетиў бағдарында болса Қытайдың BYD компаниясы менен шәртнама дүзилген болып, оқытыўшылар Қытайда кәсиплик маманлығын арттырады. Қысқаша айтқанда, орайлардағы оқытыў стандартлары, бағдарламалары барлық аймақта бирдей.
"Билимлендириў артынан пул барады"
принципи қандай нәтийже береди?
Мәмлекетимиз басшысының тийисли қарарына бола, буннан былай жумыссыз халықты, соның ишинде, тийкарғы түрде кәмбағал шаңарақлардың ағзаларын кәсип-өнерге оқытыў қәрежетлерин қаплап бериў бойынша ваучер системасы енгизиледи. Онда оқыў қәрежетлери пуқара таңлаған билимлендириў мәкемесине ваучер тийкарында төлеп бериледи.
Хош, бул система өзи не, оннан кимлер ҳәм қандай тәртипте пайдаланыўы мүмкин?
- Жаңа система тийкарында жумыссыз пуқаралар енди тек ғана Кәсиплик көнликпелер орайларында емес, ал министрликтиң реестринде дизимнен өткен қәлеген мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесинде өзлери қәлеген кәсип-өнерди бийпул үйрениўи мүмкин, - дейди Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң жуўаплы хызметкери Ирода Мусаева. - Усы жылы бул жойбарға 220 мыңнан аслам пуқараны қамтып алыў режелестирилген. Ваучер пуқаралар кәсип-өнер ийелеўи ушын кететуғын қәрежетти қаржыландырыў дәреги, мәмлекет тәрепинен кепилленген төлем системасы болып есапланады. Яғный "билимлендириў артынан ақша барады" принципи тийкарында исленеди. Ваучер алыў ушын талабан Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң районлық бөлимине мүрәжат етеди. Бунда, бәринен бурын, мүрәжат етиўшиниң қәбилети, жумыслы ямаса жумыссызлығы, жумысы анықланып алыныўы керек. Пуқараның қызығыўшылығынан келип шығып бос жумыс орынлары болса усыныс етиледи, егер ҳеш қандай уқыбы болмай, белгили бир кәсипти үйрениўге бейимлиги болса, бул ҳаққындағы мағлыўматлар бағдарламаға киргизиледи. Ҳәр бир аймақта Кәсиплик көнликпелер орайларының оқыў орайлары бар. Мүрәжат етиўши өзине жақын аймаққа барып, өзи қәлеген жөнелисти таңлайды ҳәм оған ваучер бериледи. Ҳәр бир оқыў орайы бағдарлар бойынша өзи баҳа белгилейди.
Бул система ҳәзирги ўақытта Самарқанд ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында сынақтан өткерилмекте. Әлбетте, қандай да бир жаңалықты енгизиўдиң өзине жараса пәс-бәлентлери болады. Соның ишинде, ваучер алған пуқара оқыўға бармаса не болады, деген сораўдың тийкарлы екени де жоқарыдағы еки аймақтағы айырым жағдайларда көрине баслады. Усы мәнисте, министрлик жуўапкерлери пуқара орайда теориялық бөлимди оқып, көнликпеге ийе болғаннан кейин ғана әмелиятқа өткерилиўи керек екенлиги ҳаққында усыныс таярламақта. Оқыў қәрежетиниң ярымы сертификат алынғаннан кейин төлеп берилиўи де усындай жағдайлардан келип шығып енгизилмекте. Ҳәр бир аймақлық бөлимлерге ваучер алған пуқараның ҳәрекетин ақырына шекем қадағалаў ўазыйпасы жүкленди. Егер мүрәжат етиўши бир ай ишинде оқыў орайын таңлап, оқыўды басламаса, ваучер өз күшин жоғалтады. Яғный оған ажыратылған қаржы шешип алынып, жумыссыз ҳәм кәмбағал шаңарақ ағзасына бериледи.
Мәнзилли талап - анық жумыс орны
Усы жылдың февраль айынан баслап Кәсиплик көнликпелер орайларында жумыс бериўшилердиң мәнзилли талабы тийкарында исленбекте. Мәселен, "Артел" компаниясы жаз айында кондиционерге талап жүдә артқаны ушын орайға буйыртпа береди. Айтайық, 500 жас жигит-қызды кондиционер усталығына оқытыў керек, кепилленген жумыс бериледи. Буның ушын биргеликте қоспа оқыў бағдарламасы шөлкемлестириледи. Жумыс бериўшиниң өзи маманлық имтиханында қатнасады ҳәм хызметкерлерди өзи таңлап алады.
Сондай-ақ, Кәсиплик көнликпелер орайларының Сыртқы миграция агентлиги менен биргеликте қоспа жойбарлары бар. Мәселен, Гёте институтында немис тилинде имтихан тапсырған өзбек пуқаралары Германияға жумысқа жибериледи. 10 ай мүддетте немис тилине оқытылып, В2 дәрежедеги сертификат алған мийирбийкелер орайларда зәрүр кәсиплик көнликпе берилгеннен соң, агентлик арқалы Германияға жумыс ислеўге кете алады. Ҳәзир бул мәмлекеттеги және бир компания менен тил үйретиў, маманлық дәрежесин баҳалаўда бирге ислесиўди жолға қойыў режелестирилген.
- Жумыс пенен тәмийинлеўдиң ең нәтийжели усылы кәсип-өнерге оқытыў. Кәсиплик көнликпелер орайлары жылына 250 мың пуқараны кәсипке таярлаў имканиятына, устазларымыз болса көп жыллық тәжирийбеге ийе. 2025-жылдың январынан Кәсиплик көнликпелер орайларында жумыс бериўшилердиң талабына тийкарланып жедел курслар шөлкемлестирилмекте. Президентимиздиң қарары менен қысқа мүддетте дуал билимлендириў тийкарында пуқараларды электромобиллерге хызмет көрсетиў, қуяш панеллери менен ислеў, IТ тараўларында кәсипке айландырып атырмыз. Қысқа мүддетли курслар 1 айдан 6 айға шекемги мүддетли болады. Оларда бәнт болмаған халық жоллама тийкарында, жумыслы пуқаралар шәртнама тийкарында оқыўы мүмкин, - дейди Республикалық кәсиплик көнликпелер орайы бөлим баслығы Илҳом Абдурасулов.
Ҳәзирги ўақытта Кәсиплик көнликпелер орайларының аўыллық орайларында кәсип-өнерге оқытыў орайлары да жумыс алып барып атырғаны адамлардың аўырын жеңил етип атыр, деп айтыў мүмкин. Әндижанның шегара аймағындағы Норбута аўылындағы усындай орында жумыс алып барып атырған Дилрабо Ҳабибуллаева 60 тан аслам ҳаял-қызға дурыс тигиўден заманагөй кийим тигиўге шекем үйретип келмекте. Оннан пүткил аўыл халқы миннетдар. Себеби, пайтахтта ҳаял-қызлар липасын конструкциялаў ҳәм моделлестириў курсын үлгили тамамлаған қаҳарманымыз себепли аўыл адамлары жумыслы болмақта. Ақыры аўыл ҳаяллары тәрепинен тигилип атырған костюм-шалбар, кофта-юбка, пальтолар базардан қалыспайды ғой. Соның ушын базары шаққан. Буйыртпаларды өз ўақтында жеткерип бериў барған сайын көбирек жумысшы күшин талап етпекте.
- Бул жерге келгенлер, бәринен бурын, дурыс тигиўди үйренеди. Кейин пишиў-тигиўди, - дейди Дилрабо Ҳабибуллаева. - Көпшилик шәкиртлеримиз үш ай өнер үйренип алғаннан кейин тигиў цехлары, кәрханаларда жумыс ислейди. Шәкиртлерим арасында бир жерде 7-8 саат отырып ислей алмайтуғынлары да бар. Себеби майыплығы болған, "Ҳаял-қызлар дәптери", "Темир дәптер"де туратуғын шараяты оғада аўыр ҳаял-қызларды да оқытамыз. Оларға тигиў машинасы берилсе, үйде биймәлел ислей алады.
Енди, бүгин, қәнекей, тигиў машинасы болса, деген тигиўши ҳаял-қызлардың көпшилиги мәмлекет тәрепинен заманагөй тигиў машинасын алып, шаңарағын бақпақта. Айырымлары 2-3 қоңсысын да жумыслы етип атыр. Бул өнерден улыўма хабарсызлар болса оқып-үйренип атыр. Жумыссызлықтан не ислеўди билмей бас қатырған шаңарақ басшылары кепсерлеў, сантехника, слесарлық сыяқлы талап жоқары болған кәсиплерди үйренип дәрамат таппақта. Усы мәнисте айтыў мүмкин, Кәсиплик көнликпелер орайлары тек ғана ислеп атырған жоқ. Турмысқа мазмун, шаңарақларға молшылық үлестириў мақтанышы оларды халыққа және де жақынластырып атыр. Бул болса мәмлекетимизде инсан қәдири биринши орында екени, шаңарақлардың абаданлығы менен жәмийетимиз раўажланып атырғанының әмелдеги ең гөззал көриниси.
Муножат МУМИНОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы







