Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңес депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.
Жалпы мәжилистеги мәселелердиң додаланыўын Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.
Олий Мажлис Сенатының 13-жалпы мәжилисинде М.Е.Абдусаломовты Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының судьясы етип сайлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.
Сенаттың тийисли қарары тийкарында Абдусаломов Мирзо-Улуғбек Элчиевич он жыл мүддетке Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының судьясы лаўазымына сайланды.