"Дунё" МАның хабар бериўинше, бул партия "Uzbekistan Airways" авиакомпаниясы тәрепинен Шарм-эль-Шейхтан Ташкентке алып келинди.
Египет ҳүкимети жәрдеминиң быйылғы 4-партиясы улыўма 32 қутыдан ибарат болып, олар 7680 дана "Sofosbuvir-400mg" дәри-дәрмақларын өз ишине алады.
Мәмлекетимизде гепатит "С"ны 2030-жылға шекем сапластырыў бойынша миллий бағдарламаның орынланыўы шеңберинде дәри-дәрмақлар Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Вирусология илимий-изертлеў институты тәрепинен емленип атырған наўқасларға тарқатылады.
Өзбекстан елшиханасының мағлыўматына бола, Египет ҳүкимети тәрепинен 2023-2024-жыллар даўамында бул вирусқа қарсы салмағы 12,4 тонна болған "Daclatasvir" ҳәм "Sofosbuvir" дәри-дәрмақларының 27 партиясы мәмлекетимизге жеткерип берилген. Бул дәри препаратларының улыўма баҳасы 1,4 миллион АҚШ долларына тең.