Ҳаял-қыз ҳәр бир шаңарақ ҳәм жәмийеттиң абаданлығын тәмийинлеўши муқаддес күш болып табылады. Соның менен бирге, ҳаялдың роли тек ғана шаңарақта емес, жәмийеттиң социаллық ҳәм экономикалық турмысында да көринеди.

Тарийх айнасындағы сәўле...

Бир ўақытлары аўыл ҳаялының дәрежеси "колхоз жумысшысы" деген тәғдир менен белгилеп қойылған еди. Сол жыллары аўыл ҳаялын барлық жоллар бир ноқатқа - пахта атызына алып баратуғын еди. Мәмлекет сиясатында "пахта режеси" биринши орында турғаны себепли ҳаялдың қәдири оның ишки потенциалы менен емес, күнделикли "норма"ны орынлаўы менен баҳаланатуғын еди. Ура-урашылыққа тийкарланған үгит-нәсиятлаўлар да тийкарынан ҳаял-қызларды социаллық пайдалы мийнетке тартыў, өндирис алдынғыларын үлги етиўге бағдарланған еди. Усылайынша аўыл ҳаялларының өмири, арзыў-әрманлары пахта атызындағы "ақ қамал" ийриминде сөнип кетер еди. Әлбетте, бул ҳақыйқатлықты бүгин толық шараятларда кәмалға келип атырған, заманагөй билим алып, абаданлықта өсип атырған әўлад билмес, бирақ пахта атызында қәдем таслап, қарықларда өскен әўлад ўәкиллери жақсы биледи.

Бурын көп орынларда балалар мәкемелери, мектепке шекемги билимлендириў дәргайлары жетиспейтуғын еди, сол себепли көпшилик балалар усы системадан айырылып қалатуғын еди, бул болса социаллық теңсизликти жүзеге келтиретуғын еди. Бул жағдай тек ғана балалар емес, ҳаял-қызлардың тәғдиринде де аўыр машқалалардан бири есапланатуғын еди. Мәмлекет тәрепинен тәрбия мәкемелерине жетерли итибар қаратылмағанлығы себепли бала тәрбиясы менен тәлим-тәрбиясының барлық жуўапкершилиги тек ғана ананың мойнына жүкленетуғын еди. Бул болса оның ислеў, оқыў имканиятын, жеке раўажланыў әрманларын шеклейтуғын еди. Бирақ кейинги жыллары ана ҳәм бала тәғдирине көлеңке салған бул машқала өз шешимин таба баслады. Мәмлекетлик сиясатта тәлим-тәрбия тараўына айрықша әҳмийет берилди. Ҳәттеки ең шетки аўылларда да балалар бақшалары қурылды, зәрүр инфраструктуралар басқышпа-басқыш қәлиплестирилди. Бул өзгерислер себепли аўыл ҳаялының мойнынан аўыр жүк азайып, мийнет етиў, билим алыў ҳәм жәмийетте өз орнын табыў имканияты кеңейди.

Имканият

2017-жилдан баслап жағдай кескин өзгерди. Президентимиздиң басламасы менен билимлендириўдиң биринши басқышын раўажландырыўдың көплеген бағдарлары белгилеп берилди. Атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириў системасын структуралық жақтан түп-тийкарынан реформалаў, бул мәкемелерге балаларды толық қамтып алыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар қойылды. Бул реформалар нәтийжесинде мәмлекетимизде мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 27 проценттен 78 процентке артты.

Буннан тысқары, алдынлары аналардың мойнында болған - мектепке қәдем қоятуғын балаларға биринши қағаз-қәлем услаўды үйретиў ўазыйпасы да мектепке шекемги билимлендириў системасының ықтыярына өтип, ҳәзирги күнде алты жасар балалар да мектепке таярлаў топарларына қамтып алынбақта. Соның менен бирге, 2017-жылға шекем билимлендириў тараўында ҳаял-қызлар ушын қолайлы ҳәм инклюзив орталық қәлиплеспегенлиги, қосымша қолайлықлар, аралықтан оқыў имканиятлары, балалы ҳаяллар ушын арнаўлы билимлендириў формаларының жоқлығы, перзент тәрбиясынан ажыралмаған ҳалда оқыў тилегинде болған көплеген ҳаял-қызлардың жоқары билим алыў имканиятын қыйынластыратуғын еди. Бул бағдарда қолайлы билимлендириў түрлериниң енгизилиўи ҳаял-қызлар ушын ўақыт ҳәм физикалық қолайлы шараятты жүзеге келтирип, оларға "я шаңарақ, ямаса билимлендириў" деген еки еселик таңлаў орнына "шаңарақ және билимлендириў"ди таңлаў имканиятын берди.

Кейинги жылларда ҳаял-қызлардың билим алыўы ушын процентсиз тәлим кредитлериниң берилиўи, жәрдемге мүтәж қызларға грантлардың ажыратылыўы, ҳаял-қызлардың магистратурадағы билим алыўы ушын төлемниң мәмлекет тәрепинен қаплап берилиўи сыяқлы жеңилликлер олардың жоқары билимлендириўдеги қамтып алыныўының кескин артыўына себеп болды. Усы тәризде жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған ҳаял-қызлардың салмағы артып бармақта. 2025-2026-оқыў жылында жәми 255 мың 402 ҳаял-қыз жоқары билимлендириўге студентликке қабыл етилди. Буннан тысқары, 187 мың ҳаял-қыз "Бир миллион программист" жойбары шеңберинде мәлимлеме технологиялары бойынша оқытылды. Бул болса келешекте илимли, умтылыўшаң ҳәм белсенди ҳаял-қызлардың санының артыўына, олар арқалы болса пүткил жәмийеттиң турақлы ҳәм бәркамал раўажланыўына хызмет етеди.

Ҳәр бир ҳаял, бәринен бурын, ана. Оған сиңген билим, руўхый тәрбия келешекте перзентлерине, перзенти арқалы жәмийетке "жуғады". Демек, аналар пүткил миллетти тәрбиялайды. Бүгин илим, медицина, билимлендириў, көркем өнер ҳәм басқа да тараўлардағы жоқары жетискенликлер көбинесе ҳаял-қызлардың қатнасыўы менен байланыслы.

Жамбайлы Гулирано Эркинова пахта атызында өмирин өткерген кемпир апасының арзыў-әрманларын әмелге асырыўды, жоқары билим алып, педагог болыўды әрман ететуғын еди. Ол 19 жасында турмысқа шықты, тез арада перзентли болды. Өмир оның ушын әсте-ақырын, тек үй-руўзыгершилик шеңберинде даўам ете баслады.

- Кемпир апам бар өмирин колхозда рабочий болып өткерген. Ол маған бәрқулла жоқары мағлыўматлы болыўым кереклигин, өзи бул имканияттан пайдалана алмағанын өкиниш пенен айтар еди. Жоқары билимлендириўде сыртқы билимлендириў бағдары ашылғанынан пайдаланып, ҳүжжет тапсырдым. Оқып, кемпир апамның әрманларын әмелге асырдым. Кемпир апамның турақлы үгит-нәсиятлары, сондай-ақ, жаратылған имканиятлар бизлерди әрманларымызға жетелемекте, - дейди Гулирано Эркинова.

Әлбетте, пахта атызында өмирин өткерген үлкен әўладтың әрманларын орынлап атырған Гулирано сыяқлы бүгинги әўлад ўәкиллери арамызда оғада көп. Олар "аспаннан түскен" жоқ. Мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған шараятлар себепли трансформация жолын басып өтип, камалға келген, ҳақыйқый қаҳарманлар. Ҳаялдың "үй бийкеси"нен басшылық лаўазымына шекемги эволюциясы да тосыннан емес, ал миллий раўажланыў стратегиясының әмелий нәтийжеси болып есапланады.

Потенциалға жол ашып атырған стратегия

Бүгин "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде ҳаял-қызлардың сиясий, социаллық, экономикалық белсендилигин арттырыў, аналық ҳәм балалықты қорғаў, гендер теңликти қарар таптырыў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў бойынша жумыслар көлеми кең. Бул процессти институционаллық жақтан беккемлеў мақсетинде ҳуқықый база жаратылды. Кейинги жыллары ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған 100 ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди. Бул ҳүжжетлер тек ғана қағазда емес, ал турмыста реал орынланыўын таппақта. Финанслық жәрдем, жеңиллетилген кредитлер, субсидиялар, грантлар, кәсип-өнер үйретиў орайлары арқалы көрсетилип атырған әмелий жәрдемлер ҳаял-қызлардың экономикалық белсендилигин арттырыўда әҳмийетли факторға айланды. Нәтийжеде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели ҳәм өзине тән модели қәлиплести. Бул модель системалы қатнас, қатаң сиясий ерк-ықрар ҳәм әмелиятта өз тастыйығын таўып атырған нәтийжелердиң үйлесими болып есапланады.

Әлбетте, алдын бундай имканиятлар болмағаны себепли "үйде отыратуғын" ҳаяллар саны кескин артып кеткен еди. Бүгин имканиятлар ҳәм өзгерислер себепли социаллық менталитет өзгерди. Енди ҳеш ким "аўзын ашып" отырғысы келмейди. Экономикалық белсендилигин арттырыў, исбилерменликке кеңнен тартыў ҳәм өз жумысын баслаўына әмелий жәрдем бериў ҳаял-қызлардың экономикалық еркинлигине ҳәм жеке турмысына, сол арқалы пүткил шаңарақ ҳәм жәмийеттиң абаданлығына тиккелей тәсир етеди.

Ҳәр бир реформаның ҳақыйқый баҳасы турмыслық мысалларда, адамлар тәғдиринде, қалаберсе, тарийх айнасында өз көринисин табады. Кешеги күнлер тарийх сахнасына айланып, бүгин инсан қәдири улығланып атырған бул елде ҳаял-қызларға жаратылып атырған имканиятлар, шөлкемлестирилип атырған инфраструктуралар, қоллап-қуўатлаў механизмлери тек ғана олардың мийнет базарындағы белсендилигин арттырып қоймастан, ал жеке раўажланыўы ҳәм жәмийеттеги тең ҳуқықлы қатнасыўын тәмийинлейтуғын беккем социаллық көпирге айланбақта. Бул - узақ күтилген социаллық реформа, бул - пүткил жәмийетте жүз берип атырған раўажланыў, ояныў, ҳақыйқый раўажланыўдың жанлы тымсалы.

Шухрат НОРМУРОДОВ,

журналист