Айырым кәсиплер жоқ болып кетиў алдында турған болса, жаңадан-жаңа мийнет түрлерине талап пайда болмақта. Нәтийжеде, жумыс бериўшилер ҳәм хызметкерлер арасындағы мийнет қатнасықларына да жаңаша қатнас жасаў зәрүрлиги жүзеге келди. Айтайық, бүгин физикалық тәреплерге де жумыс пенен тәмийинлеўши статусы берилди. Өзин-өзи бәнт етиў, "Темир дәптер", "Жаслар дәптери" ҳәм "Ҳаял-қызлар дәптери" сыяқлы социаллық дәптерлер системасы жолға қойылды. Аралықтан ислеў усылы енгизилди. Булардың барлығы мийнет базарында адамлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм мийнетти қорғаўды күшейтиў бойынша жаңа реформаларды әмелге асырыўды талап етти.
Усы мәнисте өткен жылы 28-октябрьде қабыл етилген "Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексин тастыйықлаў ҳаққында"ғы нызам бул бағдардағы қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыўда әҳмийетли қолланба болды.
1995-жылы қабыл етилген бурынғы Мийнет кодекси ҳәзирги дәўир талапларына жуўап бермей қалған еди. Алдынғы ҳүжжетте пуқараларды мийнетке тартыўдың жаңа түрлери нәзерде тутылмаған ҳәм анықластырылмаған еди.
"Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексин тастыйықлаў ҳаққында"ғы нызам тийкарында 2025-жыл 1-сентябрьден күшке кирген жаңа тәртипке бола, мийнет базары толық санластырылды. Ҳәр бир бос жумыс орны ҳәм талабан мағлыўматлары Миллий вакансиялар базасында сәўлеленеди. Сондай-ақ, жумыс бериўшилер бос жумыс орынлары ҳаққында бәнтлик уйымларына мәжбүрий есабат бермейди ҳәм олар усынған талабанды қабыл етпегенлиги ушын жуўапкершиликке тартылмайды. Бул өзгерислер мийнет базарында жумыс бериўшилер және жумыс излеп атырғанлар ушын жүдә қолайлы. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен енгизилип атырған санлы платформалар, электрон шәртнамалар, маманлық ваучерлери сыяқлы ҳәр қыйлы механизмлер болса системаны кең ҳәм нәтийжели ислеўге ийтермелейди.
Бурынғы системада жумыс бериўши ҳәр бир бос жумыс орны ҳаққында жергиликли бәнтлик уйымларына есабат бериўи шәрт еди ҳәм жиберилген талабанды жумысқа қабыл етпегени ушын жуўапкершиликке тартылатуғын еди. Жаңа тәртип болса бул механикалық қадағалаўды бийкар етип, бирден-бир миллий мийнет системасы (БММС) арқалы санлы ҳәм орайласқан мағлыўмат алмасыўды жолға қояды.
Бул өзгерислердиң унамлы тәрепи - бюрократияны азайтыў, жумыс бериўшилер ушын ҳүжжет жүргизиў ҳәм есабат бериў жүклемесин жеңиллестириў менен бирге, мәмлекеттиң мийнет базарында "мәжбүрлеўши қадағалаўшы"дан гөре "исенимли шерик" позициясына өтип атырғанын аңлатпақта. Қалаберди, бул экономикалық либералласыўдың бир көриниси болып, жеке меншик сектордың белсендилигин арттырыўға хызмет етеди.
Жаңа тәртипке бола, енди дәўирлик есабатларды тапсырыўдағы бюрократия машқаласы азаяды, жумыс бериўшилерге көбирек еркинлик тийкарында вакансиялар менен ислесиў имканияты жаратылмақта.
Электрон мийнет шәртнамаларын (Face ID арқалы) тез ҳәм қолайлы дүзиў механизми әмелде енгизилип, рәсмийлестириў процеси хошаметленеди. Бул болса жеке меншик сектор ҳәм киши бизнес ушын үлкен жеңиллик болып есапланады.
Президентимиздиң 2025-жыл 4-июльдеги "Мийнет қатнасықлары ҳәм кәсипке таярлаў системасын жетилистириў және жумыс бериўшилерди хошаметлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманына бола, енди ҳәр бир бос жумыс орны ҳәм талабан мағлыўматлары Миллий вакансиялар базасында сәўлеленеди. Бул базада жумыс излеўши еркин ҳүжжет жибериўи, жумыс бериўши менен тиккелей байланысыўы мүмкин.
Бундай система бир қатар абзаллықлар береди. Соның ишинде, ашық-айдынлық ҳәм ашық мәлимлеме майданын жаратады, артықша әўерегершиликлерди сапластырады. Нәтийжеде жумыс излеўши Миллий вакансиялар базасы арқалы бос жумыс орынларына өзи еркин арза жибереди, жумыс бериўши менен тиккелей байланыста болады. Бул - еркин ҳәм қолайлы, себеби белсендиликти хошаметлейди, мағлыўматлар ашық-айдын түрде сақланады. Бирақ бул системаның нәтийжелилиги мәлимлеме системасының барлық аймақларда бирдей ислеўи, мағлыўматлардың толық ҳәм ҳақыйқый жиберилиўине байланыслы.
2026-жыл 1-январьға шекем дәслеп Ташкент қаласында, кейин ала республиканың барлық аймағында жумыс бериўшилерге әмелий билим ҳәм көнликпелерге ийе қәнигелерди таўып бериўде мийнет уйымлары тәрепинен жәрдемлесиў системасы енгизиледи. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанында жумыс бериўшилер ҳәм жумыс излеп атырған пуқаралар ушын НR жойбарлаў офиси шөлкемлестириледи. Бул жойбарлаў офиси қәнигелери пуқараларға өз анкетасын қалай толтырып, қай тәртипте жумыс излеўди де түсиндирип барады.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги мийнет базарында исенимли дәлдалшыға айланады. Жумыс бериўшилер ҳәм талапкерлерди бир-бирине байланыстырыў мақсетинде рекруторлар менен биргеликте маман қәнигелерден ибарат жойбарлаў топары шөлкемлестирилип, жаңа санлы платформа жаратылады.
Бул платформаның мәниси сонда, жумыс бериўшилер бос жумыс орынлары ҳаққындағы ҳақыйқый мағлыўматларды жайластырады, жумыс излеп атырған пуқаралар өзлери ҳаққындағы мағлыўматларды киргизеди. Жойбарлаў топары дәслепки таңлаўды әмелге асырады ҳәм жумыс бериўшилерге ең мүнәсип талабанларды усынады, жумыс бериўши өзине мақул болған қәнигелерди еркин таңлап алады.
Платформа бийпул хызмет көрсетеди ҳәм усы тәризде бул система жумыс бериўшилерди бос жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўматларды қәлиплестириўде белсендиликке шақырады. Пуқараларды сапалы, рәсмий жумыс пенен тәмийинлейди. Жумыс бериўшиниң талабынан келип шығып кәсиплик билимлендириў системасын раўажландырады.
Жаңа тәртипке бола, 2025-жыл 1-сентябрьден баслап, хызмет көрсетиў, аўыл хожалығы ҳәм қурылыс тараўындағы кәрханаларға хызметкерлер саны 50 ге шекем болған кәрханаларға БММС арқалы Face ID жәрдеминде электрон мийнет шәртнамаларын дүзиў ҳәм бийкарлаўға рухсат бериледи.
Бул жеңиллик киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик ушын үлкен имканият болып есапланады. Себеби олар артықша бюрократиясыз хызметкер жаллай алады. Бирақ мийнет ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеў ушын электрон системада да шәртнама шәртлери ҳәм жумысшының ҳуқықларын анық белгилеў әҳмийетли.
Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, "Мийнет қатнасықлары ҳәм кәсипке таярлаў системасын жетилистириў және жумыс бериўшилерди хошаметлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманға бола, маманлықты арттырыў ҳәм кәсипке қайта таярлаў ваучеры енгизиледи. Соның ишинде, 2025-жыл 1-ноябрьден қәнигелигин арттырыў ямаса кәсипке қайта таярланыўды қәлеген шахсларға қосымша билим алыў ушын "кәсиплик ваучер" бериледи. Ваучер ссуда сыпатында бериледи. Оқыўды тамамлап сертификат алған ҳәм жумысқа жайласқан шахс кредитти 2 жыл ишинде Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорына қайтарады (майыплығы болған шахслар ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестриндегилер буған кирмейди). Майыплығы болған шахслар, 3 айдан артық даўам ететуғын курсларда оқып атырған кәмбағал шаңарақ ағзалары ҳәм турақлы жасаў орнынан басқа аймаққа қатнап оқып атырғанларға билим алыў дәўиринде ең кем мийнет ҳақының бир есеси муғдарында стипендия төленеди. Бирақ жумыссызлық напақасын алып атырған дәўирде стипендия берилмейди.
2026-жыл 1-февральға шекем оқыў бағдарламаларының теориялық бөлими тийкарында видеосабақлар таярланады ҳәм бийпул пайдаланыў ушын интернетке жайластырылады. Жумыс бериўшилер тыңлаўшылардың имтихан тапсырыў процесин онлайн бақлаў имканиятына ийе болады. Системаның барлық басқышы Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорының қаржысы есабынан қаржыландырылады. Сондай-ақ, 2026-жыл 1-мартқа шекем Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен кәсип-өнерге оқытыў системасы 3 басқышлы модель тийкарында шөлкемлестириледи. Оқытыў теориялық ҳәм әмелий түрде болып, тест сынақларын табыслы өткенлер әмелий басқышқа өткериледи.
Бул өзгерислер мийнет базарында ашық-айдынлық, нәтийжелилик ҳәм санластырыўға қарай үлкен қәдем болмақта. Жумыс бериўшилер ушын бюрократиялық тосқынлықлар азайып, процесс жеңиллесип атыр. Жумыс излеўшилер болса санлы платформа арқалы еркин, өз-ара жедел сөйлесиўде болып, көбирек имканиятқа ийе болады. Улыўма, бул пәрман қоллап-қуўатлаўшы система ҳәм санлы қураллар менен мийнет базарын избе-из ҳәм турақлы реформалаўға хызмет етеди. Тийкарғы мақсет жумыс бериўшилерге ҳәкимшилик басымды азайтыў арқалы жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм басқа да барлық пуқараларды тең ҳәм белсенди жумыс пенен тәмийинлеў имканиятын кеңейтиўден ибарат.
Қысқасы, жаңа тәртиплер комплекси мийнет базарында нәтийжелилик, ашық-айдынлыққа қарай және бир әҳмийетли қәдем болды. Бунда жумыс бериўшиге де, жумыс излеп атырғанлар ҳәм хызметкерлерге де әдалатлы ҳуқықый имканият усынылады. Мийнет базары басқа тараўлар қатарында санластырылады. Базар экономикасы шараятына бейимлескен еркин ҳуқықый қатнасықлар қәлиплеседи. Барлық процесс либералластырылады. Нәтийжеде бул еркинлик ҳәм қолайлық еки тәрептиң мәплерине бирдей хызмет етеди.
Юнус БОРАНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы





