Еркинлигимиз, азатлығымыз, раўажланыўымыздың тийкары болған бул байрам ҳәр бир шаңараққа саўлат ҳәм абаданлық алып келсин, дастурханларымыз мол болсын.
Быйыл мәмлекетимизде барлық тараў - қурылыс, социаллық қорғаў, билимлендириў, ғалаба хабар қураллары, медицина ҳәм басқа да бағдарларға үлкен итибар қаратылды. Ҳәр бир тараўда жаңаланыўлар процеси даўам етпекте, халқымыздың турмысы жақсыланбақта. Мийнет еткен, халықтың абаданлығы ушын шын кеўилден хызмет еткен ҳәр бир инсан қәдирленбекте. Бул тән алыў оларды жаңа жетискенликлерге илҳамландырмақта.
Көркем өнер әлеминде 40 жыллық тәжирийбеге ийе дөретиўши сыпатында кейинги жылларда мәденият тараўына итибар алдынғы жылларға қарағанда сезилерли дәрежеде артқанын атап өтпекшимен. Ўәлаят, районларда мийнет етип атырған мәденият хызметкерлери де мүнәсип сыйлықланды, мийнети жоқары баҳаланды. Бул итибар барлық көркем өнер ғайраткерлери ушын үлкен хошамет ҳәм илҳам дәреги болды.
Көркем өнер ғайраткерин дөретиўшиликке қәдем қойыўға, кеўлинде усы күнлерге жеткерсин, деп нийет етиўге ийтермелейтуғын факторлардан бири "Өзбекстан Республикасы халық артисти" ҳүрметли атағы болып есапланады. Бул жоқары итибарға ылайық көрилгениме оғада қуўандым. Бул мен ушын тек ғана үлкен мақтаныш емес, ал оғада жоқары жуўапкершилик ҳәм жаңа имканиятлар есигин ашқан ўақыя.
Бул тән алыў тек ғана өзим ушын емес, ал жақынларым, кәсиплеслерим ҳәм ықласбентлерим ушын да үлкен қуўанышлы ўақыя болды. Булар маған күш ҳәм исеним бағышлады. Ҳәр бир инсанның мийнети қәдирленсе, жәмийетте де өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик күшейеди.
Әскерлерде мынадай гәп бар: "Генерал болыўды әрман етпеген әскер - әскер емес". Көркем өнер әлеминде де жасларымыз усы әрман менен жасайды, мийнет етеди. Олар да жоқары мәртебеге ерисиўди, өз мийнети менен халықтың меҳрине ерисиўди әрман етеди. Ҳәзирги ўақытта жүрегимнен өтип атырған қуўаныш ҳәм мақтаныш сезимин барлық көркем өнер ықласбентлери, дөретиўшилер сезиниўин тилеймен.
Елимиз тыныш, парахат болсын, халқымыз бахытлы ҳәм абадан жасасын! Мәденият ҳәм көркем өнер раўажлансын, жаңа, жас талантлар дүньяға келсин. Уллы ҳәм бирдей арзыў-нийетлеримизди биргеликте әмелге асырайық!
Тоҳир САИДОВ,
Өзбекстан Республикасы халық артисти