Сонлықтан, инсан мийнетин ҳәм ҳуқықын қорғаў жәмийетти раўажландырыўдың әҳмийетли өлшеми болып хызмет етеди ҳәм раўажланыў жолын гөзлеген жәмийетлер бул бағдардағы реформаларға айрықша итибар қаратады.
Инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин, мийнетти қорғаў, жумыссызлықты азайтыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў бағдарында беккем нызамлы тийкарлар жаратылды. Жаңаланған Конституциямыз, жаңа редакциядағы Мийнет кодекси, "Халықтың бәнтлиги ҳаққында"ғы, "Кәсиплик аўқамлары ҳаққында"ғы нызамлар қабыл етилгени бул бағдардағы әҳмийетли қәдемлер болды. Бул бағдардағы жумысларды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Халықаралық мийнет шөлкеминиң 25 ҳүжжети елимиз тәрепинен ратификацияланды. Балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет толық сапластырылды.
Глобалласыў ҳәм санлы раўажланыў шараятында мийнет қатнасықлары тараўында жаңа түрлер де кеңнен ен жаймақта. Атап айтқанда, экономикамызға жаңадан-жаңа тараў ҳәм бағдарлар, соған сәйкес түрде жаңа кәсиплер, заманагөй технологиялар жедел кирип келмекте. Мәселен, ИТ программист, веб-дизайнер, өнермент, такси айдаўшысы, курьер сыяқлы онлаған кәсиплерде халық платформалы бәнтлик тийкарында ислемекте. Көплеген пуқараларымыз, әсиресе, ҳаял-қызлар аралықтан турып мийнет етпекте. Имканият ҳәм шараят жаратып берилгени себепли бүгинги күнде 6 миллионға шамалас халық өзин-өзи бәнт етип, руўзыгершилигин тәмийинлемекте.
Буннан тысқары, мәҳәллелер драйвер тараўларға қәнигелестирилиўи есабынан 1,5 миллион шаңарақ өз үйинде ислеп, дәрамат алмақта. Бүгинги күнде жаңа бағдарлар экономикалық раўажланыўымыздың бир бөлегине, оларда жумыс алып барып атырған адамлар болса мийнет қатнасықларының тең ҳуқықлы субъектине айланбақта.
Бирақ жедел турмыс толқыны барған сайын илгерилеп баратырған бүгинги дәўирде барлық тараўлар қатарында мийнетти қорғаў бағдарында көплеген машқалалар өз шешимин күтип турғаны сыр емес. Атап айтқанда, жумысшы ҳәм хызметкерлер ушын қәўипсиз ҳәм заманагөй мийнет шараятларын жаратыў мине усындай тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады. Тилекке қарсы, тараў ҳәм тармақларда бул мәселелерге жетерли итибар берилмекте, деп болмайды. Сол себепли, жумыс процесслеринде бахытсыз ҳәдийселер дизимге алынбақта.
Мысал ушын, Мәмлекетлик мийнет инспекциясының 2025-жылғы есабатына бола, елимизде мийнет етиў менен байланыслы 849 бахытсыз ҳәдийсе жүз берген. Соннан 216 жағдай өлим менен, 583 и аўыр ақыбетли, 50 и топарлық жағдай сыпатында дизимге алынған. Бул жағдайлар себепли 432 лаўазымлы шахсқа жынаят иси қозғатылған, сондай-ақ, 241 шахсқа ҳәкимшилик жәрийма қолланылған.
Бундай жағдайлардың алдын алыў, адамларымыздың мийнет ҳуқықларын қорғаў ҳәм мийнетти қорғаў және жумысшы-хызметкерлердиң өмири ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Усы мақсетте Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте Өзбекстанда мүнәсип мийнет бойынша 2030-жылға шекем мөлшерленген бағдарлама ислеп шығылмақта. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет мийнет тараўында инсан қәдирин арттырыў, барлық пуқаралар ушын әдалатлы ҳәм қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыў болып есапланады.
Буннан тысқары, санластырыў, жасалма интеллект ҳәм "жасыл" экономика жедел раўажланып атырған шараятта мийнет қатнасықлары да соған сай жолға қойылыўы керек. Ислеп шығылып атырған "Мүнәсип мийнет" бағдарламасы бул бағдарда жедел өсип атырған экономикамызды социаллық әдиллик пенен үйлестиретуғын стратегиялық "жол картасы" болады.
Быйылғы жылғы мәмлекетлик бағдарламада да бул бағдарда әҳмийетли илажлар белгиленген. Соның ишинде, тараў ҳәм тармақларды технологиялық өсиў моделине өткериў, кәсиплерди раўажландырыў ҳәм жаңа мийнет базары архитектурасын жаратыў, мәҳәллелерде санаат ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларын әмелге асырыў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, кәсиплерди еркин ийелеў ҳәм сертификат бериў системасы реформаланады.
Усы мақсетте "Кәсиплик раўажланыў платформасы" иске қосылып, халыққа еркин түрде 100 ден аслам кәсип бойынша көнликпелерди қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў, еркин билимлендириў жуўмақлары бойынша сертификат бериў системасы енгизиледи. Бир сөз бенен айтқанда, "Ҳадал мийнет - тыныш турмыс ҳәм абадан жәмийет гиреўи" сүрени тийкарында бул бағдардағы жумыслар улыўма миллий ҳәрекетке айландырылады.
Ҳәзирги ўақытта Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 24-декабрьдеги "Мийнетти қорғаў тараўына байланыслы айырым режелерди тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары тийкарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Бул ҳүжжетте шөлкемлерде мийнетти қорғаў жумысларын шөлкемлестириў, жумыс процесинде бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў, хызметкерлердиң өмири ҳәм денсаўлығын сақлаў бағдарында жаңаша тәртип-қағыйдалар өз көринисин тапқан.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң басламасы менен тийисли мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер менен биргеликте бул бағдарда белгиленген жаңа талапларды әмелде енгизиў бойынша бир қатар илажлар шөлкемлестирилмекте. Қәнигелердиң атап өтиўинше, мийнет қәўипсизлиги бойынша енгизилип атырған жаңа талаплар жәрийма емес, профилактикаға тийкарланғаны менен әҳмийетли.
- Кейинги еки жыл даўамында мийнетти қорғаў тараўында ҳүкиметтиң үш қарары ҳәм арнаўлы бағдарлама қабыл етилип, мийнетти қорғаў тараўындағы 100 ден аслам қағыйдаға өзгерислер киргизилди, 2 миллий стандарт тастыйықланды, - дейди Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги басқарма баслығы Абдувоҳид Шаропов. - Бул процессте қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыў ҳәм мийнетти қорғаў бойынша жумыс бериўшилердиң жуўапкершилигин арттырыў, жумысшы-хызметкерлердиң билимин ҳәм тәжирийбесин байытыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул жумыслардан мақсет ҳәр бир инсан өз жумыс орнында нәтийжели мийнет етип, тыныш турмыс кешириўи ушын зәрүр шараятларды жаратыў болып табылады.
Жумыс бериўшиниң жуўапкершилигин ҳәм хызметкерлердиң ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде жумыс орынларында қәўипсизликти басқарыўдың заманагөй системалары енгизиледи. Хызметкерлерди оқытыў ҳәм маманлығын арттырыўдың санлы усыллары жолға қойылады.
Мийнет қатнасықлары тараўындағы мине усындай жаңа миллий талаплар тек ғана қағаздағы қағыйдалар емес, ал инсан өмирин сақлаўдың әмелий механизми болып есапланады. Олардың турмысқа толық енгизилиўи әдил ҳәм қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыў ҳәм инсан қәдирин жоқарылатыўда әҳмийетли қәдем болады.
Баҳор ХИДИРОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы