Усы жылы май-июль айларында мәмлекетимизде әҳмийетли илаж - пуқаралар жыйыны баслығының сайлаўы өткериледи. Ҳәзир күнлери процесске қызғын таярлық көрилмекте. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан мәҳәллелери аўқамында республика штабы, 14 аймақ және 208 район ҳәм қалада мәҳәлле баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жәрдемлесиўши комиссиялар жанында штаблардың жумысы жолға қойылды.
Быйылғы сайлаўдың алдынғыларынан өзгеше тәреплери бар ма? Мәҳәлле ақсақалы статусына кимлер мүнәсип бола алады ҳәм олардың алдында қандай ўазыйпалар турыпты? Елимизде соңғы жыллары мәҳәлле институтының жәмийетимиздеги орны ҳәм статусын көтериў барысында әмелге асырылып атырған жумыслар қандай нәтийже бермекте? Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы жуўапкерлери, илимпаз ҳәм экспертлердиң бул ҳаққындағы пикирлери менен қызықтық.
Ўәкиллик мүддетин узайтыўға қандай зәрүрлик бар еди?
- Мәҳәлле пуқаралық жәмийети институты сыпатында социаллық басқарыў ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыўға инновациялық қатнастың бийтәкирар үлгиси болып есапланады. Ол тек ғана заманагөй машқалаларға нәтийжели шешим таўып қоймастан, ал халқымыздың бай мәдений-тарийхый мийрасын өзинде жәмлеген бийбаҳа структура болып есапланады. Сонлықтан, соңғы жыллары мәҳәлле институтының орны ҳәм статусын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумыс ислеўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў, олардың нызамда белгиленген ўәкилликлерин әмелге асырыўға жәрдемлесиў мақсетинде Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы дүзилди. Барлық тараўларда "мәҳәлле кесиминде" ислеў усылы кеңнен енгизилди. Ҳәзирги күнде 9 452 мәҳәлледе "мәҳәлле жетилиги"ниң 57 мың 132 ағзасы жумыс алып бармақта.
Әлбетте, "жетилик"тиң жумысын системалы шөлкемлестириў, нәтийжели ислеўин тәмийинлеўде мәҳәлле баслығының орны айрықша. Мәҳәллелеримизде ең мүнәсип, жанкүер, пидайы басшылардың ислеўи елимиздеги демократиялық реформаларды тереңлестириў, социаллық-экономикалық жойбарларды нәтийжели әмелге асырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Усы жыл 11-февральда қабыл етилген "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам бул тараўдағы реформаларға жаңаша руўх бағышлады. Усы нызам тийкарында "Пуқаралар жыйыны Баслығы сайлаўы ҳаққында"ғы нызамға киргизилген өзгерислер менен қосымшаларға муўапық, мәҳәлле баслықлары бес жыл мүддетке сайланады.
Мәҳәлле баслығының ўәкиллик мүддетин узайтыўға қандай зәрүрлик бар, оның абзаллығы неде, деген сораў туўылыўы тәбийғый. Буған жуўап ретинде соңғы жылларда мәҳәлле институты жумысының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы реформалар нәтийжесинде "мәҳәлле жетилиги"не тек ғана қосымша ўәкиллик ҳәм имканиятлар берилмеди, ал жуўапкершилиги де арттырылды.
Атап айтқанда, халықтың мүтәж қатламына социаллық жәрдем көрсетиў ҳәм субсидиялар ажыратыў ўәкиллиги менен бирге, бул жәрдемлердиң мақсетли ҳәм мәнзилли бағдарланыўына жуўапкершилик те "жетилик"ке жүкленди. Нәтийжеде мәҳәлле ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир инсанның машқаласы, дәрти ҳәм тәшўишине терең кирип бара алатуғын халықшыл структура сыпатында және де жеделлести.
"Мәҳәлле жетилиги"ниң улыўмалық басшысы сыпатында мәҳәлле баслықларының жуўапкершилиги күшейтилип атырған бир ўақытта олардың ўәкиллик мүддети өз билим ҳәм тәжирийбесин әмелиятта қолланыў, белгиленген режелерди толық ҳәм сапалы әмелге асырыў ушын жетерли емеслиги, яғный қысқалығы сезилген еди.
Нызамшылығымызға киргизилген өзгериске муўапық, ўәкиллик мүддетиниң бес жылға узайтылыўы мәкан пуқаралар жыйыны баслықларының өз аймағы халқының социаллық-экономикалық жағдайынан және де кеңирек хабардар болыўы, пуқараларға жәрдем көрсетиўде дурыс ҳәм талапшаң қатнас жасаў бағдарындағы имканиятларын арттырады.
Мәҳәллелер баслықларының сайлаўы соңғы мәрте 2022-жыл май айында өткерилген болса, усы күнге шекем үш мыңнан аслам мәҳәлле баслығының ўәкилликлери түрли себеплерге бола мүддетинен алдын сапластырылған. Бул турақсызлық халықтың наразылықлары ҳәм аймақта анық реже тийкарында исленбеўине алып келип атырған еди. Енди босап қалған орынға жаңа мәҳәлле баслығы толық бес жыл мүддетке сайланады. Бул норма жаңа баслық мәҳәлледе әмелге асыратуғын ўазыйпаларын толық орынлаўы ушын имканият жаратады.
Және бир жаңалық Олий Мажлис Сенаты кеңесиниң мәҳәлле баслығы сайлаўын шөлкемлестириўге байланыслы ўәкилликлери орайластырылмағаны менен байланыслы. Буннан былай мәҳәлле баслығы сайлаўын өткериў мүддетлерин, сондай-ақ, сайлаўға таярлық илажларын өткериў мүддети ҳәм тәртибин белгилеў бойынша Олий Мажлис Сенаты кеңесиниң ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық кеңеслерине өткерилди. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет мәҳәлле баслығы сайлаўына таярлық илажлары жергиликли кеңеслер тәрепинен әмелге асырылыўы ҳәм бул процесслер ҳәр бир аймақтың өзине тән өзгешеликлеринен келип шыққан ҳалда өткерилиўин тәмийинлеўден ибарат.
Ҳәзирги ўақытта 14 аймақта кеңеслердиң сессиялары өткерилип, мәҳәлле баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жәрдемлесетуғын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы комиссиялары (жәми 338 ағзадан ибарат) ҳәм илажлар режеси тастыйықланды. Мәҳәлле баслығы сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша мәҳәллелерде пуқаралар жыйынлары ўәкиллер мәжилислериниң қарары менен жумысшы топарлар (85 мың 150 ағза) тастыйықланды.
Әдиллик министрлиги менен биргеликте усы жылдың февраль-март айларында жәрдемлесиўши комиссиялар ҳәм жумысшы топарлардың ағзалары оқытылды. Сондай-ақ, олардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ушын мәҳәлле баслығы сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша методикалық усыныс, "Мәҳәлле сайлаўына байланыслы 100 сораўға 100 жуўап" ҳәм "Мәҳәлле баслығы сайлаўына байланыслы нормативлик-ҳүжжетлер топламы" методикалық қолланбалары, сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша жумысшы топарлар ушын еслетпе ислеп шығылып, аймақларға жеткерилди.
Май-июль айларында болып өтетуғын сайлаўда жумысшы топарлар тәрепинен 208 район (қала) лық жәрдемлесиўши комиссиясының қарары менен мәҳәллелерде 2 ярым миллионнан аслам ўәкил қатнасыўы күтилмекте.
Усы жерде халқымызды усы сиясий илажда және де белсендиликке шақырып айтпақшыман, мәҳәлле баслығы сайлаўы ҳәр биримиздиң абадан турмысымыз ҳәм тәғдиримизге байланыслы әҳмийетли мәселе болып есапланады. Елимиздеги өмир бағышлайтуғын реформалардан ҳәр бир инсан пайдаланыўына ерисиўде мәҳәлле белсендилериниң, әсиресе, ақсақалдың басламашылығы ҳәм пидайылығы үлкен әҳмийетке ийе. Солай екен, бул лаўазымға мүнәсип талабанларды сайлаўда ҳәр бир мәҳәлле халқының пикири, қатнасы, процесслерге бийпәрўа болмаўы оғада үлкен әҳмийетке ийе. Сонлықтан, бәршени усы сайлаўда белсене қатнасыўға шақырамыз.
Долли АЛЛАЕВ,
Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы баслығының орынбасары
***
"Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада турмысымыздың барлық тараўларын реформалаў, соның ишинде, мәҳәлле инфраструктурасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы әҳмийетли илажлар белгиленген. Сондай-ақ, халықты социаллық қорғаў, кәмбағаллықты азайтыў, жумыссызлықты сапластырыў, руўхый-ағартыўшылық жойбарларды турмысқа енгизиў, аймақлардың экологиялық жағдайын жақсылаў ҳәм жасыл тоғайды кеңейтиў сыяқлы әҳмийетли илажларды әмелге асырыўда да мәҳәллениң орны шексиз.
Әлбетте, бул бағдарда гөзленген мақсет ҳәм режелердиң толық жүзеге шығыўында мәҳәллелерде ийгиликли жумысларға бәрқулла бас-қас болатуғын пидайы, жанкүйер, басламашы ақсақаллардың өз орны бар. Усы көз-қарастан қарағанда, елимизде болып өтетуғын мәҳәлле баслығы сайлаўы тек ғана мәҳәллелердиң раўажланыўына емес, елимиздиң раўажланыўын тәмийинлеў, елимиздиң халықаралық дәрежедеги орны ҳәм абырайын арттырыўда да нәтийже береди. Соның ушын, ҳәр биримиз бул сиясий илажда белсене қатнасыў арқалы мәҳәллемиз абатлығы ҳәм раўажланыўына, соңында болса елимиздиң раўажланыўына өз үлесимизди қосқан боламыз.
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы
Баҳор ХИДИРОВА жазып алды.