Бул санатория жақында заманагөй талаплар тийкарында оңланып, үскенеленген. Бул жерде кинодөретиўшилердиң мүнәсип дем алыўы ушын шараят жаратылған.
Президентимиз бул жер киношыларымыз күш топлап, жаңа-жаңа идеялар үстинде ислеўине хызмет ететуғын ҳақыйқый дөретиўшилик орайға айланатуғынын атап өтти.
Буннан тысқары, ҳәр жылы кино тараўында жумыс алып баратуғын кеминде 300 пидайы хызметкерге республикадағы санаторийларда дем алыў ҳәм емлениў ушын бийпул жоллама бериледи.