Мәмлекетлик емес мектепке шекемги ҳәм мектеп шөлкемлери барлық түрдеги салық ҳәм жыйымлардан азат етиледи

    25 қараша 2024 11

    22 ноябрь күни «Билимлендириў тараўында жеке меншик сектор қатнасыўын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

    Қарар менен 2030-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик емес мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлери:

    • барлық түрдеги салық (оған социаллық салық кирмейди) ҳәм жыйымлардан азат етиледи;
    • онда мийнет жумысын әмелге асырып атырған сырт елли оқытыўшы ҳәм қәнигелер физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салық төлемейди.

    Сондай-ақ, 2030-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик емес мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң төмендеги Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын товар үскенелерине бажхана төлемлери төленбейди (бажхана рәсмийлестриўи ушын жыйынлар буннан тысқары):

    • заманагөй оқыў ҳәм лабортаория үскенелери;
    • компьютер техникасы ҳәм программалық өнимлер;
    • оқыў ҳәм илимий-методикалық әдебиятлар, үскенелер ҳәм техникалық ресурслар.

    2025-жыл 1-январьдан баслап:

    • мәмлекетлик емес шөлкемлерине турақлы тартылатуғын педагог сырт ел педагог қәнигелерине «А-2» оқытыўшылар кириў визаларын бериў жолға қойылады;
    • мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў тәрепинен сырт елден келген қәнигелерге мийнет етиў ҳуқықын бериўши тастыйықлаў бериў жыйым муғдары БЕМның 30 есесинен 1 есесине шекем азайтылады.