Монголиядан гөш ҳәм жүн ушын мөлшерленген қой-ешки нәсиллери алып келинбекте

    23 желтоқсан 2024 3334

    Наўайы ўәлаятына Монголиядан 1000 басқа шамалас "Баят" нәсилли қойлар алып келинди. Усы нәсилли қойлардың тири салмағы 70-80 кг, қошқарлары 100-120 кг ға шекем жетеди, гөш шығыўы болса тири салмағына салыстырғанда 60 процентти қурайды.

    Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында "Наўайы ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қосымша имканиятларды иске қосыў ҳәм әмелге асырылыўы керек болған тийкарғы ўазыйпаларға" бағышлап өткерилген мәжилисте Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетине 2024-2026-жылларда Монголиядан 20 мың бас гөш ҳәм жүн бағдарындағы қой-ешки нәсиллерин алып келиў ўазыйпасы тапсырылған.

    Президент тапсырмаларының орынланыўы шеңберинде, биринши басқышта мың бас "Баят" нәсилли қой жүкленген ҳаўа кемеси Наўайы халықаралық аэропортына қонды.

    Қойлардың бул нәсили гөш ҳәм жүн жетистириўге мөлшерленгенин атап өтиў керек. Олардың қойлары тири салмағы 70-80 килограмм, қошқарлары болса 100-120 килограммға шекем жетеди. Гөш шығыўы болса тири аўырлығына салыстырғанда 60 процентти қурайды.

    Конимех районында олардың тәрбиясын дурыс шөлкемлестириў мақсетинде күшли ҳәм қатты азық-аўқат резерви жаратылып, ветеринария-санитария илажлары әмелге асырылды. Тәжирийбели қәнигелер ҳәм шарўашылық тараўы илимпазлары бириктирилди.

    Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте. Келешекте алып келиниўи режелестирилген қойлардың санын 50 мың басқа жеткериледи.