Өзбекстанға Монголиядан 100 мың бас қой алып келинеди

    16 тамыз 2025 1450

    Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң баслығы Баҳром Норқобилов басшылығындағы жумысшы топар Монголияға хызмет сапарын шөлкемлестирди.

    Өзбекстан ҳәм Монголия арасында аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиў избе-из раўажланбақта. Мәмлекетимиз басшысының "Монголияға жоқары дәрежедеги сапар даўамында аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тараўларында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарының орынланыўы шеңберинде бир қатар әмелий жумыслар баслап жиберилди.

    Усы мақсетте Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң баслығы Баҳром Норқобилов басшылығындағы жумысшы топар Монголияға хызмет сапарын шөлкемлестирди.

    Хызмет сапары даўамында Моңғолстанның “Jargalant Sheep”, “West Point”, “Marble Meat” кәрханаларының басшылары менен сөйлесиўлер алып барылып, жиберилетуғын қойларды жеткерип бериў бойынша елимиздиң 40 тан аслам фермер хожалықлары арасында шәртнамаларға қол қойылды.

    Сондай-ақ, Моңғолстанның 27 гөш ислеп шығарыўшы қассапханалары ҳәм өзбекстанлы исбилерменлер арасында кооперация шөлкемлестирилди. Бул кооперация арқалы келеси жылы Өзбекстанға гөш импорты 3 есеге арттырылып, 3 мың тонна арзан ҳәм сапалы гөш жеткерип бериў илажлары белгилеп алынды.

    Сапар шеңберинде биринши басқышта мың бас "Баяд" нәсилли қойлар авиарейс арқалы Наўайы ўәлаятына жеткерип берилди.

    Режеге бола, октябрь айының ақырына шекем турақлы 60 рейсте 50 мың бас, ноябрь-декабрь айларында және 50 мың бас қой Өзбекстанға алып келинеди. Усы тәризде елимизге жәми 100 мың бас қой кирип келиўи белгиленген.

    Сондай-ақ, Монголия Бас министриниң орынбасары С.Амарсайхан менен сөйлесиўлер өткерилип, қой ҳәм ешкилерди экспорт етиўде мәмлекетлик бажыны 18 доллардан 7 долларға түсириў бойынша келисимге ерисилди.