Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Монголия жетекшисине шын жүректен қабыллағаны ҳәм усы мәмлекетке жуўап ретинде мәмлекетлик сапар менен келиў мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирди.
Еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында бириншиси болған бул сапар етиў көп қырлы Өзбекстан-Монголия байланысларын раўажландырыўда жаңа басқышты баслап беретуғыны айрықша атап өтилди. Өзбекстан Президенти Монголия тәрепин жақынласып киятырған Халық революциясы күни менен де қутлықлады.
Өзбекстан-Монголия дослық ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Барлық дәрежедеги байланыслар ҳәм алмасыўлар жеделлести. Товар алмасыў көрсеткишлери жедел өсип бармақта. Қоспа кәрханалардың саны көбеймекте, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, электрон саўда, аўыл хожалығы, қурылыс материалларын ислеп шығарыў тараўларында дәслепки кооперация жойбарларын әмелге асырыў басланды.
Күни кеше еки елдиң исбилермен топарлары ҳәм уйымларының ўәкиллериниң қатнасыўында биргеликтеги бизнес форумы табыслы өткерилди, Улан-Батор қаласында Өзбекстан өнимлериниң шоурумына ийе саўда үйи ашылды.
Сөйлесиўлерде экономикалық кооперацияны тереңлестириўге айрықша итибар қаратылды.
Жақын жылларда өз-ара саўданы, бәринен бурын, талап жоқары болған өнимлер номенклатурасы ҳәм көлемин арттырыў есабынан есесине көбейтиў ушын салмақлы потенциал бар екенлиги атап өтилди.
Усы мақсетте жеңиллетилген саўда ҳәм инвестицияларды қорғаў ҳаққындағы келисимлерди қабыл етиўди жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы экономиканың белгили бир тармақларында санаат кооперациясын тереңлестириў зәрүр екенлигин атап өтти. Бирге ислесиўдиң бир қатар перспективалы бағдарлары тийкарғы етип белгилеп алынды.
Бул, бәринен бурын, таў-кән тараўындағы шериклик, соның ишинде, геология-излеў бағдарламасын ислеп шығыў, шийки зат ресурслары кәнлерин өзлестириў, технологиялар трансфери, тәжирийбе алмасыў ҳәм кадрлар таярлаў тараўлары.
Усы мәниде, тараўдағы жойбарларды алға қойыў мақсетинде Улан-Батор қаласында Өзбекстан геология министрлигиниң ўәкилханасы ашылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Қоспа кластерлер шөлкемлестириў, гөш-сүт, жүн ҳәм былғары өнимлерин қайта ислеў ҳәм ислеп шығарыў бойынша кооперация жойбарларын алға қойыў тийкарында аўыл хожалығында комплексли бирге ислесиўди тереңлестириўден мәпдарлық билдирилди.
Транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳәм жаңа логистика бағдарларын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Жылдың ақырына шекем пайтахтлар арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў режелестирилген.
Теңизге шығыў имканияты жоқ мәмлекетлер ушын халықаралық таллаў институты менен биргеликте ең қысқа ҳәм нәтийжели транспорт коридорларын анықлаў бойынша әмелий изертлеўлер өткериў усынысы билдирилди.
Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Усы күнлерде Улан-Батор қаласында Өзбекстан мәденияты күнлери, көркем өнер ҳәм туризм илажлары өтип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы бирге ислесиўди жедел раўажландырыў, ажыратылып атырған квоталар шеңберинде моңғол жасларының Өзбекстандағы жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алыўын қайта тиклеўге келисип алынды.
Ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша "жол картасы"н қабыл етиў бойынша келисип алынды.
Жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Монголия Президентин жуўап сапары менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.












