Өзбекстан U17 - Ҳиндстан U17 - 3:0 (Абдураимов, 32П, Сингх, 60АГ, Равшанбеков, 78).
Бул ҳаққында ӨФА телеграм каналы хабар бермекте.
Ойынның 32-минутында Лазиз Абдураимов
жәрийма майданшасында қағыйданы бузғаны ушын ҳиндлер дәрўазасына пенальти
белгиленди ҳәм оны жәбирлениўшиниң өзи орынлады.
Екинши бөлимде Сергей Чигодаев ойын ўақтының ақырында еки мәрте
өзгертиўди әмелге асырды. Муҳаммадодилхон Орифхонов ҳәм Муҳаммад Маматовтың
орнына Миркомил Муродов ҳәм Аҳрор Равшанбековлар шықты. Еки алмастырыў да “онлық”қа
дәл түскен болып шықты.
Дәслеп, Миркомил
Муродовтың мүйешлик байрағынан төменге қаратылған соққысынан кейин, ҳиндстанлы
футболшы В.Сингх топты өз дәрўазасының узақ мүйешине кесип өтиўге урынды.
78-минутта Муродов Равшанбековқа топ узатқанында, мүйеш байрағынан төменде
ойыннан соң Аҳрор еки рет дәрўазаны ийеледи. Оның биринши соққысын қорғаўшы
қабыл еткен болса, екиншисинде Равшанбеков гол урды.
Топарымызда тек
ғана үш команда болғаны себепли Австралия биринши турда Ҳиндстанды 4:0 есабында
жеңген болса, енди 13-май күни австралиялылар менен өткерилетуғын ойында “Д”
топарының жетекшиси анықланады. Сизди қутлықлаймыз! Және жаңа жеңислерди
күтемиз.
Региондағы
қоңсымыз Тәжикстан сайланды командасы да топардан шығыў имканиятын қолға
киргизди. Биринши ойында Тәжикстан Таиландты (2:0), екиншисинде Мьянманы (1:0)
жеңген болса, енди Саудия Арабстаны менен ушырасыўда топар жетекшисин анықлаўы
керек болады. Әўмет!