Қорғаныў министрлиги әскерлериниң турақлы жаўынгерлик таярлығы мәселелери додаланды

    24 желтоқсан 2024 333

    Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң мәжилиси болып өтти.

    Онда Қураллы Күшлердиң қурылысы, оны буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли машқалалары, пуқаралардың әскерий хызметти өтеў ҳәм мәмлекеттиң әскерий қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы басқа да мәселелер бойынша Қорғаныў министрлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, 2024-жылдың өткен дәўиринде Қорғаныў министрлиги системасында пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жағдайы ҳаққында қорғаныў министриниң мәлимлемеси тыңланды.

    Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти - Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы тәрепинен мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалардың сөзсиз ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қорғаныў министрлигинде нәтийжели жумыслар алып барылған. Нәтийжеде Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалы жоқары дәрежеге көтерилген.

    Миллий армиямыздың жаўынгерлик таярлығы ҳәм таярлығын арттырыўда тийкарынан заманагөй қураллы соқлығысыўлардың таллаўлары ҳәм раўажланған сырт ел армияларының унамлы тәжирийбелери әскерлерге қолланылған.

    Нәтийжеде өткен жылға салыстырғанда жаўынгерлик таярлық илажлары 1,5 есеге көбейип, сәркардалық қурамының кәсиплик таярлығын арттырыўға ерисилген.

    Әскерлерде оператив таярлық илажлары биргеликтеги күш структураларын кеңнен тартқан ҳалда шөлкемлестирилди. АҚШ, Ҳиндстан, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан армиялары менен биргеликте оқыўлар өткерилген.

    Оқыўларда тийкарғы итибар заманагөй саўашларда жаңадан қолланылып атырған ушыўшысыз ушыў аппаратларын қолланыўға, оларға қарсы гүресиў ҳәм басқарыў шеберлигин арттырыўға, стратегиялық, оператив ҳәм оператив-тактикалық буўынларда бөлимшелер тәрепинен жаңа тактикалық ҳәрекетлерди өзлестириўге қаратылған.

    Сондай-ақ, 2024-жылы жаўынгерлик қәнигелик бойынша Әзербайжан, Қазақстан ҳәм Түркменстаннан келген әскерий хызметкерлер оқытылған.

    Қорғаныў министрлиги "Автоматластырылған мәлимлеме системасы ҳәм мағлыўматлар базасы" мәлимлеме системасының "Шақырыў" системасы бағдарламасы барлық қорғаныў ислери басқармалары ҳәм бөлимлерине енгизилип, электрон мағлыўматлар алмасыўы жолға қойылған.

    Ишки ислер министрлигиниң "Мәнзил," Әдиллик министрлиги жанындағы "Сырт елге шығыў паспорты," "Жаслар балансы" ҳәм "Электрон ҳүкимет" платформалары интеграцияланып, әскерий хызметке мәжбүрлер ҳәм шақырылыўшыларға байланыслы мағлыўматлардың электрон базасы жаратылған.

    Нәтийжеде қорғаныў ислери уйымларының пуқараларға әскерий дизимге киргизиў ҳәм оннан шығарыўға жедел мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў имканияты жаратылды. Оларға байланыслы мағлыўматларды усыныўға байланыслы мәселелерде бюрократизм ҳәм басқа да тосқынлықлар сапластырылған.

    Қорғаныў министрлиги системасында пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў жумысы жақсы жолға қойылған. 2024-жылдың 11 айында Қорғаныў министрлигине физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 3 241 мүрәжат келип түскен. Соннан 1 342 си унамлы шешилген, 1 526 мүрәжатқа ҳуқықый мәсләҳәт берилген ҳәм 115 и үйренип шығылмақта.

    Қорғаныў министрлигиниң басшылығы ҳәм жуўапкер хызметкерлери тәрепинен өткерилген көшпели қабыллаўларда 560 тан аслам физикалық ҳәм юридикалық шахслар қабыл етилген ҳәм оларға тийисли әмелий жәрдем көрсетилген.

    Өз гезегинде, Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң додаланған мәселелер бойынша анық усыныслары сәўлеленген қарары қабыл етилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    Қарарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң қорғаныў потенциалын беккемлеў бағдарындағы пәрман ҳәм қарарларында белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында, сапалы орынланыўын тәмийинлеў, басшылардың бул бағдардағы жеке жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилген.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates