Ана ҳәм бала саламатлығы орайы мәмлекеттиң акушерлик ҳәм гинекология хызметиниң бас мәкемеси сыпатында өзиниң 14 аймақлық филиалларына да, сондай-ақ, районлық медицина мәкемелерине де әмелий ҳәм шөлкемлестириўшилик-методикалық жәрдем көрсетип келмекте. Усы жылы Өзбекстанның бир неше аймақларына сапарлар шөлкемлестирилди. Бул сапар 19-21-ноябрь күнлери Ана ҳәм бала саламатлығы орайының Қарақалпақстан Республикасындағы филиалында, сондай-ақ, Қоңырат ҳәм Беруний районлар аралық перинатал орайларында болып өтти.
Алып барылған көплеген гинекологиялық операциялардың орынларда енгизилиўи наўқасларға ўәлаят ҳәм район орайларына ямаса пайтахтқа бармастан, жоқары технологиялық жәрдемлерден пайдаланыў имканиятын береди. 10 операциядан 4 и лакроскопиялық усылда, яғный пышақты аз ислетиў жоли менен өткерилди.
Операциялардан тысқары Республикалық ана ҳәм бала саламатлығы орайының қәнигелери тәрепинен ҳәр үш қалада гинекологиялық қатнастың заманагөй көнликпелерин өзлестириў бойынша мастер-класслар өткерилди.
Сондай-ақ, Қоңырат ҳәм Беруний районлар аралық перинатал орайларында наўқасларды антенатал күтим бериў, қәўипли ҳәмиледарларды басқарыў бойынша 100 шыпакерге, шаңарақты режелестириў бойынша 75 шыпакерге тренинглер шөлкемлестирилди. Медицина хызметкерлерин 2024-жылы жаңаланған Миллий клиникалық протоколлардың жағдайлары менен таныстырды. Қарақалпақстанның бул еки районы басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелерининң акушер-гинекологлар ҳәм шаңарақлық шыпакерлер тренинг қатнасыўшылары болды.
Өткерилген операцияларға қайта келип, олардың қурамалылығын атап өтиў керек. Жоқарғы технологиялық операциялар район қәнигелери менен биргеликте өткерилди. Бул болса олардың маманлығы ҳәм тәжирийбелерин арттырыўда әҳмийетли қәдем есапланады.
Соны да айтып өтиў керек, Республикалық ана ҳәм бала саламатлығы орайы қәнигелериниң Өзбекстанның барлық аймақларына жумыс сапары усы жылы ҳәм 2025-жылы да басқышпа-басқыш даўам етеди. Ноябрь айының өзинде бундай илажлар Қарақалпақстаннан тысқары Сурхандәрья ҳәм Бухара ўәлаятларында өткерилди.
Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы.