"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 22-23-сентябрь күнлери Ташкент ўәлаяты ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларының таў алды ҳәм таўлы аймақларында, 26-сентябрьде айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин.
24 ҳәм 26-сентябрь күнлери республиканың арқа ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң бақланыўы мүмкин.
Ташкентте: ўақты-ўақты менен өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 3-8 м/с. Ҳаўаның температурасы түнде 13-16 градус жыллы, 22-23-сентябрьде күндиз 24-27 градус жыллы, 24-26-сентябрьде 27-29 градус жыллы.