Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша электрон саўдалардың өткерилиўи нәтийжесинде бюджет ҳәм корпоратив буйыртпашылардың улыўма қаржылары 115,6 миллиард сумды қурады.

Көрилип атырған дәўирде онлайн аукцион арқалы 275 телефон номери сатылған.

Биржа саўдалары

Есап бериў дәўиринде ашық биржа саўдаларында 17 668 келисим дүзилген.

аммоний сульфат

Өткен ҳәптеде биржа саўдалары арқалы 5 034,0 тонна аммоний сульфат сатылды. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 128 қарыйдар қатнасты. Орташа күнлик сатыў көлеми 1 007,0 тоннаны қураған.

Көрип шығылып атырған дәўирде аммоний сульфаттың күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 2 729,5 мың сумнан 2 573,8 мың сумға түсти.

цемент

Биржа саўдаларына 407 645,0 тонна цемент қойылып, соннан 135 475,0 тоннасы ямаса 33,2 проценти сатылды. Орташа күнлик сатыў көлеми 27 095,0 тоннаны қураған.

Көрип шығылып атырған дәўирде цементтиң күнлик орташа баҳасы тоннасы ушын 601,0 мың сумнан 587,8 мың сумға шекем арзанлады. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 66 қарыйдар қатнасты.

Пахта талшығы

Өткен ҳәптеде 21 044,0 тонна пахта талшығы саўдаға шығарылып, соннан 8 824,0 тоннасы ямаса 41,9 проценти сатылды. Өткериўдиң күнлик көлеми орташа 1 765,0 тоннаны қурады.

Көрип шығылып атырған дәўирде барлық сорттағы пахта талшығының күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 17 372,5 мың сумнан 16 858,4 мың сумға шекем арзанлады. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 9 қарыйдар қатнасты.

Ҳәптелик баҳалар менен усы силтеме арқалы танысыўыңыз мүмкин.