Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Наманган мәмлекетлик техника университетин шөлкемлестириў ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-23-санлы, 24.01.2025-ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, Наманган инженерлик-технология институты, Наманган инженерлик-қурылыс институты ҳәм Наманган тоқымашылық санааты институты негизинде Наманган мәмлекетлик техника университети шөлкемлестириледи.

Инженерлик, қурылыс, тоқымашылық, мәлимлеме технологиялары ҳәм программаластырыў, өндирис, қайта ислеў ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары бойынша, сондай-ақ, аймақтың жоқары маман кадрларға болған талабына муўапық жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў университеттиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

Университетте юридикалық шахс статусысыз алдыңғы инженерлик мектеби жумысы шөлкемлестириледи.

2025/2026-оқыў жылынан жумыс бериўши кәрхана ҳәм шөлкемлердиң реал машқалалары тийкарында питкериўшилик тәжирийбе жумыслары ҳәм магистрлик диссертация темаларының банклерин қәлиплестириў ҳәм студентлердиң питкериўшилик тәжирийбе жумысы ҳәм магистрлик диссертация қорғаўларын жумыс бериўши кәрхана ҳәм шөлкемлерде шөлкемлестириў илажлары көриледи.

2026/2027-оқыў жылына шекем университеттиң кеминде еки бакалавриат тәлим бағдары ҳәм үш магистратура қәнигелигиниң халықаралық тән алынған шөлкемлер аккредитациясынан өткерилиўи тәмийинленеди.

2025-жылдан ири өндирис кәрханаларын университетке санаат шериги сыпатында бириктириледи.

Наманган инженерлик-технология институты, Наманган инженерлик-қурылыс институты ҳәм Наманган тоқымашылық санааты институтында билим алып атырған барлық студентлер оқыўын университетте даўам еттиреди ҳәм 2024/2025-оқыў жылынан баслап питкериўшилерге белгиленген тәртипте университет дипломы бериледи.